БУЛ ҚАЛАЙ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛМАҚТА!
Дүнья жүзин тәшўишке салып атырған коронавирус пандемиясы пайда болғалы карантин себепли мектеплерде оқыў ислери ўақтынша тоқтатылған еди.
Кеселлик ҳәўиж алып кетпеўи ушын қолдан келгенинше өз шаңарағымыз бенен биргеликте үйде отырыўымыз бир қанша пайдалы ҳәм утымлы есапланбақта. Ҳәтте көшеге де сыймайтуғын кишкене балалар ўақтынан бурын шереклик демалысқа шығып, ата-анасы менен биргеликте үй қарамағында болмақта. Лекин, ҳәзирги ўақытта барлық орта билим бериў мектеплериниң оқытыўшылары ҳәм оқыўшылары бир-бири менен интернет тармағы арқалы қатнас жасамақта. Айтпақшы болғанымыз, телеэкран арқалы аралықта турып, жаңа оқыў темалары ҳаққында түсиник жумысларын даўам етпекте. Бунда оқытыўшы класс тахтасы алдында турып, темаларға түсиник берип өтеди.
Өзбекстан Республикасында мектеп оқыўшылары арасында аралықтан оқыў усы жылдың 30-март сәнесинен басланды, телеканаллар белгиленген ўақыт бойынша классларға бөлинеди ҳәм оқыў процесин баслайды. Бул оқыў ислери Халық билимлендириў министрлиги, Мәмлекетлик билимлендириў сапасын қадағалаў инспекциясы ҳәм PISA менен биргеликте әмелге асырылады. Телеэкран арқалы көрсетилип атырған сабақлар мектеп оқыўшылары ушын оғада әҳмийетли. Усы орында биз пайтахтымыздағы 31-санлы қәнигелестирилген орта билим бериў мектебиниң баслаўыш класс оқытыўшысы Гүлмийра Бостановаға телефон арқалы мүрәжат еттик.
— Телеэкран арқалы көрсетилетуғын мектеп сабақларына ата-аналардың жуўапкершилиги оғада әҳмийетли. Өйткени, олар перзентлериниң ең биринши жәрдемшилери. 1-4 рус баслаўыш класслары ушын Өзбекстан телеканалының «Ёшлар» телеканалынан орын ажыратылған. Ҳәр күни 8.00ден 16.00ге шекем болып өтеди. Ал, Қарақалпақстан телеведениеси арқалы қарақалпақ класслары ушын ҳәпте күнлери белгиленген, - дейди ол.
— Мениң класым 3-рус класы, республикамызда карантин жағдайы белгиленген күннен баслап, интернет тармағы арқалы ата-аналар, оқыўшыларым менен байланысып тураман. Интернет тармағында «Родители 3 «к» класса» атлы топарымыз бар, ол арқалы класымды математика, рус тили, оқыў сабақлықларынан таза шынығыўлар, жеңил басқатырмалар, мәселелер, шайыр-жазыўшылардың қосық, шығармалары менен таныстырып бараман. Көпшилик ата-аналарымыз перзентлери менен биргеликте белсенди қатнасып атырғаны мени жүдә қуўантпақта. Әсиресе, сүўрет, мийнет сабақлары ушын берилген тапсырмалар балаларымыздың ўақтын мазмунлы өткериўине хызмет етпекте, өйткени барлық оқыўшыларым ислеген жумысларын топарымызға көрсетип қояды, өз гезегинде мен де олардың мийнетлерин баҳалап, орынлы марапатлап бараман. Усы орында бир нәрсени айрықша айтып өтпекшимен, оқыўшыларымыз карантин ўақтында үйлеринде қалып, өз саламатлығына итибарлы болсын. Бәршеңизди жеке гигиенаға қатаң әмел етиўиңизди сорап қаламан. Кеселликти жеңиў сиз бенен бизге байланыслы...
Т.ЖӘРИМБЕТОВА.