ТУҚЫМЛЫҚ ТАЯРЛАЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ
Нөкис районындағы «Шортанбай ММТП» аймағында жайласқан «ДДЭ ИТИ КК ИТС» да 2020-жыл өниминен туқымлық дән топлаў мақсетинде көргизбели апробация семинары өткерилди.
Апробация оқыў-семинарына район ҳәкимлигиниң, тийисли ҳуқық қорғаў уйымларының басшылары, район бас апробаторы, агроинспекция басқармасы ҳәм районлық бөлиминиң баслықлары ҳәм инспекторлары, агросаноат комплексинде хызмет көрсетиў орайының, район унитар кәрханасының қәнигелери, дән кәрханаларының ҳәм район дән қабыллаў шақапшасының, туқымлық цех ҳәм туқымгершилик фермер хожалықларының баслықлары қатнасты.
Семинарда Өзбекстан Республикасы Туқымгершиликти раўажландырыў орайы директорының орынбасары Х.Маҳмудов ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Туқымгершиликти раўажландырыў орайының баслығы З.Зиядуллаев ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен 2014-жыл 12-июньде дизимнен өткен 2593-санлы Режеге муўапық туқымгершилик атызларын ҳәр қыйлы жабайы шөплерден тазалаў, зыянланыў дәрежеси, кеселликлер менен кеселлениў ҳәм зыянкеслер менен зыянланыў дәрежесин нызам талапларына сәйкес өткериў бойынша түсиниклер берилди.
Нөкис районында 2020-жыл өними ушын 638,3 гектар жер майданға туқымлық ғәлле егилген болып, фермер хожалықларға апробация тексериўине тийисли мүддет ишинде таярлаў мақсетинде хожалық баслықлары ескертилди.
Оқыў семинарда жыйналғанларға ғәлле туқымгершилиги туўралы тийисли көрсетпе ҳәм тапсырмалар берилди.
Семинар қатнасыўшылары қәнигелерден өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.