Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:37:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТЕСТ УШЫН ОҚЫЙМЫЗ БАЎ..

«Еркин Қарақалпақстан» газетасының  январь-февраль айларындағы  журналист Ө.Өтеўлиев, устазымыз,  академик Ж.Базарбаев ҳәм халық билимлендириў хызметкери   Ә.Еримбетовлар тәрепинен көтерилген мәселелерге  усы тараўда азы-кем тәжирийбеге ийе қәниге сыпатында пикирлеримди билдирмекшимен.

Журналисттиң көтерген мәселеси оғада қурамалы, мысалы «Мектепке репетитор керек пе! Репетитор берген билими  тест­тен кейин умытылса, онда мектеп үйреткен билим  қайда!» деген  сораўлар туўылады.

 Жоқары оқыў орынлары студентлеринде  мектепте (лицей, колледжде) қәлиплесиўи тийис болған фундаменттиң ҳәлсиз екенлигин әмелде көрип атырмыз. Себеби, билим алыўдың орнына ол тестке таярланған, буны мектепте (лицей, колледжде) шеп көрмей,  бала жоқары оқыў орнына кирип кетсе рәсмий жыйналысларда репетиторлар   емес, ал,  мектептиң аты аталады. Ата-аналар менен қатар мектепке де репетитор керек, бирақ, мәртлигимиз  жетип тән алғымыз келмейди. 

 «Тест ушын оқыў» ҳәрекети репетитор, оқытыўшылар, билим бериўши орынлардың    басламасы менен  пайда болған жоқ. Оны  жоқары оқыў орнына кириў ушын билимди баҳалаўдың тест усылы келтирип шығарды. Нәтийжеде оқытыўшылар, билим бериўши оқыў орынлары  ямаса билим тараўында төлемли хызмет көрсетиўши мәкемелер пайда болған талапты қанаатландырыў ушын өз хызметлерин усынғанда  репетиторлар деген ат алды. Талап бар жерде,  усыныс пайда болады, бул жазылмаған нызам.

Репетиторлық елимизде ен жайған қубылыс болса да елеге дейин мойынлағымыз келмеди. Репетиторлықты сапластырыў мүмкин болмағанлықтан тән алдық. Репетиторларға  болса, «Салығыңды  төле де ислей бер»  деп рәсмий рухсат берилди.

Үш-төрт жыл бурын академиялық лицейлерди университет аталыққа алсын, деген буйрықтың орынланыўын тәмийинлеў  бойынша тапсырма менен  университет қасындағы лицейде сабақ өттим. Түске шекем оқыўда, кейин  барлығы  дерлик лицейдиң өзиндеги  репетитор­ларға барады екен, төлемли.  Мәж­бүрий ме десем, «яқ» дейди. Мине,  тест ушын оқыў!  Лицей басшыларына  питкериўшилери   жоқары оқыў орынларына қанша көп кирсе,  соншама жақсы. Себеби, сол көрсеткишке қарап мектеп  ямаса лицей-колледж  басшыларының жумыслары  баҳаланады.  Оқыўшылары репетиторға қатнағаны ушын мектеп ямаса лицейлерди   айып­лаў тәрепдары емеспен.

 «Тест ушын оқыў» не екенлигин түсиниў ушын, бул сөздиң не мағана аңлататуғынлығын билип алайық. АҚШ та педагогикалық тестлер  индустриясы  жаратылғанына 120 жылдан асты. Принстон орайында 2000нан  аслам профессионаллар адамзат искерлигиниң барлық тараўы бойынша тестлер таярлаў  менен бәнт. Соның ишинде тек ғана билимди емес, ал, адамның ақыл, ой-өрисин анықлайтуғын 81 (интеллектуаллық) тест­лердиң де бирнеше түрлерин жаратқан. Ал, бизде тест дүзиў салыстырмалы  түрде ең күшли деп тән алынған  муғаллимлер хызметинен басланды. Олар өз пәнин жақсы меңгерсе де,   тестология  илимин  билмейтуғын таза үйреншиклер саналады. Тест­ологияның өзине ылайық теориясы барын  тест дүзиўшилеримиз де,  оларды жаллағанлар да толық түсинбеди.  Тестлерди дүзиў саз шертип билмейтуғын адамның қолына  музыка әсбабын услағандай болды. Соның ушын да,  педагогикалық тестлерге халық арасында наразылық көп.

Тестлердиң «статистика»ға, «мағлыўматлар жыйынтығы»на, санлар, сәнелер, формулаларға  айланғанлығына репетиторларды жазғырмайық. Мектеп муғаллими оқыў бағдарламасы бойынша балаларды үйретсе, ал, репетитор тестте не болса соны үйретеди. Репетитор пәндеги  деталь, сәнелерди, шығармалардың сюжетлерине байланыслы майда-шүйделерди, грамматиканы, формулаларды  ядлаўшы  абитуриентке жәрдем бериў менен шекленеди. Қарап турсақ, мектеп муғаллими менен репетитордың атқаратуғын функциясы еки түрли. Соның ушын да репетиторлар оқыўшыларға билим бермейди дегенимиз     бир тәреплеме айыплаўға жатады.

Енди, «Репетитор ким?» деген сораўға  анықлық кири­тейик. Ол  күшли  муғаллим, ким болса сол репетиторлық ете  алмайды. Арасында  жоқары оқыў орнында ислейтуғын, илимий дәрежеге ийе  репетиторлар да табылады. Тест жуўабын  қуры  ядлата берместен, теориялық билим де береди. Олақ репетиторға адамлар қурыдан-қуры ақша бермейди. Репетиторлар  арасында ҳақыйқат бәсеки жүзеге келген. Олар нызамлы түрде қосымша дәрамат табыў ушын аўыр мийнетке көнликкен, мәмлекетке салық төлеп отыр. Оқыўшыны сынап, жетекке ергендей инталыларын ғана қабыллайды. Онда да «оқыўға киресең» деп кепиллик бермейди, бундай  репетиторлар  көпшиликти қурамайды. Соның ушын,  күшли репетиторлар менен оларды  жаллап,  жалатайшылық етип жүрген «исбилерменлер»ди   шатастырып,  барлығын  убыжық етип көрсетпеўимиз тийис.  Келешекте пайда болатуғын  жеке меншик оқыў орынларының дәслепки  элементлери —  усы репетиторлар емес пе! Билимиң болса репетиторлық етсең де  қосымша дәрамат табасаң. Еле жоқары оқыў орынларында оқыў  Япониядағыдай толығы менен  контракт-төлемли болып кетсе,  перзентин оқытыўға қаржыны қаяқтан  табарын ата-ана ҳәм студент ойлап қойсын. Ақыл мийнети менен  пул табатуғынларды үлги тутып,  үгит нәсиятлағанның неси қәте? Билл Гейтс, Марк Цукерберг сыяқлы миллиардерлер өзлериниң бизнесин кишкене стартаптан баслап,  билимлери арқасында  байып кетпеди ме?

Айланып келгенде,  тест дүзиўшилер де, репетиторлар да — салыстырмалы саўатлы  деп есапланған өзлеримиздиң муғаллимлеримиз. Мектеп муғаллимлерин өз пәнин билиў, оқытыў  дәрежесине қарай төрт  топарға бөлип көрейик. Бириншиси — профессионал репетитор дәрежесине жеткен,  өз пәнин терең өзлестирип алғанлар. Екиншиси —  тест дүзиўшилер, олар да өз пәнин жақсы биледи, бирақ  буларды   профессионал тестолог деп айта алмаймыз. Тест дүзиўшилер саны   азшылықты қурайды, себеби,  бул процесске Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен саны  онша көп болмаған муғаллимлер ғана қатнастырылады. Үшиншисине — өз пәнин жақсы билетуғын муғаллимлер,  репетиторлық қолынан келеди, бирақ,  репетиторлыққа   мүтәж емес (ямаса буған қызықпайтуғынлар) ҳәм төртинши  топар — муғаллимшиликти де, репетиторлықты да келистире алмай жүрген шаласаўатлар.

