Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:36:24, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

САҚАЎАТ — ЖОҚАРЫ ИНСАНЫЙЛЫҚ ҮЛГИСИ

Бүгин пүткил дүньяға қәўип салып турған коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў, оннан халықты аман сақлап қалыў, унамсыз ақыбетлериниң алдын алыў ҳәр бир мәмлекеттиң ең баслы машқаласы ҳәм мақсети болып тур.

Бул сынаўлы күнлердиң қы­йыншылықларын жеңип өтиўде ҳәр бир мәмлекет бар имканиятларын салып, бир күш болып ҳәрекет етпекте.

Тилекке қарсы, бул сынақ бизиң елимизди де шетлеп өтпеди. Деген менен, өз тарийхы даўамында қаншадан-қанша қы­йын­шылықларды сабыр-тақат ҳәм исеним күши арқалы жеңип келген халқымыз бул сынақларды да биргеликте жеңетуғынлығына ийманымыз кәмил.

Пандемия себепли жәрия­ланған карантин па­йытында халықты азық-аўқат, дәри-дәрмақлар менен тәмийинлеў ­ ең баслы мәселелерден саналады. Сонлықтан Ҳүрметли Президентимиз халқымыздың тарийхый ҳәм руўхый қәдириятларын, меҳир-мүриўбет, баўырманлық, сақаўатлылық, инсаныйлық сыяқлы уллы пазыйлетлерин инабатқа алған ҳалда «Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекетин шөлкемлестириў басламасын алға қойды. 

Әлбетте, бул басламаны халқымыз көтериңки руўх ҳәм терең миннетдаршылық пенен қарсы алды. Өйткени, бүгингидей сынаўлы күн­лерде бир-биримизге ғам­қор ҳәм сүйениш болыўымыз инсаныйлықтың ең уллы үлгиси болып, кеўиллерде исеним ҳәм қәтержамлықты асырады.

Ҳәрекет қаржылары коронавирус пандемиясы ҳәм карантин дәўиринде социаллық жәрдемге мүтәж, көп балалы шаңарақлар­ға, ма­йыплығы болған шахслар­ға ҳәм жалғыз баслы қария­ларға, өз дәраматын жоғалт­қан, ўақтынша жумыссыз бол­ған шахсларға ақшалай, күнделик тутыныў товарлары, дәри-дәрмақлар ҳәм бас­қа да зәрүрли нәрселер менен тәмийинлеў ушын жумсалады.

«Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети мәмлекетимиз ҳәм халқымыз қүдиретиниң әмелий көриниси. Бундай қайырлы ислердиң сабыр-қанаат, меҳир-мүриўбет, қайыр-сақаўат айы болған Рамазан күнлеринде әмелге асырылыўында да үлкен мәни бар. Инсан мәплери ҳәмме нәрседен үстин, деген идеяны өзинде жәмлеген усы сыяқлы қайырлы ислердиң көлеми мүбәрек Рамазан айына үнлес ҳалда кеңейип бармақта. Мәмлекетимизде инсаныйлық, сақыйлық, мийрим-шәпәәт ҳәм өз-ара қалыс жәрдем сыяқлы идея­ларға қаратылған улыўмахалықлық ҳәрекетлер бүгин бәршемизди бир мақсет жолында, яғный, коронави­русты бир күш болып жеңиў, халқымыздың саламатлығын сақлаў ҳәм саламат турмысымызға қайтыў жолында бирлигимизди және де күшейтпекте.

Калом илиминиң султаны Имам Мотрудийдиң инсанның ылайықлы турмыс кешириўинде сақаўатлылықтың әҳмийети ҳаққында «Журт абат, халық абадан болыўын қәлесең, сақаўатлы ҳәм ашық қоллы бол!», деген дана үлгилери белгили.  

Жақсылықтың шегарасы болмайды. Меҳирге, қоллап-қуўатлаўға мүтәж инсанлардың ҳалынан хабар алыў да жақсылық. Ҳүрметли Президентимиз «Мен, мине усы басламаны шын кеўилден қоллап-қуўатлап, бул саўаплы иске мүнәсип үлес қосып атыр­ған бәрше ўатанласларымызға, сақаўатлы исбилерменлеримизге муқаддес китапларымызда айтылған: «Жақсылықтың сыйы ­ тек жақсылықдур», деген гәпти және бир мәрте еслетпекшимен», деп бундай қайырлы ислердиң әҳмийетине айрықша итибар қаратты.

Елимиз бойлап жолға шыққан уллы кәрўан ­ «Сақаўат ҳәм көмек» кәрўанына ылайықлы үлес қосыўды өзиниң азаматлық парызы деп билген исбилерменлерге, өз нәўбетинде, мәмлекетимиз тәрепинен лизинг, кредит, салық төлемлери, зәрүрли ресурс­лар менен тәмийинлеў бойынша жеңилликлер ҳәм преферен­циялар бериледи. Кең­пейил, мүриўбетли ҳәм қыйын күнлерде халқымызға мәдет болып атырған исбилерменлерди мәмлекетимиз тәрепинен бундай қоллап-қуўатлаўлар карантин шеклеўлеринен кейинги қыйыншылықларды жеңип өтиўде үлкен жәрдем болыўы сөзсиз.

«Сақаўат ҳәм көмек» улыўмахалықлық ҳәрекети даўамында имканияттан келип шығып жумыссыз пуқараларымызды жумыс пенен тәмийинлеў ислери де әмелге асырылмақта. Кем тәми­йинленген инсанлар ҳәм шаңарақларға меҳир ҳәм ҳүрмет пенен жәрдем қолын созып атыр­ған исбилерменлер, фермерлер, минис­трликлер, мәкеме ҳәм шөлкемлердиң исши-хызметкерлери ҳәм усындай қайырлы ислерге өз үлесин қосып атыр­ған ҳәр бир инсанның бүгинги хызметлери үлкен саўаплы ис ҳәм де ўатансүйиўшиликтиң үлгиси.

Инсанларды жақсылыққа шақырыў, қайырлы ислерде бирлестириў де уллы сақаўат саналады. Бундай уллы ислерди ислеўге ҳәммемиз ылайықпыз. Солай екен, уллы елдиң перзентлери сыпатында уллы ислерге өз үлеслеримизди қосайық!

А.БАЙРЫЕВА,

ҚМУ Миллий идея, руўхыйлық тийкарлары ҳәм ҳуқық тәлими кафедрасы баслығы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF