АКАДЕМИК ТУЎЫЛҒАН ЖУРТТА...
Бул бес күнлик ялғаншы дүньяда ҳәр ким шама шарқына қарай жасайды. Сонлықтан да данышпанлар адамның өмирин ағар дәрьяға теңейди. Егер өмирин мазмунлы, Ўатанына, халқына пайдасын тийгизип жасаған болса, адам ушын үлкен бахыт саналады.
Мине усындай ылайықлы өмири арқалы Ўатанының ардағында болған академик Марат Нурмухамедов пидайы ел перзенти еди.
Атақлы тюрколог илимпаз, Өзбекстан Илимлер академиясының академиги, өзбек ҳәм қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң ири ўәкили, белгили жәмийетлик ғайраткер М.К.Нурмухамедовтың туўылғанына 90 жыл толыўын ылайықлы белгилеўде «дәнекер»лик етип баслама көтерген ақсақалларымыздан бири У.Тлеўмуратовтың мирәтине бас қосқан белгили илимпазлар, көркем-өнер ўәкиллери минген темир тулпар, суўлығы босатылған қаназаттай жол танабын суўырып, гөзлеген мәнзилимиз Төрткүл районына қарап зуўылдап шаппақта. Қарақалпақ әдебияты, тарийхы, мәденияты раўажланыўында «өшпес» гүзар салып кеткен илимпазды ядқа салыўшы гүрриңлер узақ жолды бир тутамдай қысқартқанын сезбей де қалыппыз.
Төрткүл районындағы 3-санлы балалар музыка ҳәм көркем-өнер мектеби әтирапы байрам кейпиятына бөленген. Сақыйға сақый ана тәбият та ҳақыйқый ел перзенти академик М.Нурмухамедовқа шарапатын тийгизип, ерик ағашларын ақ реңдеги гүлге бүркепти. Гүллерди сәўлелендириўши көйлеклер кийген қызлар да бәҳәрдиң тымсалына айланыпты. Бундай кеўиллерди ҳалласландыратуғын әжайып кейпият еске түсириў кешеси қатнасыўшылары ҳәм мийманларды толқынландырмай қалмады.
«Зәбердес алым, умытылмас тулға» атамасындағы еске түсириў кешесин Қарақалпақстан Республикасы руўхый-ағартыў орайының Төрткүл районлық бөлиминиң баслығы Ж.Сеттиев ашып берди. Буннан соң филология илимлериниң докторлары Ж.Хошниязов, Қ.Жәримбетовлар сөзге шығып, Марат Нурмухамедовтың өмири ҳәм илимий мийнетлери ҳаққында тәсирли етип айтып берди.
Ҳақыйқатында да, академик М.Нурмухамедов, қарақалпақ әдебияты, мәденияты туўралы таўсылмас байлықлар топланылып, келешек әўладқа жетип келиўинде мийнетин сиңирген илимпаз. Әсиресе, қарақалпақ фольклорындағы миллий тилимиздиң гәўҳардай жарқыраўын басқаларға мойынлата алды.
Оның «ийне менен қудық қазғандай» машақаты өзине жетерли илимде өшпес из қалдырыўының артында тынымсыз мийнет, күн-түн демей жанын қыйнап, көзиниң майын төгип, ақылына, қәлемине дем бермеўи жатыр. Пикирлеў дүньясының кеңлиги, билими, озық-ойлылығы, әдебият, тарийх, мәденият, сиясат жаңалықларынан хабардарлығы көп оқығанлығын тастыйықлайды. Илим дүньясы тәреплердиң қарама-қарсылықлы кесиспесисиз, пикирлер таласысыз ҳешқашан өтпеген. Әне усындай жерде төрелигине жүгинип, әдил баҳасын айтқанда шийеленип турған «түйин» аңсат ғана жаздырылғанлығын заманласлары ҳүрмет пенен тилге алады.
Уллы илимпаздың күйеў баласы, ел ақсақалларынан бири, тири архив У.Тлеўмуратов, академик М.Нурмухамедовтың өмири ҳәм сол аласапыранлы жыллары илимий дөретиўшилик жолларында ушырасқан қыйыншылықларды, қасарысып табанлылық пенен жеңип шыққанлығы, устазларына садықлығы, шәкиртлерине меҳир берип әлпешлегени туўралы айтып бергенде қатнасыўшыларға толы зал силтедей тынды. У.Тлеўмуратов, мине усындай етип М. Нурмухамедовты ардақлап, ҳүрмет көрсеткени ушын Республика басшыларына, Өзбекстан Республикасы Илимлер академиясы Қарақалпақстан бөлими Қарақалпақ Гуманитар Илимлер Илим-изертлеў институтына, Төрткүл районы ҳәкимлигине, районлық Халық билимлендириў бөлимине миннетдаршылығын билдирди.
Еслеў кешеси, районлық Халық билимлендириў бөлимине қараслы мектеп оқыўшыларының таярлаған концерт бағдарламасына жалғасып кетти. Өзбек, қазақ, түркмен ҳәм қарақалпақ тилинде атқарылған қосық ҳәм аяқ ойынлар қатнасыўшыларға заўық бағышлады. Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық артисти Г.Сырымбетованың лапызлы ҳаўазы көптен берли сағынғанлардың қулағының қурышын қандырды.
Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан халық шайыры, Өзбекстан Қаҳарманы И.Юсуповтың М.Нурмухамедовтың қайтыс болыўына бағышлап жазылған академикти еске түсириў қосығын Өзбекстан халық бақсысы Т.Қаллиев туңғыш мәрте атқарып кеше қатнасыўшыларына саўға етти. Бул қосықтың намасын Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына хызмет көрсеткен көркем өнер ғайраткери, Бердақ атындағы мәмлекетлик сыйлықтың лауреаты Қ. Зәретдинов жазған.
Негизинде уллы тулғалардың атын атаған ўақытта киндик қаны тамған Ўатаны ядға түседи. Академик М.Нурмухамедов дегенимизде туўылған жери Төрткүл районы есимизге келеди. Ел-халқының пидайы перзентиниң 90 жыллық тойының тусаўы Төрткүлде кесилди.
«Өлиге иззет, тириге ҳүрмет» көрсетиўди орнына қоятуғын жақсы дәстүрли халықпыз. Ҳағына келгенде, адам қаншелли ядта болса, оның исми әсирлер атласада соншелли жасайды. Әдебият, мәденият тараўында мийнет еткен ири тулға, академик Марат Нурмухамедовтың исмин халқымыз ҳеш қашан умытпайды.
Байрам илажлары республикамыз бойлап даўам етеди.
Қ.РЕЙМОВ, өз хабаршымыз,
Төрткүл районы.