Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 01:54:10, 25.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

БУХАРА ЎӘЛАЯТЫНЫҢ ХАЛҚЫ ЭНЕРГЕТИКЛЕРИМИЗДЕН МИННЕТДАР

Усы жылдың 27-апрель күни елимизге күшли самал ағымының кирип келиўи ақыбетинде Бухара ўәлаятының электр тәмийнатында авариялық үзилис жағдайларының жүз бериўи «Қарақалпақ аймақлық электр тармақлары кәрханасы» акционерлик жәмийети жәмәәтин бийпарқ қалдырмады.

Усы акционерлик жәмийети Баспасөз хызметиниң мәлим еткениндей, 22 инженер-техник хызметкерден ибарат оңлаўшылар бригадасы үлкен зыян келип шыққан Қаракөл ҳәм Алат районларында электр тәмийнаты системасындағы оңлаў ҳәм тиклеў жумысларына белсене қатнасты. Қарақалпақстанлы энергетиклер 16 күн даўамында Алат районының «Янги ҳаёт» аўыл пуқаралар жыйыны аймағындағы усы атама менен аталатуғын  фидерден электр энергиясын алатуғын 40 трансформатор пунктине хызмет көрсететуғын  ҳаўа тармақларында оңлаў жумысларын алып барды. Олар тәрепинен 10 кВлы электр узатыў тармағында 40 тан зыят темир-бетон үстин жаңадан орнатылып, 60 тан асламы қайта тикленди. Буннан тыс­қары, еки жүзден көбирек сым ҳәм кабель үзилиси сапластырылып, тәмийнат системасы қайта тикленди. Төмен күшлениўши тармақлардағы үш жүзден көбирек үстинниң жаңаларына алмастырылыўы ҳәм қайтадан тиклениўи, сондай-ақ, бес жүзден зыят орындағы сым үзилислериниң оңланыўы нәтийжесинде 3,5 мыңнан зыят халық электр тәмийнаты системасына қайта жалғанды.

Ел басына ис түскен пайытлары оңлаў жумысларына белсене қатнасқан қәнигелеримизге Алат районы ҳәкимлигиниң «Алғыснамасы» тапсырылды. Бар имканиятлардан пайдаланған ҳалда тәбийғый апат келтирип шығарған аварияны сапластырыўға қатнасқан республикамыздың энергетиклерин район халқы үлкен миннетдаршылық пенен узатып салды.

Д.АБИБУЛЛАЕВ,

Қарақалпақстан хабар

агентлигиниң шолыўшысы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF