АРАЛБОЙЫНАН СЫРДӘРЬЯҒА ГЕЗЕКТЕГИ ГУМАНИТАРЛЫҚ КӘРЎАНЫ
Сырдәрья ўәлаятында жүз берген апатшылықтан жәбирленген халыққа жәрдем бериў, суў тасқынынан зыян көрген ўатанласларымызға жәрдем көрсетиў мақсетиндеги қайырлы жумыстан Исбилерменлер ҳәрекети — Өзбекстан Либерал-демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси де шетте турмады.
«O’zLIDEPтиң гуманитарлық кәрўаны» акциясы шеңберинде Қарақалпақстан Республикасы кеңеси тәрепинен усы апатшылықтан жәбирленген халық ушын гезектеги жәрдем жиберилди.
— Сырдәрья ўәлаятында жүз берген апатшылық пүткил халқымызды, соның ишинде бизди де тәшўишке салды, - дейди партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң баслығы Сағындық Турманов. — Қыйналғанда, жәрдемге зәрүр инсанларға жәрдем көрсетиў халқымызға тән бурыннан киятырған қәдириятлардан бири болып саналады.
Акция шеңберинде қайырлы жумысқа тек сақаўатлы инсанлар емес, ал партиямыздың районлық ҳәм қалалық кеңесиниң хызметкерлери, исбилерменлер, фермерлер, депутатлар ҳәм партия белсендилери шын кеўилден үлес қоспақта. Гезектеги гуманитарлық кәрўаны менен Сардоба суў сақлағышында суў тасқыны себепли жәбирленген ўатанласларымыз ушын азық-аўқат, кийим-кеншек, көрпе-төсек, үй-руўзыгершилик буйымлары, тазалық қураллары жиберилди. Мақсетимиз болса сырдәрьялы ўатанласларымызды аз болса да қоллап-қуўатлаў, кеўиллерин көтериў болып есапланады.
Ҳәммени бир мақсет жолында бирлестирген бундай қайырлы илажлар орынларда даўам етпекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.