ҚАРАҚАЛПАҚСТАН ШЕШИЎШИ 1944-ЖЫЛДА
1944-жыл Қызыл Армияның немец-фашист басқыншылары үстинен ерисилген шешиўши жеңислер жылы болды. Советлер аўқамының аймағы толығы менен азат етилди. Пүткил ел бойлап азат етилген жерлерге жәрдем қолын узатыў ҳәрекети ҳәўиж алды.
1937-жылы шөлкемлестирилген жергиликли санаат урыстан алдынғы дәўирде 120 мың рубльлик өним берген болса, ал, 1944-жылы 10 миллион 552 мың рубльлик өним ислеп шығарып, бул көрсеткиш 1932-жылға салыстырғанда 12 есеге өсти. 1944-жылы Шымбай май заводының қурылысына кирисилди. Сол жылы Нөкисте қурып питкерилген тигиў ҳәм аяқ кийим комбинатының иске түсиўи Қарақалпақстан халқын аяқ кийим ҳәм үстки кийим менен тәмийинлеўге жақсы шараят дүзди.
Шаббаз ҳәм Тахтакөпир районларында еки пахта заводының, суткасына 15 тонна өним шығарыўшы Нөкис механизацияласқан нанбайхананың, аяқ кийим фабрикасының, жип ийириў-тоқымашылық фабрикасының пайдаланыўға тапсырылыўы нәтийжесинде сол жылы санаат өниминиң көлеми 10552 мың рубльге жетти.
Урыс дәўириниң шараяты парахат дәўирде шығарылмайтуғын өнимлерди ислеп шығарыўды талап етти. Гезлемелердиң ҳәдден тыс жетиспеўшилиги қол гезлемесин шығарыў менен қапланып, онлап арнаўлы кийимлер, сыртқы таяр кийимлер, пахта терими ушын қаплар ислеп шығарылды.
Жумысшылардың 13401 адамға шекем өсиўи өндириске тийкарынан ҳаял-қызлар ҳәм жасларды тартыў есабынан жүз берди. Мысалы, 1944-жылы кәсиплик кооперация артеллеринде 3545 жумысшының 1950ин ҳаял-қызлар қурады. Көпшилик жумысшылар ушын «Ҳәмме фронт ушын, ҳәмме жеңис ушын!», «Тек өзиң ушын емес, ал, фронтқа атланған жолдасың ушын да исле!», «Мийнетте саўаштағыдай бол!» сыяқлы сүренли турмыс заңына айланды.
Пахта хожалығын қайта тиклеў ушын улыўмахалықлық ҳәрекет басланды. Басқа участкалардан пахташылықта жоқары зүрәәт шеберлери болған 150 бригадир ҳәм 560 звено басшылары қайтып келди.
Суў тамтарыслығы менен гүрес даўамында 56 жәрдемши қурылмалар қурылды ҳәм қосымша 115 насос үскенелери иске қосылды. 250 бригада ҳәм 6l3 звенолар арасында гвардияшы деген атақ ушын жарыс күшке минди.
Кореец миллети ўәкиллеринен болған көшип келген халық урыс дәўириндеги Қарақалпақстанның аўыл хожалығында жарқын бетлерди ашты. Бул жерлерде дәстүрий болмаған салы егисиниң усылын енгизиўдиң басында А.С.Ем, В.М.Цой, Г.Н.Пак, Н.Г.Хе, Ч.Б.Ли, Б.С.Ким, Р.А.Шегай ҳәм басқалар турды.
1944-жылы пахта тапсырыў жобасы 109,7 процентке орынланды. 1944 ҳәм 1945-жылларда Төрткүл, Хожели ҳәм Шаббаз районларында нәсиллик қаракөл фермалары дүзилди, нәсилшилик паданың сапасын арттырыў бойынша бир қатар илажлар көрилди. Урыс дәўиринде маллардың бас саны 85 процентке, ал, колхозлардың жәмийетлик падасы 66 процентке өсти.
Қарақалпақстанлы кәсиплик кооперативлик артеллер «Промкооператор Каракалпакстана» атамасында танклерди қурыўға 350 мың рубль ажыратты.
