Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 15:20:48, 28.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МӘМЛЕКЕТИМИЗ ТӘРЕПИНЕН КӨРИЛИП АТЫРҒАН  ИЛАЖЛАРДЫ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЙЫҚ!

Дүньядағы қәўипли эпидемио­логиялық жағдай себепли мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы тарқалып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде бир қатар қатаң илажлар көрилмекте.

Бул бойынша Президентимиздиң арнаўлы Пәрман ҳәм қарарлары қабыл етилип, Журт­басшымыз тәрепинен видеоселектор мәжилислеринде күтә әҳмийетли тапсырмалар берилмекте. 22-апрель күни глобал кризис ҳәм пандемия  шараятында халықтың бәнтлигин тәми­йинлеў ҳәм дәраматы кескин азайыўының алдын алыў мәселелери бойынша өткерилген видеоселектор мәжилиси алдынан да Президентимиз коронавирус инфекциясына қарсы гүресиў шеңберинде журтымызда әмелге асырылып атырғын жумыс­ларға және бир мәрте айрықша тоқтап өтти. Атап айтқанда, мәмлекетимиз басшысы «Әлбетте биз  коронавирус пандемиясына қарсы гүрести бир дем болса да тоқтатпаймыз. Бул адамларымыз, халқымыздың саламатлығы, өмири менен байланыслы күтә әҳмийетли мәселе» деп атап өтти. Сондай-ақ, бүгинги күни айрықша әҳмийетке ийе болған халықты азық-аўқат ҳәм басқа зәрүр өнимлер менен кепилленген ҳалатта тәмийинлеў, пуқаралар дәраматларының кемейип кетиўине жол қоймаў, жәрдем ҳәм көмекке мүтәж ўатанласларымызды қоллап-қуўатлаўдай күтә актуал мәселелерди кешиктирместен шешиў бойынша зәрүр ўазыйпаларды белгилеп берди.

Шынында да, мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы тар­қалып кетиўиниң алдын алыў менен байланыслы болған  жумыслар қатаң ҳәм системалы жолға қойылды, буның ушын зәрүр қаржылар ажыратылмақта. Бул ислерге сақаўатлы ўатанласларымыз да өз үлеслерин қоспақта. Денсаўлықты сақлаў минис­трлиги, Санитария эпидемиологиялық тынышлық агентлиги, Ишки ислер министрлиги, Айрықша жағдайлар, Миллий гвардия киби барлық жуўапкер министрлик ҳәм уйымлар биргеликте ат салыспақта. Әсиресе, күни-түни тыным билмей, ҳақыйқый қаҳраманлық көрсетип атырған шыпакерлеримиздиң пидайылығы мақтаўға ылайық.

Халқымыздан болса, карантин талапларына қатаң бойсын­ған ҳалда имканы болғанынша үйден шықпаў, жәмийетлик орынларға топланбаў, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиў соралмақта. Дүнья тәжирейбесине көре коронавирус тарқалыўының алдын алыўда ең нәтийжели жол — карантин  қағыйдаларына сөзсиз әмел етиў екенлиги тәкирар-тәкирар айтылмақта. Халқымыз да буны дурыс түсинип, өз күнделик турмыс тәризин усы усынысларға сай тәризде шөлкемлестирип атыр­ғанлығы қуўанышлы.

Бирақ, ҳәмме орында да усындай деп айта алмаймыз. Хал­қымызда «Бирдики мыңға, мыңдики халыққа» деген нақыл бар. Мине усы нақыл бүгинги процесслерге туўра келеди. Мәселен, Өзбекстанда биринши рет коронавирус инфекциясы анықлан­ған, шет елде болып қайтқан пуқараларымыз түрли ушырасыў, зияпатлар шөлкемлестириўи нәтийжесинде, жақынлары, таныс-билислери, кәсиплеслерине  инфекция жуқтырғаны ҳаққында мағлыўматлар ҳәр биримизди ләрзеге салған еди. Буннан бас­қа, арамызда карантин тәртип-қағыйдаларына әмел етпейтуғынлар да ушырасып турады. Сол өткен ўақыт ишинде қаншадан-қанша пуқараларымыздың карантин қағыйдаларын бузып атыр­ғаны анықланып, оларға тийисли илажлар көрилгенлиги буның айқын дәлили.

Халқымызда және бир нақыл бар; «Шаппат еки қолдан шығады». Егер шаппат ушын көтерилген биринши зәбердес қолдан екинши қол әззи келсе, әсте көтерилсе, онда шаппат жаңғырып шықпайды. Анығырақ етип айтқанда, Президентимиздиң тиккелей басшылығында коронавирусқа қарсы гүресиў бағдарындағы алдынғы сырт ел тәжирейбесин терең үйренген ҳалда, барлық ишки ҳәм сыртқы имканиятлар мобилизацияланып атыр­ған бир ўақытта,  адамларымыз үйде қалып, гигиена қағыйдаларына әмел етсе, өзиниң ҳәм жақынларының саламатлығын тәмийинлеген, сол арқалы мәмлекетимизге үлкен жәрдем көрсеткен болады. Сонлықтан «Жақсылық етсең өзиңе, жаманлық етсең де өзиңе» болыўы тәбийий. Бүгинги жағдайдың шешими көп тәреплеме адамларға, ҳәр биримиздиң ис-ҳәрекетлеримизге байланыслы болып қалмақта.

Мине, соңғы күнлерде бир қатар мәмлекетлерде жағдай жақсыланып атырғанлығы ҳаққында хабарларды еситпектемиз. Олар буған ең дәслеп вирус­тың қәўипли екенлигин аңлап, карантин талапларына сөзсиз әмел етиў, қатаң тәртип-қағыйда нәтийжесинде еристи. Мәмлекетимизде де күнлик мағлыўматларға көре кеселликке шалын­ғанларға қарағанда оннан саўалып атырғанлар саны артып баратырғанлығы бәршемизди қуўандырады, әлбетте. Деген менен бәрибир сергекликти жоғалтпастан, карантин қағыйдаларына толық әмел етиўди даўам еттириўимиз керек. Себеби, коронавирус  анықланған наўқаслардың қандай жол менен бул инфекцияны  жуқтырып алғанына байланыслы мағлыўматларға қарағанда, олардың белгили бир  бөлеги сырт елде болған ҳәм Өзбекстанға қайтқанында коронавирус инфекциясы анықлан­ған болса, ал көпшилик наўқаслар мәмлекет ишинде олар менен жақын  байланыста болған ҳәм байланыс жолы арқалы инфекцияны жуқтырып алған.

Көринип турғанындай, өз-ара қарым-қатнаста аралықты сақлаўымыз, имкан дәрежесинде үйде қалыўымыз, нықап тағыўымыз ҳәм гигиена  қағыйдаларына әмел етиўимиз лазым. Буның менен тек ғана өзимизди емес, бәлким жақынларымыз, халқымызды, керек болса дүньяны сақлаған боламыз!

Усындай аўыр ҳәм сынаўлы күнлерде бәршемизден логикалық пикир жүргизиў, тарийхқа нәзер таслаў, сабыр-тақатлы болыў, өмир философиясын аңлаў, саламатлық ҳәм тынышлықтың қәдирине жетиў талап етиледи. Биз буннан да аўыр күнлерди басынан кеширген ата-бабалардың әўладымыз. Сондай екен, әлбетте, бул сынаўларды да биргеликте жеңип өтемиз! Буған аз ўақыт қалды!

Назира Матяқубова.

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутаты.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF