Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:42:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ТОҚЫМАШЫЛЫҚ ҲӘМ ТИГИЎ-ТРИКОТАЖ САНААТЫН ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎҒА БАЙЛАНЫСЛЫ КЕШИКТИРИП БОЛМАЙТУҒЫН ИЛАЖЛАР ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң пәрманы

Коронавирус пандемиясына байланыслы дүнья экономикалық кризисиниң тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатын раўажландырыўдағы унамсыз тәсирин жумсартыў мақ­сетинде:

  1. Жергиликли ислеп шығарылған базалық сападағы пахта талшығының басланғыш баҳасы Нью-Йорк товар биржасының ең жақын жеткерип бериў айы ушын фьючерс котировкасы баҳасынан келип шыққан ҳалда сатыўшы тәрепинен белгиленетуғыны;

жергиликли тоқымашылық кәрханаларына биржа саўдаларына 2020-жыл 1-апрельге шекем миллий валютада сатылған пахта талшығы ушын жуўмақлаўшы есап-санақларын әмелге асырыў мүддети 90 күннен 150 күнге шекем созылатуғынлығы белгиленсин.

  1. Қосымшаға муўапық импорт етилетуғын шийки зат ҳәм материаллар 2022-жыл 1-январьға шекем бажыхана бажысын төлеўден азат етилсин.
  2. 2020-жыл 1-майдан 31-декабрьге шекем қосымша қун салығын қайтарыўдың әпиўайыластырылған тәртиби әмел ететуғыны, оған бола ийирилген жип ҳәм талшықтан тыс­қары, экспорт етилетуғын тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж товарлары (хызметлери) ушын пайдаланылған, ҳақыйқатта алынған товарлар (хызметлер) бойынша төлениўи тийис болған (төленген) қосымша қун салығы тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханасының Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклериндеги есап бетине келип түскен валюта түсими суммасына қарамастан, есапқа алынатуғыны ҳәм экспорт етиўшиниң орнатылған тәртипте берилетуғын арзасына тийкарланып қайтарылыўы шәрт екенлиги.

Онда, қосымша қун салығының қайтарылған суммасы ямаса оның бир бөлеги товарлар экспорт бажыхана режими астында шығарылған күннен баслап бир жүз сексен календарь күни ишинде валюта түсими ямаса оның бир бөлеги экспорт етиўшиниң Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклериндеги есап бетине келип түспеген жағдайда, сондай-ақ, арзада қайтарылыўы көрсетилген қосымша қун салығы суммасы тийкарланғанлығын камерал салық тексериўинен өткериў даўамында анықланған нызамсыз есапқа алынған қосымша қун салығының суммасы 5 күн ишинде пеня есапланған ҳалда Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетине қайтарылыўы шәрт екенлиги.

Қосымша қун салығын қайтарыўдың усы бәнт пенен белгиленген әпиўайыластырылған тәртиби тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханаларына олар тәрепинен соңғы 12 ай даўамында товарлардың экспорты әмелге асырылған, сондай-ақ, экспорт етилген товарлар бойынша 10 мың АҚШ долларынан көп муғдарда мүддети өткен дебитор қарыздарлық жоқ болған жағдайда енгизилетуғыны. Онда, товарлар экспорт бажыхана режими астында шығарылған күннен баслап бир жүз сексен календарь күни ишинде валюта түсими экспорт етиўшиниң Өзбекстан Республикасы коммерциялық банклериндеги есап бетине келип түспеген жағдайда, дебитор қарыздарлық мүддети  өткен деп есапланатуғынлығы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети еки ҳәпте мүддетте төмендегилер бойынша уйымлараралық жумысшы топарлардың қурамын тастыйықласын:

тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларының шийки заты, материаллары, таяр өнимлери, сондай-ақ, өндирис хызметкерлерин тасыў ҳәм логистика мәселелерин тез шешиў — транспорт министри Э.Ганиевтиң басшылығында;

ислеп шығарылып атырған тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлериниң өзине түсер баҳасын азайтыў ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша илажларды ислеп шығыў ҳәм әмелге асырыў — қаржы министри Т.Ишметов ҳәм Мәмлекетлик салық комитети баслығының биринши орынбасары М.Мирзаевтың басшылығында;

жаңа перспективалы сыртқы базарларды излеў, жергиликли тоқымашылық  ҳәм тигиў-трикотаж өнимлериниң экспортын хошаметлеў — инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министриниң  биринши орынбасары А.Воитовтың басшылығында;

липаслардың дизайны ҳәм коллекцияларын ислеп шығыў ҳәм оларды тармақ кәрханаларына енгизиў — «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциа­циясы баслығы И.Хайдаровтың басшылығында.

  1. Өзбекстан Республикасы Инвес­тициялар ҳәм сыртқы саўда минис­трлиги және «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы:

бир ай мүддетте тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлерин жеткерип бериў бойынша экспорт шәртнамаларын глобал карантин шеклеўлер шараятында орынлаў перспективалары көзқарасынан ҳәр тәреплеме үйренсин ҳәм перспективасыз экспорт шәртнамалары орнына, биринши гезекте, карантин илажлары жумсартылып атырған мәмлекетлердеги шериклер менен жаңа шәртнамалар дүзиўге ҳәр тәреплеме жәрдем көрсетсин;

еки ай мүддетте экспортқа бағдарланған таяр тигиў-трикотаж өнимлерине қәнигелестирилген дүнья бренд­лериниң ўәкиллери менен усы өнимлерди Өзбекстан Республикасында ислеп шығарыўды шөлкемлестириў ҳәм таяр өнимлерди, соның ишинде, республиканың ислеп турған кәрханалары қуўатлылықларында тигиў бойынша ири буйыртпаларды қәлиплестириў бо­йынша сөйлесиўлер өткерсин;

«Өзстандарт» агентлиги менен биргеликте халықаралық шөлкемлердиң жәрдеминде АҚШ ҳәм Европада тән алынған заманагөй халықаралық сертификатлар тармақ кәрханалары тәрепинен ҳәр жылы тастыйықланатуғын  дизимлер бойынша алыныўын тәмийинлесин;

Сыртқы ислер министрлиги менен биргеликте Европа Аўқамы, Түркия, Корея, Ҳиндстан ҳәм басқа да мәмлекетлерден тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыў тараўындағы жетекши экспертлерди усы тараўды реформалаў бойынша мәсләҳәтшилер сыпатында Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги қаржылары есабынан тартсын.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги «Өзтоқымашылықсанаат» ассоциациясы ҳәм коммерциялық банклер менен биргеликте:

ири тоқымашылық санааты кәрханаларының жумысын олардың финанс­лық турақлылығы көзқарасынан стресс-тесттен өткерсин;

стресс-тест нәтийжелерине бола тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларының өнимдарлығын, финанслық нәтийжелилигин ҳәм бәсекиге шыдамлылығын арттырыў бойынша усынысларды және тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санаатының бәсекиге шыдамлылығын тәми­йинлеўди есапқа алған ҳалда тармақты раўажландырыў бағдарламасын ислеп шықсын ҳәм Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин;

Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги менен келисилген ҳалда еки ай мүддетте инфраструктура комплексин (сертификатлаў, стандартлас­тырыў, логистика ҳәм басқалар) жаратыўды  есапқа алған ҳалда ири аймақлық тоқымашылық-тигиўшилик кластерлеринде таяр тигиў-трикотаж өнимлерин шығарыў бойынша экспортқа бағдарланған өндиристи жайластырыў ҳәм оларды раўажландырыў бойынша усынысларды киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Минис­трлер Кабинети 2020-жыл 1-сентябрьге шекем дүнья брендлерин тартқан ҳалда сыртқы базарларда талабы жоқары болған жоқары қосымша қунға ийе таяр тигиў-трикотаж өнимлери ҳәм ярым таяр өнимлер ислеп шығарыўды шөлкемлестириў, соның ишинде, оларды ири аймақлық тоқымашылық-тигиўшилик кластерлери аймағында жайластырыў бойынша 2021-2025-жылларға шекем мөлшерленген инвестициялық жойбарлар тастыйықланыўын тәмийинлесин.

Онда ҳәр бир жаңа тигиўшилик-тоқымашылық өндириси, қағыйда түринде, белгили халықаралық бренд­лердиң өнимлерин реализациялаў ҳәм кеминде мың жумыс орнын шөл­кемлестириўге бағдарланған болыўы зәрүр.

  1. а) 2020-2025-жылларда әмелге асырылатуғын инвестициялық жойбарлар, сондай-ақ, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж кәрханаларын айланба қаржылар менен тәмийинлеў Өзбекстан Республикасы Тиклениў ҳәм раўажланыў қорының 300 миллион АҚШ доллары муғдарындағы кредит линияларының қаржылары, тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты ушын ашылған коммерциялық банклердиң кредитлери, халықаралық финанс институтларының қарыз қаржылары ҳәм сырт ел банклери кредит линияларының есабынан, соның ишинде, төмендегилер арқалы қаржылан­ды­ры­латуғынлығы;

жаңа инвестициялық жойбарларды қаржыландырыў;

еки-үш сменалы жумыс режиминдеги өндирис, ең дәслеп, таяр тигиў-трикотаж өнимлерин тигиў жумысы ушын револьер кредитлер бериў;

беккем экспорт шәртнамаларына ийе болған тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларын экспорт алды қаржыландырыў көлемлерин  кеңейтиў;

б) Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасы арқалы пахта ийирилген жибин ҳәм трикотаж гезлемени алып шығыўда 2021-жыл 1-январьдан баслап алып шығылатуғын ҳәр бир килограмм ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлеме ушын 0,01 АҚШ доллары, 2022-жыл 1-январьдан алып шығылатуғын ҳәр бир ийирилген жип ҳәм трикотаж гезлеме ушын 0,05 АҚШ доллары, 2023-жыл 1-январьдан — 0,1 АҚШ доллары, 2025-жыл 1-январьдан — 0,2 АҚШ доллары муғдарында жы­йын өндирилетуғынлығы белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги, Қаржы министрлиги, Мәмлекетлик резервлерди басқарыў комитети мәпдар министрлик ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте жергиликли кәрханалардан 2020-жылда сатып алынатуғын төмендеги қосымша көлемлердиң сатып алыныўын тәмийинлесин;

қариялардың үйлерине жеткерип бериў ушын кийимлер ҳәм аяқ-кийимлер комплектлери, сондай-ақ, жалғыз ҳәм кем тәмийинленген қариялар ушын қысқы кийимлер ҳәм аяқ-ки­йимлер комплектлери;

Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги системасының хызметкерлери ҳәм әскерий хызметкерлери ушын формалы кийимлер ҳәм аяқ-кийимлер комплектлери;

Қорғаныў министрлиги, Ишки ислер министрлиги ҳәм Айрықша жағдайлар министрлиги мәкемелери, емлеўханалар, балалар бақшалары, қария­лар үйлери ушын простынялар, төсеклер, көпшиклер, орын көрпе-төсеклери ҳәм басқа да тоқымашылық өнимлериниң комплектлери;

мәмлекетлик резервтиң номенклатурасы бойынша тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж  санааты өнимлери.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги, Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги;

еки ҳәпте мүддетте өзиниң орайлық аппаратлары структурасында белгиленген штат бирликлери шеңберинде тоқымашылық санааты мәселелери бойынша структураларды шөлкемлестирсин;

басқа мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте еки ай мүддетте тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж өнимлерин ислеп шығарыўдың пүткил дәўири (пахтаны жетистириўден баслап таяр өним ислеп шығарыўға шекем) бойынша қосымша қун шынжыры қәлиплесиўин толық таллаў тийкарында жергиликли таяр өнимлердиң экспорт базарларында (соның ишинде, Европа Аўқамы, Азия мәмлекетлери ҳәм АҚШта) бәсекиге шыдамлылығын  тәмийинлеў мақсетинде тоқымашылық ҳәм тигиў-трикотаж санааты кәрханаларының баҳа қәлиплестириў механизмлерин жетилистириў бойынша усынысларды Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Экономикалық раўажланыў ҳәм кәмбағаллықты қысқартыў министрлиги мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте бир ай мүддетте нызам ҳүжжетлерине усы Пәрманнан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  2. Усы Пәрманның орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасы Бас министри А.Н.Ариповқа ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Администрациясы басшысы З.Ш.Низомиддиновқа жүкленсин.

 

 

Өзбекстан Республикасы Президенти   Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 5-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF