ПРЕЗИДЕНТИМИЗ МҮРӘЖАТЫ:
АЎЫЗБИРШИЛИК, СЕРГЕКЛИК ҲӘМ ҚЫРАҒЫЛЫҚҚА ШАҚЫРАДЫ
Биз тарийхтан билемиз, халқымыз ҳәмийше өз турмыс тәризиниң азада ҳәм пайызлы болыўын, инсан саламатлығы ҳәмийше оның өзине байланыслы екенин аңлап жасап келген.
Буған әлбетте, журтымыз тәбияты, бағларымыздың шийрин-шекер мийўелери, толып-тасып ағып турған дәрьяларымыз шийрин суўлы, таза, пәкизе булақларымыз да себеп болған.
Булардың ҳәммеси уллы бабамыз Абу Али Ибн Синоның «Медицина нызамлары» шығармасында да айрықша атап өтилген.
Бәршеге мәлим, соңғы үш жылда мәмлекетимизде халықтың саламатлығы Президентимиздиң удайы дыққат-итибарындағы мәселеге айланды.
Күни кеше Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев мәҳәлле ҳәм шаңарақ мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысының басында коронавирус машқаласына тоқтап өтти. «Бул турмыстың аўыр сынақларын ҳәм жақсы-жаман күнлерин басынан кеширген халқымыз ҳәммесин дурыс түсинип, мәселеге саналы жантаспақта. Муфтийлик басшылығында диний уламалар елимизге тынышлық-қәтержамлық, бийтапларға шыпа тилеп, дуўа-пәтиялар етпекте. Миллети, тили ҳәм динине қарамастан, ҳәммемиз аўызбиршиликлимиз ҳәм исенемиз, бул қыйыншылықлар, әлбетте, өтип кетеди» деди Президентимиз. Ҳақыйқатында да, усы күнлерде елимизде ҳәр бир пуқара коронавирус машқаласының алдын алыў, бизиң ушын ең дәслеп, ҳәр бир шаңарақтағы тазалықты, жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўди өзиниң миннети ҳәм ўазыйпасы деп билмекте.
Ең тийкарғысы, халқымыз өз Президентине исенеди. Ҳәр биримиз жақсы билемиз, халқын сүйген, халқы сүйген Журтбасшымыз пүткил дүнья халқын қәўетерге салып атырған қәўипли инфекция Өзбекстан халқына қәўип туўдырмаўының барлық илажларын көрмекте.
Әлбетте, басқа мәмлекетлерде 10 мыңнан аслам адамның усы кеселликтен қайтыс болғаны халқымызды тилеклеслик пенен бирге ҳәммени қәўетерге де салады. Лекин, соны исеним менен айтыў мүмкин, бизиң елимизде бул бойынша барлық илажлар көрилген.
Мәмлекетимизде 6 мыңға жақын адам карантинге алынған. Адамлар топланған орынларда ғалаба илажлар шекленген. 16-марттан баслап барлық билимлендириў мәкемелеринде демалыс жәрияланды. 80 мың студент орайласқан ҳалда үйлерине қайтарылды.
Ҳәр бир аймақта ҳәкимлердиң басшылығында арнаўлы штаблар шөлкемлестирилген. Эпидемиологиялық жағдай бойынша ҳәр саатлық ҳәм күнлик мағлыўмат талқыланып, жедел шаралар көрилмекте. Шаңарақта, мектепте оқып атырған перзентлеримиз телевизор арқалы видеосабақларда оқыў шынығыўларына қатнаспақта. Репетиторлар менен айрықша пәнлерден сабақ өтип атырған жасларымыз телеграмм, инстаграмм арқалы онлайн режиминде билим алыўын даўам еттирмекте.
Ҳәр бир шаңарақта тап айрықша жағдай жәрияланғанындай, ҳәр бир адам сергеклик ҳәм қырағылық көрсетпекте. Бир нураный ата менен сөйлескенимизде;
Балам, Аллатаала бизге сынақ жибергенге усайды, себеби, базарларымызда молшылық, азық-аўқаттың мың түри бар. Жәмийетлик аўқатланыў тармақлары да кеңейип кеткен. Түрли тағамлар писип атыр. Ҳәмме сатып алмақта, билип-билмей жеп атыр. Санитариялық-гигиеналық қағыйдаларын болса базыда умытып қояды. Яғный, жәмәәт көп топланған жерде базыда қол жуўылмайды, аўқатланыў мәденияты сақланбайды.
Әсиресе, азық-аўқат қәўипсизлиги мәселеси халықтың арасында еле толық үгит-нәсиятланбаған. Мине, енди кеше телевизорда көрдик, Президентимиз ҳәммени коронавирус инфекциясы машқаласы менен тазалыққа, саламатлыққа зыян жеткермеўге шақырып атыр.
Тап Аллатааланың өзи адамларды және бир мәрте өз өмириниң саламат болыўына өзлериниң итибарлы болыўға шақырып атырғандай. Таза болың, бир-бириңизди сақлаң деп атырғандай, - деп күйип-писип сөйледи.
Атаның гәплеринде жан бар. Ҳәр биримиз өзимизди сақлап билсек, коронавирус ақыбетлерин Президентимиз белгилеп берген илажлардың орынланыўы әлбетте, сапластырады.
Президентимиз ҳәр бир пуқара ҳаққында қайғырмақта. Мүрәжаттағы «Мәмлекетимизде жетерли дәрежеде резерв бар, қәўетер яки қорқынышқа түсиўге ҳеш қандай тийкар жоқ. Бирақ, көпшиликке келген бул бәлеге қарсы ҳәммемиз биргеликте, бир жағадан бас шығарып ҳәрекет етиўимиз лазым.
Барлық мәмлекетлик структуралар ҳәм коммерциялық емес шөлкемлер, ҳүрметли нураныйларымыз, мәҳәлле, ҳаял-қызлар, жаслар бирлеспелери белсендилери ғалаба хабар қураллары арқалы қалыс, ҳақыйқый ҳәм кең түсиндириў жумысларын күшейтиўине исенемен.
Ҳәзирги жағдайда айырым жуўапкершиликсиз, ҳақыйқый аўҳалдан бийхабар ҳәм өзин «пиар етиў»ди жақсы көретуғын адамлар түрли мыш-мыш ҳәм өтириклерди тарқатыўға урынады.
Усы мүнәсибет пенен жәмийетшилигимизден өтиниш етемен; қорқыў яки албыраў кейпиятына берилмеў керек. Баспасөз ҳәм социаллық тармақларда надурыс, тийкарланбаған мағлыўматларды тарқатыўға жол қоймаслығымыз зәрүр. Бул мәселени ҳуқық қорғаў уйымлары да қадағалаўға алыўы лазым», деп берген көрсетпелери пикиримиздиң дәлили.
Соның менен бирге, Президентимиз бул жағдайдың елимиз экономикасына кери тәсириниң алдын алыўдың барлық илажларының әмелге асырылыўын тәмийинлемекте.
Атап айтқанда, нефть баҳасы, миллий валютаның қәдирсизлениўи, туристлер санының кемейиўи, жалпы ишки өним, экспорт көлеминиң пәсейиўи сыяқлы жағдайлардың алды алынбақта. Арнаўлы исши топар дүзилген болып, туризм, транспорт, фармацевтика ҳәм жеңил санаат сыяқлы тараўларға салық демалысларын бериў, кредитлерди қайтарыў мүддетин кешиктириў, кешиктирилген сыртқы қарыздарлық ушын жәрийма қолланбаў тәртибин енгизиў илажларын көрмекте.
Сондай-ақ, базарларда баҳаның көтерилип кетиўиниң алды алынбақта, барлық тармақлардың үзликсиз ислеўи тәмийинленбекте, жергиликли бюджетлер, халық қоллап-қуўатланбақта.
Президентимиз бул бойынша халыққа мүрәжат етер екен, ең дәслеп биз мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир инсанға болған меҳирин сезинбектемиз. Елимиз басшысы халқымызға, ҳәр биримизге исенбекте, Президентимиздиң Мүрәжатындағы «Көпти көрген халқымыз және де жәмлесип, аўызбиршиликли ҳәм татыў болып, бул қыйын сынақларды да жеңип өтеди, деп исенемен» деген шақырығы буның дәлили.
Ҳәр биримиз Президентимиз Мүрәжатына ләббай деп жуўап берип, бул қыйын процесс коронавирус ақыбетлерин биргеликте, әлбетте, сапластырамыз.
Президентимизге исенемиз ҳәм оны қоллап-қуўатлаймыз.
Гүлистан АННАҚЛЫЧЕВА,
Олий Мажлис Сенаты ағзасы.