Урыс жылларында авиация транспорты үлкен әҳмийетке ийе болды, оның жәрдеминде көплеген әскерий ҳәм пуқаралық жүклер тасылды. Алдын айтып өткенимиздей, Чаржаў, Төрткүл ҳәм Нөкис аралығында жолаўшы-почта авиақатнас орнатылды. 1944-1945-жыллары Нөкис авиакәрханасы ҳәм Ақтөбе аэропортының айрықша звеносы Өзбекстан пуқаралық авиация басқармасының мүтәжликлерин қанаатландырды. 1944-жылдың биринши ярымында, әсиресе, Нөкис авиакәрханасының жумысларында әдеўир табыслар жүз берди. Мысалы, Нөкис аэропорты арқалы 1487 жолаўшы, 36466 кг багаж, 54795 кг ҳәр қыйлы жүклер ҳәм 21643 кг почта тасылды.
Екинши дүнья жүзилик урыс майданларындағы саўашларға Муғаллимшилик институтының оқытыўшылары Н.А.Асфандияров, М.Г.Галикеев, С.Б.Булатов, Д.Б.Базаров, Т.Бекимбетов, Я.М.Досумов, М.Турсунов, студентлери А.Б.Бекбасов, С.К.Камалов, А.Нурманов, А.Панабергенов, Р.Сапаровлар қатнасты.
Тылда эвакуация етилген профессорлар С.А.Фишер, Н.Д.Щепкин, Н.Нефидов, Г.Д.Петров, Б.Д.Франк, А.И.Сидоров, М.В.Щеглов жасларға устазлық етти. Өзбекстаннан П.Ермолов, Е.А.Анисимова, Т.Ҳамраев, Ш.Камалов, Х.Хайритдинов, З.М.Биккулова, С.Омаров, Ж.С.Танибаева, Б.В.Левин сыяқлы оқытыўшылар бирге келди. 1944-жылы үш факультет қурамында Педагогикалық институт ашылды, яғный, ең биринши факультетлер қарақалпақ тили, әдебияты ҳәм тарийхы, физика-математика, рус тили ҳәм әдебияты факультетлери болды.
1944-жылдың апрель айында Ташкент қаласында Орта Азия халықларының музыка декадасы өткерилип, оған республикамыздан Айымхан Қазымбетова (Шамуратова), Тохта Рахманова ҳәм Жапақ бақсы Шамуратов қатнасты.
30-август күни Қарақалпақстан мәмлекетлик театры сахнасында қарақалпақстанлылардың урысқа қатнасыўы туўралы биринши пьеса урыстан қайтқан киши сержант Жолмурза Аймурзаевтың «Лейтенант Елмуратов» атлы спектакли қойылды. Фронт ҳәм тыл қаҳарманлары ҳаққында шығармалар Әмет Шамуратов, Наўрыз Жапақов, Хожабек Сейтов, Жумабай Ташенов, Қармыс Досановлардың да қәлемлеринен дөрелди. Әмет Шамуратов «Қырық қыз» драмасында гөззал қаҳарман Гүлайымның басшылығындағы қырық қыздың, басқаша айтқанда, амазонкалардың халық еркинлиги ушын мәртлик гүресин сүўретлейди. Ал, Рахим Мажитовтың драмасы ушын Бердақтың «Ерназар бий» поэмасы тийкар болды.
Радио арқалы Аббаз Дабылов ҳәм Садық Нурымбетовтың жалынлы қатарлары жаңлап турды. Урыс жылларында Әжинияз, Бердақ, Аяпберген Муўсаев ҳәм басқалардың шығармалары жаңа мазмун тапты. Радиоеситтириўлердиң сеткасында «Тыл фронтқа!», «Фронтқа хатлар!» атамасындағы еситтириўлер дүркини мудамы орын алды.
1944-жылдың 24-декабринде Қарақалпақстан Автономиялы областы дүзилгениниң 20 жыллығы белгиленди. Усы мүнәсибет пенен 200 алдынғы колхозшы ҳәм агрономлар, жазыўшы ҳәм артистлер, партия ҳәм совет хызметкерлери мәмлекетлик сыйлықлар менен сыйлықланды.
Б.ҚОЩАНОВ,
тарийх илимлериниң докторы, профессор.
Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириўи ағласы.