РЕСПУБЛИКАМЫЗДЫҢ ГҮЛЛӘН ХАЛҚЫНА
ҮНДЕЎ
Қәдирли ўатанласлар!
Ҳеш кимге сыр емес, бүгинги күнде дүнья жүзи халықларын, соның ишинде, ўатанласларымызды үлкен қәўетерге салып турған актуал машқала — бул коронавирус пандемияси болып табылады.
Ҳүрметли Президентимиз Шавкат Мирзиёев усы жылдың 18-март күни болып өткен мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор мәжилисинде бул жуқпалы инфекцияның кең тарқалыўының алдын алыў, халқымызда сергеклик ҳәм жуўапкершиликти күшейтиў мәселесине кең түрде тоқтап, бүгинги күндеги кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға итибарымызды қаратты.
Соны да айрықша атап өтиўимиз тийис, ҳүрметли Президентимиз тәрепинен усы жылдың 19-март күни қабыл етилген «Коронавирус пандемиясы ҳәм глобал кризис жағдайларының экономика тармақларына унамсыз тәсирин жумсартыў бойынша биринши гезектеги илажлар ҳаққында»ғы Пәрманның қабыл етилиўи кең көлемли әмелий илажларға беккем тийкар болмақта.
Мине, усы Пәрман тийкарында Кризиске қарсы гүресиў қоры шөлкемлестирилди ҳәм оған 10 триллион сум муғдарында қаржы ажыратылды, Өзбекстан Республикасы Бас министриниң басшылығында Кризиске қарсы гүресиў республикалық комиссиясының жумысы жолға қойылды, ислеп шығарыўшы кәрханаларға, исбилерменлерге үлкен жеңилликлер ҳәм имканиятлар берилди.
Пәрманның ҳәр бир бәнти түрли тараў ўәкиллери, атап айтқанда, шыпакерлер, педагоглар, исбилерменлер, фермерлер, өндирис субъектлери, туризм тараўы ўәкиллери ҳәм басқа да тармақлардың мәплерин қорғаўға қаратылған кепилликлерди өз ишине алғанлығы менен әҳмийетли саналады. 29 бәнттен ибарат бул ҳүжжетте макроэкономикалық турақлылық, экономикалық тармақлар ҳәм тараўлардың үзликсиз ислеўин тәмийинлеў, сыртқы экономикалық жумысты хошаметлеў, халықты нәтийжели социаллық қоллап-қуўатлаў, халқымыз дәраматларының кескин төменлеп кетиўиниң алдын алыў бойынша анық, мақсетли, системалы илажлар белгиленген.
Атап айтқанда, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы менен кеселленген ямаса карантинге жайластырылған, сондай-ақ, 14 жасқа шекемги перзентлери болған ата-аналар ушын жеңилликлер бериў, бала тәрбиялаў бойынша напақа ҳәм материаллық жәрдем алыўшылардың санын және де арттырыў, зәрүр болған дәри-дәрмақлар ҳәм медициналық әсбап-үскенелер менен тәмийинлеў, коронавирус инфекциясы тарқалыўына қарсы гүресиў илажларына қатнасып атырған хызметкерлерди хошаметлеў, Исбилерменлик жумысын қоллап-қуўатлаў қорының капиталласыўын 500 миллиард сумға арттырыў, халыққа ўақтынша мийнетке жарамсызлық ҳаққындағы ҳүжжетлерди усыныўдың әпиўайыластырылған системасын шөлкемлестириў, сыртқы саўда операциялары бойынша мүддети өткен дебитор қарыздарлық ушын хожалық жүргизиўши субъектлерге жәриймалар қолланыўды, сондай-ақ, айырым салық түрлери бойынша пенялар есапланыўын тоқтатып турыў ҳәм басқа да бир қатар әҳмийетли ўазыйпалар белгиленген.
