Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:15:38, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЭКСПОРТ ЖУМЫСЫН ЖӘНЕ ДЕ ҚОЛЛАП-ҚУЎАТЛАЎ ИЛАЖЛАРЫ ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Соңғы жылларда исбилерменлик субъектлериниң экс­порт жумысын мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаў ҳәм хошаметлеўге турақлы итибар қаратылмақта.

Атап айтқанда, Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанында Экспортты хошаметлеў агентлиги шөлкемлестирилип, экс­порттың көлемин арттырыў ушын экспорт етиўши кәрханаларға финанслық жақтан жәрдем бериў механизмлери жаратылды.

Жәҳән базарларында бәсеки кескинлесип атырған шараят өнимлердиң экспорт көлемин арттырыў арқалы жаңа базарларға кирип барыў ҳәм дәстүрий базарларда өз орнын беккемлеў ушын экспорт етиўшилерди мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўды буннан былай да кеңейтиў зәрүр екенлигин жүзеге келтирмекте.

Экспорт жумысын қоллап-қуўатлаў системасын буннан былай да жетилистириў, сондай-ақ, 2017-2021-жылларда Өзбекстан Республикасын раўажландырыўдың бес тийкарғы бағдары бойынша ҳәрекетлер стратегиясын «Илим, мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы Мәмлекетлик бағдарламада белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде:

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 24-майдағы ПҚ-4337-санлы «Экспорт жумысын қаржыландырыў ҳәм қамсызландырыўды қорғаў механизмлерин кеңейтиў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық енгизилген өнимлерди экспорт етиўде тасыў қәрежетлерин 50 процентке шекемги муғдарда компенсациялаўға субсидиялар усыныў механизми өнимлерди автомобиль ҳәм ҳаўа транспортында экспортқа тасыўға да енгизилсин.

Экспорт етиўде автомобиль, темир жол ҳәм ҳаўа транспортында тасыў қәрежетлериниң бир бөлеги компенсацияланатуғын өнимлердиң дизими 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.

  1. Республика аймақлары ҳәм тармақларының экспорт потенциалын раўажландырыў мәселелери бойынша турақлы жумыс алып барып атырған республикалық комиссияға (С.У.Умурзаков) (кейинги орынларда — Республикалық экспорт комиссиясы) экспорт етиўде транспорт қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаў ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен субсидиялар усынылатуғын өнимлердиң муғдарларын белгилеў ҳәм тәртибин тастыйықлаў, сондай-ақ, өнимниң түри, көлеми ҳәм экспорт бағдарына қарап субсидияның анық муғдарларын белгилеў ўәкиллиги берилсин.

Республикалық экспорт комиссиясы бир ҳәпте мүддетте жергиликли экспорт етиўши кәрханалар (олардың ўәкилликли ўәкиллери)ға өнимлерди экспорт етиўде, соның ишинде, 2020-жыл 1-апрельден баслап әмелге асырылған экспорт бойынша автомобиль, ҳаўа ҳәм темир жол транспортында тасыў қәрежетлериниң бир бөлегин компенсациялаўға субсидиялар усыныў тәртибин тастыйықласын.

  1. Өзбекстан Республикасы бажыхана шегарасынан экспорт операциялары бойынша алып өтилип атыр­ған товарлардың бажыхана рәсмийлестирилиўин әмелге асырыўда физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге енгизилген барлық түрдеги мәжбүрий төлемлер ҳәм орынлаў ҳүжжетлери бойынша қарыздарлығы бар екенлигин тексериў әмелияты 2021-жыл 1-январьға шекем бийкар етилсин.
  2. Экспорт етиўшилер гиреў сыпатында қамсызландырыў хызметлеринен пайдаланғанда қамсызландырыў сыйлығын қаплаўға Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда министрлиги жанындағы Экспортты хошаметлеў агентлиги тәрепинен компенсациялар усынылатуғыны белгиленсин.
  3. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги Экс­портты хошаметлеў агентлигиниң қәрежетлери ушын тийкарланған есап-санақлар бойынша 2020-жыл ушын Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджетинен зәрүр қаржылар ажыратсын ҳәм 2021-жылдан ҳәр жылы зәрүр бюджет қаржыларын нәзерде тутсын.
  4. Өзбекстан Республикасы Президентиниң айырым ҳүжжетлерине 2-қосымшаға муўапық өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилсин.
  5. Өзбекстан Республикасы Инвестициялар ҳәм сырт­қы саўда министрлиги бир ай мүддетте мәпдар министрликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.
  6. Усы қарардың орынланыўын қадағалаў Өзбекстан Республикасының Бас министри А.Н.Ариповқа жүкленсин.

      Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.МИРЗИЁЕВ.

      Ташкент қаласы, 2020-жыл 7-май.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF