БАРЛЫҚ ИСЛЕРИМИЗ ИНСАННЫҢ УЗАҚ ҲӘМ БАХЫТЛЫ ӨМИР КӨРИЎИ УШЫН
Евроазия экономикалық аўқамы (ЕАЭА) менен бирге ислесиў яки ағза болыў ҳаққында сөз болғанда, усы шөлкемниң күннен-күнге кеңейип барыўын есапқа алған ҳалда тек ғана ЕАЭА мәмлекетлери базарларының көлемин баҳалаў емес, ал, сол арқалы басқа мәмлекетлердиң базарларының мақул болыўын есапқа алыў зәрүр.
Атап айтқанда, ҳәзирги күнде ЕАЭА менен Вьетнам, Қытай, Иран, Сингапур, Сербия мәмлекетлери ортасында еркин саўда зоналары бойынша келисимлерге қол қойылған. Сондай-ақ, еркин саўда зоналарын шөлкемлестириў бойынша Египет, Таиланд, Монғолия ҳәм Ҳиндстан мәмлекетлери менен сөйлесиўлер алып барылмақта.
ЕАЭАға ағза болғаннан кейин дүзилмениң барлық қағыйдасына әмел етилиўи зәрүр. Буны ҳасла умытпаў керек. Мәселен, бирден-бир бажыхана тарифлерине әмел етилиўи Өзбекстанда ислеп шығарылмайтуғын товар ҳәм шийки затларға байланысып қалған ислеп шығарыўшылардың қәрежетлери ҳәм өнимлериниң нырқының асыўына алып келеди.
Санаат бағдарын есапқа алатуғын болсақ, дәслепки есап-китапларға қарағанда 2025-жылға шекем Евроазия экономикалық аўқамына интеграцияланыў бир жылда 2,0 миллиард долларға шекем яки барлық санаат өнимлерин ислеп шығарыўдың 10 процентине шекем унамсыз тәсир көрсетиўи мүмкин. Нәтийжеде 100 мыңға шекем бар болған жумысшылардың жумыс орынлары қысқартылыўы мүмкин. Әлбетте, бул ашынарлы жағдай.
Евроазия экономикалық аўқамына ағза мәмлекетлердиң аймақларында экспорт етилетуғын барлық түрдеги өнимлерге қойылатуғын техникалық санитария, ветеринария ҳәм фитосанитария стандартлары және нормалары үшинши мәмлекетлерге қарағанда мәлим дәрежеде қаттықоллық пенен әмелге асырылмақта. Буның нәтийжесинде, айтайық, өзимиздиң исбилерменлер тәрепинен 2019-жыл даўамында ислеп шығарылған санаат өнимлери ҳәм аўыл хожалығында жетистирилген түрли азық-аўқат өнимлерин ЕАЭА базарына еркин кириўде бир қатар қыйыншылықлардың дус келгенлигин бақладық. Усы жағдайларды есапқа алып, Өзбекстан ЕАЭА менен ҳәр қандай формада бирге ислесиўи пайдалы нәтийжесин береди. Басқаша айтқанда, бул үлкен базарға өзимизге қарағанда арзан өнимлеримизди экспорт етип, экономикалық мәп көриўимиз мүмкин. Интеграцияласыўды үйрениў барысында және бир қанша итибарлы тәреплери бар. Ең алды менен, ЕАЭАда нефть, нефть өнимлери ҳәм электроэнергетиканың бирден-бир базарын қәлиплестириў жумыслары неге 2025-жылға шекем кешиктирилгенлиги биз ушын әҳмийетли болыўы керек. Буннан тысқары, темиржол транспортындағы жүк тасыў тарифлери де елеге шекем жүдә жоқары ставкаларда болмақта ҳәм бул жағдай инфраструктурасы раўажланған ағза мәмлекетлердиң мәплерине көбирек сәйкес келмекте.
Өз нәўбетинде, жаңа технологиялар трансфер бағдарында үшинши мәмлекетлер менен өз-ара мүнәсибетлерди жолға қойыўда Жәҳән саўда шөлкеми (ЖСШ)не ағза болыўды тийкарғы ўазыйпа сыпатында қараўға ийтермелейди. Себеби, ЕАЭАға ағза болған бес мәмлекеттен бүгинги күни төртеўи (Белоруссиядан тысқары) ЖСШне қосылғанлығын есапқа алсақ, Өзбекстан ушын ЖСШне ағза болыўда талап етилетуғын ашық-айдынлық, бийғәрез сыртқы экономикалық мүнәсибетлерди қәлиплестириў потенциалына ийе болыў талап етиледи. Ең тийкарғысы, инсан тәғдири айрықша роль ийелейди. Исленип атырған барлық жумыслар инсанияттың узақ ҳәм бахытлы өмир көриўин тәмийинлеўге хызмет етеди. Мәмлекет халықтың турмыс шараятын бақлаўды даўам етеди. Өйткени, халықтың тынышлығы ҳәм абадан турмыс тәризин тәмийинлеў ушын ҳәм бәрқулла үйрениў және бақлаў мониторингин алып барыў әҳмийетке ийе.
Т.ХОЖАНАЗАРОВ,
Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Нызамшылық палатасы депутаты,
Өзбекстан Экологиялық партиясы фракциясы ағзасы.