Ең тийкарғысы, ҳеш бир мәмлекет тәжирийбесинде ушыраспаған бул тарийхый ҳүжжеттиң қабыл етилиўи экономикамыз турақлылығын сақлап қалыўда әҳмийетли орын ийелейди ҳәм елимиздиң ҳеш бир пуқарасы өз ҳалына таслап қойылмайтуғынлығын, мәмлекетимиздиң инсаныйлық сиясаты әмелде екенин және бир мәрте дәлиллейди.
Әлбетте, булардың барлығы елимизде ең жоқары байлық болған инсан саламатлығын қорғаў, коронавирус инфекциясынан қысқа ўақыт ишинде қутылыў, халқымыздың турмыс абаданлығын турақлы услап турыў сыяқлы ийгиликли мақсетлерди өзинде жәмлейди.
Бүгинги күнде коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў бойынша Қарақалпақстан Республикасында да бир қатар әмелий жумыслар алып барылмақта. Инфекция тарқалыўының алдын алыў бойынша ислеп шығылған илажлар бағдарламасының сөзсиз орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде дүзилген арнаўлы комиссия ҳәм шөлкемлестирилген штаб тәрепинен бүгинги күндеги ҳалат турақлы қадағалап барылмақта.
Денсаўлықты сақлаў мәкемелери, соның ишинде, санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларының имаратларын ҳәм материаллық-техникалық базаларын беккемлеў, базарларда тийкарғы түрдеги азық-аўқатлық өнимлер ҳәм дәриханалардағы санитария-гигиеналық буйымлардың баҳалары өсип кетиўиниң алдын алыў бойынша анық илажлар көрилмекте.
Арнаўлы 34 отряд тәрепинен ҳәр күни 2 мыңнан аслам жолаўшы тасыўшы транспортлар дезинфекцияланбақта. Буннан тысқары, бүгинги күнде халық көп жыйналатуғын мыңнан аслам орынлар дезинфекция етип барылмақта.
Инфекцияның алдын алыў мақсетинде 500 орынлық карантин объектлери шөлкемлестирилип, карантинде сақланыўшылар ушын қолайлы шараятлар жаратыў мақсетинде жергиликли бюджеттен тийисли қаржылар ажыратылды ҳәм керекли инвентарьлар менен толық тәмийинленди.
Бул өз гезегинде коронавирус пандемиясы кең тарқалыўының алдын алыўға ҳәм оған қарсы гүресиўге барлық мүмкиншиликлеримиз бар екенлигин және бир мәрте дәлиллейди.
Әзиз дослар!
Ҳүрметли Президентимиз халқымызға жоллаған Мүрәжатында «Бул өмирдиң көплеген аўыр сынақларын ҳәм жақсы-жаман күнлерин бастан өткерген халқымыз ҳәммесин дурыс түсинип, мәселеге саналы қатнас жасамақта. Муфтийлик басшылығында диний уламалар елимизге тынышлық, наўқасларға шыпа тилеп, дуўа ҳәм пәтиялар етпекте. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммемиз биргемиз ҳәм исенемен, бул қыйыншылықлар, әлбетте, өтип кетеди» деп атап өткен еди.
Ҳақыйқатында да, коронавирус тарқалыўының алдын алыў ҳәм халқымызға қолайлы шараятлар жаратыў бағдарында әмелге асырылып атырған илажлар инсанлардың қәўетерлениўине, ҳаўлықпаға түсиўине ҳеш қандай тийкар жоқ екенлигин аңлатады.
Сонлықтан да, пүткил дүнья бойлап кең ен жайған бул жуқпалы инфекцияға қарсы гүресиўде шыпакер ҳәм тийисли қәнигелердиң усынысларына әмел еткен ҳалда жеке гигиена ҳәм санитариялық қағыйдаларға бойсынып, беккем аўызбиршилик пенен илажлар көриўге шақырамыз!
Дүнья кең жәмийетшилигин қәўетерге салып атырған коронавирус пандемиясына қарсы гүресиў бойынша елимизде әмелге асырылып атырған ийгиликли ислерге мүнәсип үлесимизди қосайық!
Көпти көрген халқымыз және де бирлесип, татыў ҳәм аўызбиршиликли түрде бул сынақты да жеңип өтетуғынына беккем исенемиз.