Тағы  бир баслы мәселе, билимди баҳалаў системасы ҳаққында. Жақынларға шекем миллий бағдарламамыздың  бас  субъекти болған мектепке сая түсиргимиз келмей  мақтағанымыз бенен ис жүзинде керисиншеси еди. Мектепти, лицейди ҳәм колледжди  питкергенлердиң ҳүжжетлериндеги  баҳалар тийкарынан  «жақсы» ямаса «айрықша» болса да, көпшилиги  жалғанлығын   тест орай дәлиллеп берди. Усындай екенлигин жоқары оқыў орынлары муғаллимлериде айтып атыр. Жалған баҳалаўларды мектеп те (кейин ала лицей-колледж), ата-аналар да,   оқыўшылар да билер еди. «Қәўипли кеселлик» ке­йин ала ҳәўиж алды. Ең жаманы — балаларды  өтирик, еки жүзлиликке, алдаўға  тәрбияладық. Оқыўшыларда аттестаттағы (дипломдағы) баҳа әйтеўир бир формаль нәрсе деген түсиник пайда болды. Унамсыз нәрселерге үйренген бала университет,  пединсти­тутқа кирип оқығанда тағы сондайларды күсей береди. Билимлендириўдиң   сапасына жаман тәсир етететуғын факторлар ретинде пахта терими, жабайы шөплерден тазалаў, «чеканка», таўсылмайтуғын «субботниклер» деген ойда едик. Президентимизге мың да бир  рахмет, тараўды  мәжбүрий мийнеттен қутқарды. Керексиз  пәнлер саны да  азайды, бирақ, деген менен булардың пайдалы тәсири еле сезилмей атыр. Студент (ярымынан көбиси) еле окығысы келмей атыр. Оларға оған «3», «4» ҳәм «5» баҳаларын  қойып бере бериў керек: ЮНЕСКОның ҳүжжетлеринде көрсетилген  XXI әcир  педагогикасының баслы принципи  —  балаларға билим бериў емес, ал,  билим алыўды үйретиў керек дегени бизлерге тәсири жоқ    сыяқлы. Студентлерге «балық жеўди емес, ал балық услаўды», яғный өзбетинше билим алыўды үйретиўди келистире   алмай атырмыз. Мениң жеке пикирим, мектеплерде де усындай  аўҳал — муғаллим оқыўшыға набада  «2» баҳасын қойса,  өзи айыпкер болып қалады...

Ҳәзирги ўақытта елимиздеги озық ойлы  адамлар мектепти питкериў ҳәм жоқары оқыў орнына кириў сынақларын бир­лес­тириў идеясын күн тәртибине шығармақта. Көпшилик еллерде мектеп питкериў имтиханлары менен жоқары оқыў орнына кириў сынақларының функциялары бирлестирилген. Рос­сияда мектеп оқыўшылары ЕГЭ, Британияда A-level,  Европа еллеринде Abitur ямаса Martura тапсырады.  Израиль, Герма­нияда мектеп питкериўшисине қойылған баҳа жоқары оқыў орнына кириўде есапқа алынады. Бизлер де сол жолға түссек, абитуриентлер  ҳәм ата-аналар арасында ҳәр жыл «бас аўырыўлар» болмас еди. Жоқары оқыў орынларына кириў ушын ҳәр жылғы тест сынақларын  шөлкемлестириў ушын жумсалатуғын қаржылар, қымбатлы  ўақтымыз   үнемленеди. Сондай-ақ,   университет ямаса пединституттағы айы­рым «шаққан» оқытыўшыларының  «оқыўга киргизип беремен» деген алдаўларынан қутылады. Ең баслысы, оқыўшылар тек ғана тест болатуғын пәнлер  менен шекленбестен,  мектепте үйрениўге  тийисли  болған  барлық пәнди оқып ҳәм өзлестирип, нәтийжеде ҳақыйқат улыўма орта билимли болып, мектептиң  бийшара болып қалған аттестатының да абырайы көтерилип, «тест ушын оқыў» (репетиторлық) қубылысыда жоқ болып кетерме  еди!!

