ҚАРАҚАЛПАҚСТАНҒА КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ КИРИП КЕЛИЎИНИҢ АЛДЫН АЛЫЎ БОЙЫНША ҚАНДАЙ ИЛАЖЛАР КӨРИЛГЕН? САНИТАРИЯЛЫҚ-ЭПИДЕМИОЛОГИЯЛЫҚ ТЫНЫШЛЫҚ ОРАЙЫ БАС ШЫПАКЕРИНИҢ РӘСМИЙ БИЛДИРИЎИ
Соңғы мағлыўматларға қарағанда, дүнья жүзинде тийкарынан Қытай, Қубла Корея, Япония, Иран ҳәм Италия сыяқлы 100 ден аслам мәмлекетлерде коронавирус инфекциясы кең тарқалғанлығы бақланбақта.
2020-жыл 18-март күнги мағлыўматларға қарағанда, дүньяда коронавирус кеселлиги менен 198 мыңнан аслам адам наўқасланғаны, 7948 адам кеселлик ақыбетинде қайтыс болған ҳәм кеселликтен 81950 адам саўалған.
«COVID-19» инфекциясы бойынша жүзеге келген бундай жағдай усы кеселликтиң мәмлекетимизге шеттен кирип келиўине себеп болмақта.
Қарақалпақстан Республикасында кеселликтиң республика аймағына кирип келиўиниң алдын алыў бойынша республика муўапықластырыўшы штабы шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлигиниң буйрығына тийкарланып коронавирус инфекциясыниң шеттен кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша коронавирус инфекциясы гүман етилген наўқас анықланғанда ҳәрекетлениўши жәми 24 қәнигеден ибарат оператив топарлар барлық қала ҳәм районларда дүзилди.
Қарақалапақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының тапсырмасы тийкарында барлық қала ҳәм районларда санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларында жәми 34 қәнигеден ибарат 17 дезинфекция топарлары дүзилген, олар дезинфекциялаў ушын керекли әсбап-үскенелер ҳәм дезинфекциялаўшы затлар менен тәмийинленген.
Сондай-ақ, Нөкис қаласы ҳәм районлық санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайларында коронавирус инфекциясы бойынша үгит-нәсият жумысларын алып барыў ушын 106 үгит-нәсият топарлары шөлкемлестирилген.
Қарақалпақстан Республикасына жуқпалы кеселликлер, тийкарынан «COVID-19» инфекциясының кирип келиўиниң алдын алыў мақсетинде, бүгинги күнде мәмлекет шегараларында 3 санитариялық-карантин пунктлери (СКП) жумыс алып бармақта. Республикадағы СКПларда 3 тепловизор, 8 пирометр, 295 сынаплы термометр, 4 бүркегиш үскенелери, 19 арнаўлы қорғаныў кийимлери, 3 сынама алыў топламы, 3 қыстаўлы жеке профилактикалық топламлар менен тәмийинленген. Жумыс алып барып атырған барлық СКПларда санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы қәнигелери ҳәм Республикалық жуқпалы кеселликлер емлеўханасы инфекционист шыпакерлери бекитилген.
Қәнигелер тәрепинен мәмлекетлик шегараларды кесип өтип атырған ҳәр бир пуқаралардың дене температураларын анықлаў ҳәм улыўмалық саламатлық жағдайын баҳалаў жумыслары әмелге асырылмақта. Буннан тысқары, кеселлик ошағында болып келген ҳәр бир пуқараның мағлыўматлары алынып, орайлық штабқа 14 күнлик медициналық бақлаўға алыў ушын жиберилмекте.
Егер республикамызда коронавирус пенен кеселленгенлер ҳәм олар менен байланыста болған пуқаралар ушын Нөкис районында 100, Тақыятас районында 100 ҳәм Нөкис қаласында 250 койкаға мөлшерленген орынлар ажыратылған ҳәм бәрше шараятлар жаратылған. Егер кеселлик анықланған наўқас дизимге алынса Республикалық балалар жуқпалы кеселликлер емлеўханасында 120 орын ҳәм барлық аймақларда 195 орын шөлкемлестирилген.
Жәмийетлик орынларда ҳәм ҳәрекетлениўши транспортларда дезинфекциялаў жумысларын тийисли қәнигелерге ҳәр 4 сааттан өткериў тапсырылған.
Қарақалпақстан Республикасы санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайында жайласқан вирусология лабораториясында коронавирусты анықлайтуғын барлық реактивлер менен жетерли дәрежеде тәмийинленген.
Кеселликтиң алдын алыў мақсетинде Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайы пуқаралардан кеселликтиң алдын алыўда жеке гигиена қағыйдаларына әмел етиўге ҳәм өз денсаўлығына итибарлы болыўға, егер өзиңизде коронавирус инфекциясы белгилерин сезсеңиз, емлеў профилактика мәкемелерине, аймақлық поликлиникаларға хабарласыўыңызды усыныс етеди.
Б.Қутлымуратов,
Қарақалпақстан Республикасы Санитариялық-эпидемиологиялық тынышлық орайының бас шыпакери.
(Қарақалпақстан
хабар агентлиги).