КАРАНТИНГЕ ӘМЕЛ ЕТИЎ — МИННЕТИМИЗ!
Дүнья жүзинде коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиўде, атап айтқанда пуқаралардың ҳәрекетлениўине шеклеўлер киргизиў ҳәм кәрханалар искерлигин тоқтатыў арқалы алдын болмаған илажлар көрилмекте.
Ҳәзирги күнде мәмлекетимизде карантин жәрияланып, карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейттирилди.
Мәселен, карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын, егер ол адамлардың ғалабалық кеселлениўине алып келсе, 5 жылға шекем (алдын 3 жыл) еркинен айырыў жазасы қолланылады.
Егер усы ҳәрекет адамлардың өлимине себеп болса, карантин қағыйдаларын бузған шахс 10 жылға шекем (алдын 8 жыл) еркинен айырыў жазасы қолланылыўы мүмкин.
Халықаралық тәжирийбени алсақ, мәселен, узаққа кетпей қоңсы мәмлекетлер Қазақстан ҳәм Тәжикстанда санитария қағыйдаларын бузғанлығы ушын 10 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
Буннан тысқары, Европа мәмлекетлеринде, Украина мәмлекетиниң нызамларында шахстың ҳәрекетлери жуқпалы кеселлик тарқалыўына себеп болса, 5 жылдан 8 жылға шекем еркинен айырыў жазасы белгиленген.
Усы қылмыс ушын Италия, Испания ҳәм Францияда 15 жылға шекем еркинен айырыў жазасы тайынланыўы мүмкин.
Бул сыяқлы жағдайлар ушын жуўапкершиликти күшейтиўден мақсет — карантин шәраятында кеселлик тарқалыўының алдын алыў жумысларын толық әмелге асырыўдан ибарат.
Мәмлекетимизде карантин қағыйдаларын бузғанлығы ушын жуўапкершилик күшейтилген бир ўақытта пуқаралар еле усы қағыйдаларға әмел етпей киятыр.
Ақырғы мағлуматларға көре карантин илажлары жәрияланғаннан баслап республикамыз бойынша карантин қағыйдаларына әмел етпеў менен байланыслы жәми — 90 мыңнан артық жағдай анықланған. Атап айтқанда, жәмийетлик орынларда медициналық нықапсыз жүргенлиги, жүк тасыўшы автотранспорт қуралларында пуқараларды тасыў, карантин орнын өзбасымшалық пенен таслап кеткенлиги сыяқлы эпидемияға қарсы гүресиў қағыйдаларын бузғанлығы жағдайлары ушырамақта.
Мине усындай пуқаралардың итибарсызлығы, санитария-гигиена талапларына қатаң бойсынбағанлығы ақыбетинде бүгинги күнге шекем (11-май ҳалатына) мәмлекетимизде коронавирус инфекциясы анықланған шахслар саны 2453 ды қурамақта. Ең ашынарлысы, 10 пуқараның қайтыс болғанлығы ҳалаты дизимге алынған.
Жер жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң хабарына көре, ҳәзирги ўақытта пүткил жер жүзи бойынша коронавирус анықланған шахслар саны
4 миллион 100 мыңнан асып кетти. (АҚШ та 1 миллион 329 мың, Испанияда 224 мың, Италияда 219 мың, Германияда 171 мың ҳәм де Францияда 177 мыңнан артық). Дурыс, мәмлекетимизде кеселленгенлер саны дүнья мәмлекетлерине қарағанда жүдә кем санды қураса да бирақ, бул Өзбекстан халқы ушын қәўетерли ҳалат.
Демек бундай жағдайда биз не қылыўымыз керек:
Сиз ҳәм биз коронавирус тарқалыўын қысқа мүддетте сапластырыў ушын хүкиметимиз тәрепинен енгизилген «Карантин» қағыйдаларына қатаң әмел етиў;
- ең зәрүр жағдайда (дәри-дармақ ҳәм азық-аўқат ушын) үйден сыртқа шығыў ҳәм пуқаралар менен еки метр аралықты сақлаў;
-ҳәр қандай көринистеги жәмийетлик илажлар, той ҳәм мәресимлерди бийкар етиў ҳәм қатнаспаў;
- Өзбекстанға коронавирустың жаңа түри кирип келиўи
ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша ис-илажлар бағдарламасын таярлаў бойынша республика арнаўлы комиссиясының талап ҳәм қолланбаларына әмел етиўимиз лазым.
Бүгин ҳәр қашанғыдан бирлесетуғын дәўирде жасап атырмыз. Президентимиз усы жылдың 26-март күни коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыўға қарсы ис-илажларды күшейттириўге бағышланған видеоселектор мәжилисинде «Коронавирус маған жуқпайды деп бийпарық жүргенлер тек ғана өзиниң емес, ал, ата-анасы, перзентлери, әтирапындағылар, қалаберсе, пүткил халқымыздың денсаўлығы ҳәм өмирин қәўипке қойыўды терең аңлап жетиўи керек.
Халқымыз бирлесип, шыпакерлердиң барлық усынысы, көрсетпелерине әмел етсе, адамларымыз карантин дәўиринде турмыслық зәрүриятсыз
өз үйлеринен шықпаса, кеселликтиң дәслепки белгилери анықланғанда оны жасырмай шыпакерге өз ўақтында мүрәжат етсе, биз бул кеселликти әлбетте жеңемиз» деп бийкарға атап өтпеди.
Халық усындай ўақытта сыналады. Бүгин социаллық тармақлар, жуўапкерлер, ҒХҚлары ҳәм телевидение арқалы социаллық аралықты сақлаў, вирус тарқалыўындағы шынжырды тоқтатыў ушын шығыўлар қылмақта.
Себеби, кеселликтиң алдын алыў ушын ең туўры жол — карантин қағыйдаларына әмел етиў. Үйде қалыў кеселликти тоқтатыў жолындағы ең үлкен қәдем есапланады. Ҳәзирги ўақытта бул бизиң пуқаралық миннетимиз!
С.Мамбеткадыров,
Қарақалпақстан Республикасы Әдиллик министри.