Және бир  қәтелик,  бизлер елеге шекем билимлендириў  министрликлериниң компетент­лигин  өлшейтуғын  шкала ҳақкында ойлап көрмедик. Басқарыў компетентлиги — билимлендириўдиң  сапасына тәсир етиўши баслы факторлардың бири екенлигине шет еллик экс­пертлер бизлердиң дыққатымызды қаратып атыр. Ҳақыйқатында да, билимлендириўди үлкен бир корабль десек, усы корабльдиң рулин басқарып отырған — бул  ўәзирлик.  Корабль суў асты тасларына соқлығып апатқа ушыраса оған матрос айыплы болып атыр, логика қаяқта.   Мектеп иси,  билимлендириў тараўы басшылары, илимпаздың сапасын өлшейтуғын объектив шкаланы ислеп шықпадық. Ҳәзирше  пайдаланып жүрген «метр таяғымыз»дың  өлшеми қәте болып атырғанлығын турмыстың өзи көрсетип атыр.

Бир баланың математика  бойынша халықаралық олим­пиада да табыслы қатнасқанына қарап мектепте   билим бериў дәрежеси жақсы деп  баҳа бериўде корректли  болмаса керек. Баланың табысына  мектепти «соавтор» етип,  мақтаў  сөзлерин айтыў орынсыз. Мектептиң роли күшли болса, сол жерден  ҳәр жылы ҳәр пәннен усындай оқыўшылар топары шықпаспа еди.

Мектеп басшыларының жумысына баҳа бериўши «Бақлаў кеңеси»не келсек — олар  қаншелли дәрежеде компетентли, олар мектеп исин билетуғын  адамларма, ямаса әпиўайы фермер-бизнесменлерме, гезектеги қағазпазлық емес пе! деген ойлар келеди.  Мен бир ўақытлары  Израильда болып,  бир ай даўамында олардың билимлендириў системасының барлық түрлерин ҳәм  басқышларын  үйрендим. Оларда мектепти директор емес «Ата-аналар комитети» басқарады — жәмийетлик басқарыў принципи. Мысалы,  физика пәнин оқытыў бойынша 2-3 муғаллим арасында конкурс өткериледи, муғаллимлер оқыўшылар ҳәм ата-аналар алдында сабақ өтеди. Усының нәтийжеси бойынша  қайсы муғаллимниң  мектепке жумыс­қа алыныўын «Ата-аналар комитети» шешеди. Конкурстан өтпеген муғаллим өзинен басқа  ҳешкимге де өкпелей алмайды, кете береди. Ямаса,  7-класс ушын ҳәр қыйлы авторлар тәрепинен шығарылған ҳәр қыйлы физика сабақлықлары ишинен қайсысын  пайдаланыў,  пәнди қалай оқытыў, нени оқытыў  мәселелерин мектептиң өзи усы «Ата-аналар комитети» менен бирликте шешеди. Мектептиң қандайда бир проблемасын шешиў мәселеси бойынша, бул комитетке,    қәлеген министрди ата-аналар жыйналысына шақырыў ҳуқықы берилген. Егер министр мектептеги ата-аналар жыйналысына келмей қалса, оны журналистлер билип қойса, баспа сөзде үлкен шаўқым болып, бул министр отставкаға кете береди. Израиль жәмийетин бир пирамида десек, мине усы пирамиданың төбесинде мектеп тур — ҳәммеси мектеп ушын!

Бир ўақытлары бир районда  3-4 қәнигеликке бағдарланған бир ямаса еки колледж қурдық (районға не,  басқа қәнигеликлер керек емеспе еди). Ақыбети не болды —  колледж питкериўшилерин жумысқа орналастырыў менен прокуратура шуғыллана баслады, оқыўдың сапасы сыяқлы басқа кемшиликлерди қозғамай ақ қояйық. Бирақ сол модельди ўақтында шаршамастан  көп мақтадық. Не болды — таңлаған модель қәте болды ма, ямаса оның орынланыўында қәте болды ма? «Биз 11-жыллық мектепке жақсы күнимизден қайт­падық»  деп Президентимиз оғада дурыс айтты.  Соның ушын, мениң жеке пикиримше, еле сынақтан өтпей атырып, «вариативлик оқыў-режеси   оқыўшыларды репетиторлардан қутқарады» деп тастыйықлаў  гүман пайда етеди. Сонда қалай, бир класстың оқыўшылары енди таңлаған бағдарлары бойынша бес классқа бөлинип оқый ма? Репетитордың 2-3 жыл даўамында  бергенин, қалған еки шеректиң ишинде оқыўшыға берип болама, тестке қәлиплескен  cупер муғаллимлер  мектепте барма! Әлбетте, бул сораўларға бирден жуўап бериўге асықпаў керек, эксперимент нәтийжелерин күтемиз. Оқыў режелериниң вариатив болғаны жақсы, бирақ ол репетиторлық деген проблеманы шешеме — шешпейме, бул белгисиз. Бул идея  қәнигелердиң ҳәм жәмийетшиликтиң  қатнасында  еле де кең  талқылаўларды талап етеди. Ең баслысы, идеялар дурыс болып, олардың  дурыс иске асырылыўында. Мысалы, бизлердиң ақылымызға сыймайтуғын нәрсе — АҚШта оқыўшылардың 80 процентке жақыны мектепте физиканы  оқымайды, бул олар ушын норма, оларда бир мектептеги оқыў режелери емес,  ал,  мектеплердиң өзлери  вариатив. Өзлериңиз жуўмақ ислең,  АҚШ планетамыздағы ең қүдиретли мәмлекет, физика бойынша Нобель сыйлығы лауреатларының көпшилиги  АҚШта!

Директор менен муғаллимниң шахсына тийместен   компетентлигин  баҳалайтуғын субъектив емес,  ал,  объектив,  жаңа типтеги, раўажланған еллердиң шкаласын үлги етип алыўымызды ўақыт талап етип атыр. Соның ушын, Өзбекстан Республикасы Халық билимлендириў министрлиги мектептеги билимниң сапасын баҳалаўда  халықаралық PISA көрсеткишлерине өтиў бағдарын толық қоллап қуўатлайман.

STEAM (анық илимлер, технологиялар, инжиниринг, дөретиўшилик мәденият ҳәм  математика) бағдарындағы ҳәзирги заман жеке меншик жоқары оқыў орынлары менен мектеплеринде басшылық еткендей тул­ғаларды, ол жерлерде ислейтуғын кадрларды таярлаў сыяқлы оғада әҳмийетли мәселелерди  шешиўге  бүгиннен баслап таярланыўға  академик Ж.Базар­баевтың халық келешегине жаны ашыған   билим пидайысы сыпатында  дыққатымызды қаратып  атырғанлығы оғада орынлы.

Ҳақ сөз  ашшы болады, мен атап өткен  фактлер ҳәм  себеп — салдарларды  баҳалаўлардағы  парқымыз (мендеги  технократлық ҳәм максимализм  басым болыўынан келип шыққан) журналист Ө.Өтеўлиев, билим-илим ийелеўдеги  ҳақыйқый жанкүйер — ҳүрметли устазымыз Ж.Базарбаевқа  ҳәм кәсиплесим Ә.Еримбетовларға,  барлық педагог­ларға   қаратылған орынсыз   мин тағыўлар  емеслигин дурыс түсиниўин қәлеймен.

Бахыт Жоллыбеков,

ҚМУ оқытыўшысы, физика-математика илимлериниң кандидаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF