Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:10:31, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН УРЫС ЖЫЛЛАРЫНДА

(СОҢҒЫ СӨЗ)

Урыс төрт жылға созылып, бир тутас тарийхый дәўирге мегзес болды. 

Урыс жылларында республикамыз колхозлары мәмлекетке 285 мың тонна пахта, 764 тонна наўқан қурт, 60 мың тоннадан аслам дән, 17 мың тонна салы, 15 мың тоннадан аслам гөш, 541 тонна май, 600 тоннадан аслам жүн ҳәм тағы басқа көплеген аўыл хожалығы ҳәм шийки зат өнимлерин тапсырды.

Орта Азияның санаат орайларына, соның ишинде Таш­кент­тиң ири заводларына ғам­қорлық жәрдем сыпатында Қарақалпақстан колхозларынан көп муғдарда балық, гөш, май, дән өнимлери жеткерилди.

Арал теңизиниң қубла бойларында Өзбекстанның балық өнимлериниң 90 проценти аўланды ҳәм қайта исленди. Урыстың ўақтында Мойнақ балық консерва комбинатында армия ушын 20 миллион қуты гөш ҳәм балық консервалары ислеп шығылды. Завод жәмәәти тәрепинен балықтан ун ислеп шығарыў өзлестирилди. Бул адам организми ушын оғада тийимли болып, бир килограмм балық уны 8 килограмм таза балық гөшиниң орнын басты.

Балық хожалығының өндирислик базасын беккемлеў мақсетинде 123,4 мың рубльлик капитал қойылмалар ажыратылды. Өз қурамына 3 балық заводын жәмлеген Әмиўдәрья балық трес­тиниң дүзилиўи усы дәўирге туўра келди.

Қарақалпақстан санаат аўқамы артеллеринде «Самолет» атамасындағы 100 тоқымашылық станоклары, 12 жипек ийириў қазанлары, 10 челнок машиналары орнатылды, Төрткүлде терини қайта ислеў заводы реконс­трукцияланды. Қарақалпақстанның жергиликли санаатының жумысындағы унамлы өзгерислер қатарында жаңа өндирислерди өзлестириў, товарлардың ассортиментин кеңейтиў ҳәм ең баслысы, жергиликли кадр­лардың өсип жетилисиўи ҳәм тағы басқалар орын алды. Урыс жылларында жергиликли санаатта жумысшылар саны 452 адамнан 1301 адамға, балық аўлаў кооперациясында ­ 1628 адамнан 3545 адамға, майыплар кооперациясында ­ 413 адамнан 671 адамға шекем өсти. Бул өсим тийкарынан өндириске ҳаял-қызларды ҳәм жасларды кеңнен тартыў есабынан жүз берди.

Урыс жылларында Қарақалпақстанда мотор ҳәм машиналарды оңлаў бойынша жалғыз кәрхана болған Нөкис мотор-оңлаў заводының әҳмийети жоқары еди. Завод цехларында тракторлар, автомашиналар, аўыл хожалығы инвентары, жер қазыўшы снарядлар оңланды. Нөкис мотор-оңлаў заводының жалпы өниминиң көлеми 1941-жылғы 119 мың рубльден 1945-жылы 380 мың рубльге шекем, яғный, үш есеге өсти.

Хожелиде терини қайта ислеў заводы қурылды. Нөкисте жыллық қуўатлылығы 50-60 мың жуп аяқ кийим болған аяқ кийим тигиў фабрикасы, жылына 2,5-3 млн. метр гезлеме ислеп шығарыўшы фабрика иске түсти.

Гезлемениң кескин жетиспеўшилиги көбинесе мата өндириў арқалы толықтырылып барылды ҳәм ол арнаўлы кийим, таяр үстки кийим, пахта териў қапшықларын ислеп шығарыўда қолланылды.

Районлардағы санаат комбинатлары ҳәм кооперативлик артеллер 1944-жылдың өзинде 160 мың метрлик қолдан жасалған гезлеме ислеп шығарды. Ол тек ғана сырттан алып келинген  ийирилген жиптен емес, ал, артеллер ислеп шығарған жиптен де исленди. 1945-жылы кооперативлик артеллер өз үскенелериниң жәрдеминде 36 тонна жип ийирди.

Қарақалпақстанның кооперация шөлкемлери халықты жанар май менен тәмийинлеўде де үлкен орынды ийеледи. Бул саладағы өнимниң көлеми 1940-жылдағы 13 мың рубльден 1945-жылы 3 миллион 216 мың рубльге өсти. Улыўма урыс жылларында кең тутыныў товарларын ислеп шығарыў көлеми республикада 5,9 миллион рубльден 16 миллион рубльге жетти.

Урыс жылларында Қарақалпақстан фронтқа 32430 кг гөш, 14179 кг гүриш, 5800 килограммнан аслам дән өнимлери, 2327 қысқа жүн пальто, l258 жуп қолғап, 3150 жуп шулық, 1000 жуп жүн шулық, 1000 комплект қалың иш кийим, 1500 куртка, 3900 жуп байпақ, 7 мыңнан аслам пахтадан шалбар ҳәм фуфайкалар жеткерилди. Бул Қарақалпақстанда сол жыллары жергиликли санааттың өскенлигинен дерек береди. Сол ўақыттың өзинде республика мийнеткешлери фронтшыларға саўға (посылка) ушын 817229 рубль жыйнады. Пахтакешлер, шарўалар, балықшылар, санаат кәрханаларының жумысшылары, муғаллимлер «Колхозник Ўзбекистана» атамасындағы авиаэскадрилья ҳәм танк колоннасының қурылысына бираз қаржы топлады. Тек Мойнақ балықшыларының атынан бул мақсетке 1 млн. рубль келип түсти.

Қарақалпақстанлы Н.Сараев, М.Балмағамбетов, А.Пишулин, А.Симонов, И.Махорин, И.Лебедев, О.Абдуллаевларға Советлер Союзы Қаҳарманы атағы берилди. Ал, А.Аманбаев, сондай-ақ, шоманайлы Р.Сайпназаровлар «Слава» ордениниң толық кавалери болыўға миясар болды. Минск қаласын азат етиўде қатнасқанлығы ушын қарақалпақстанлы К.Сапаров, П.Алиев, А.Байдуллаев, К.Мамутов, Б.Дүйсеновлар орден ҳәм медальлар менен сыйлықланды.

Европа халықларын фашистлерден азат етиўде көрсеткен ерликлери ушын Қарақалпақстан аймағынан әскерликке шақы­рыл­ған И.Банифатов, Б.Тихомо­ловқа Советлер Союзы Қаҳарманы атағы берилди, А.Зайко ҳәм Е.Беспаловлар «Слава» ордениниң үш дәрежесин алды.

Саўашларда Қарақалпақстаннан 66 мың адам қатнасып, 34 мың адам фронттан елине қайт­пады. 14 мыңнан аслам жерлеслеримиз ҳәр қыйлы жаўынгерлик сыйлықлардың ийеси болды. 20 адам Қаҳарман атағына, 6 адам «Слава» ордениниң толық кавалерлигине миясар болды. 25,5 мың адам фронт жанындағы тыл жумысларына қатнасты, 75400 ден аслам адамлар басқа участкаларда өзлериниң пуқаралық ўазыйпасын атқарды. Тылда суўықтан, ашлықтан, эпидемиялардан 90 мың адам набыт болды.

Уллы мәмлекетлик ғайраткер Қәллибек Камалов аўыр урыстан алдынғы ҳәм урыс жылларында хызмет еткен тарийхый тулғалар ҳаққында былай дейди; «Отызыншы жыллардың ақырлары, Екинши дүнья жүзилик урыс, халық хожалығын қайта тиклеў. Әйне усы жыллары республиканы бизиң ақсақалларымыз басқарды (Пиржан Сейтов, Наўрыз Жапақов, Мәтеке Жуманазаров ­ Б.Қ). Ҳәммеге мәлим, бул жыллар халық ушын аўыр, мәмлекетлик тәмийнаттың кескин түсип кеткен ўақытлары еди. Жерлер өгизлер, ешеклер жәрдеминде сүрилди, ҳәтте кетпен де қолланылды, шығыр менен суў­ғарылды. Усындай аўыр ўақытлары аўыр сынақларда ақсақалларымыз елимизге жан-тәнин аямай хызмет етти, республикамыздың гүллениўи ушын минсиз мийнет иследи, халықты тойдырыўға ҳәрекет етти, оның бирлигин сақлады».

Б.ҚОЩАНОВ,

тарийх илимлериниң докторы, профессор,

Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF