АЙЫРЫМ ТРАНСПОРТЛАРДЫҢ ҚАТНАЎЫ ТИКЛЕНБЕКТЕ
Қарақалпақстан Республикасы Транспорт министрлиги мәлимлеме хызметиниң мағлыўматларына қарағанда, Өзбекстанда карантин дәўиринде аймақлық жөнелислерде авиа ҳәм темир жол қатнаўларын жолға қойыўдың ўақтынша тәртиби енгизилди.
— Бунда барлық жолаўшылардың аэропорт ҳәм темир жол вокзаллары аймағына кириўден алдын дене температурасы өлшенеди,-дейди транспорт министриниң орынбасары Тимур Сарбаев. — Дене температурасы 37 С дан жоқары болмаған жолаўшылар дезинфектор жәрдеминде зыянсызландырылады ҳәм ҳаўа және темир жол транспортларына бир мәртелик қорғаныў маскалары ҳәм қолғапларда киргизиледи.
Дене температурасы 37 С дан жоқары болған жолаўшыларға авиа ҳәм темир жол хызметлеринен пайдаланыўға рухсат берилмейди. Бундай жағдайларда жолаўшыға билет пулы белгиленген тәртипте қайтарып бериледи. Жолаўшылар аэропорт ҳәм темир жол вокзалларында белгиленген аралықты сақлаўы ҳәм жол көрсетиўши арнаўлы белгилер бойлап ҳәрекетлениўи шәрт. Аэропорт ҳәм темир жол вокзалларында улыўма аўқатланыў, хызмет көрсетиў ҳәм саўда шақапшаларының хызмет көрсетиўине жол қойылмайды. Жолаўшылар ҳаўа кемелеринде ҳәм поезд вагонларына белгиленген аралықты сақлаған ҳалда жайластырылады. Авиа ҳәм темир жол қатнаўларына электрон билетлер онлайн тәризде сатылады.
Жолаўшылар қатнаў ўақтында самолёт салонында ҳәм вагонлар арасында ҳәрекетлениўге жол қойылмайды (ҳәжетханадан пайдаланғаннан басқа);
ушыў ўақтында жолаўшыларға тек ғана 250 мл. өлшемдеги ишимлик суўлары бериледи, азық-аўқат өнимлери, ҳәр қыйлы журнал ҳәм газеталар тарқатылмайды;
поезд вагонларында жолаўшыларға берилген бир мәртелик қорғаныў маскаларын ҳәм қолғапларды шешиўге рухсат берилмейди (жолаўшылардың суў ишиўинен басқа);
Жолаўшылар санитариялық ҳәм гигиеналық тазалаўшы антисептикалық қураллар менен толық тәмийинленеди.
Мағлыўмат ушын: «Uzbekistan Airways» арнаўлы комиссиясының қарарына бола 18-майдан баслап республика бойынша ишки рейслерди басқышпа-басқыш тиклеў басланды.
18-майдан баслап Ташкенттен Нөкиске әмелге асырылатуғын авиақатнаўлар (барыў ҳәм қайтыў) ўақтын дағазалады.
Ташкент-Нөкис-Ташкент (шийшемби, жума)
Ташкенттен ушыў ўақты 09:00;
Нөкиске қоныў ўақты 10:40;
Нөкистен ушыў ўақты 13:20;
Ташкентке қоныў ўақты 14:30.
Авиабилетлерди онлайн, аэропортларда ҳәм авиакомпания кассаларында карантин талапларына толық әмел еткен ҳалда сатып алыў мүмкин.
Тәртип, талаплар бузылғанда айыпкер болған шахслар эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлығы ушын ҳәкимшилик жуўапкершиликке тартылады.
Республикалық арнаўлы комиссияның қарарына муўапық, көрсетилген рейслер бойынша ҳәрекетленип атырған жолаўшылардан коронавирус инфекциясына тест анализлери алынғанлығы ҳаққындағы мағлыўматнама талап етилмейди.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.