НУРЗАДА БӘРШЕДЕН АЛЫҚ
Ўатанды сүйиў ҳәм қорғаў жолында пидайылық көрсетиўде ҳаял-қызларымыз жигитлерден қалыспайды. Себеби, олар Тумаристей мәрт, батыр болыўға тырысады.
Жақында, Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети системасында жумыс ислеп атырған әскерий ҳаял-қызлар арасында «Тумарис әўладлары» таңлаўы өткерилди.
Таңлаў 8-март — Халықаралық ҳаял-қызлар күнине бағышлап өткерилип, онда миллий қәдириятларымыз, үрп-әдет, салт-дәстүрлеримизди қәстерлеп сақлаў, жәмийетимиздиң тийкарғы негизи болған шаңарақ қорғанын қорғаў ҳәм де әскерий ҳаял-қызлардың қәбилетлерин жетилистириў мақсетинде шөлкемлестирилди.
Таңлаўдан гөзленген мақсет — қәўипсизлик тараўында хызмет етип атырған талантлы, зийрек, әскерий таярлығы жоқары болған ҳаял-қызларды таңлап алыўға қаратылған.
Еки басқыштан ибарат таңлаўда қатнасыўшылар 12 шәрт бойынша беллести. Онда қатнасыўшылардың уқыплылығы, физикалық жақтан епшиллиги де сынақтан өткерилди.
Қуўанарлысы, бул сынақларда қарсыласларынан әдеўир басым келген Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети шегара әскерлери Нөкис қаласындағы бөлиминиң әскерий хызметкери Нурзада Утенова Өзбекстан Республикасы басқышында жеңимпазлықты қолға киргизди.
Жеңимпазлар арнаўлы диплом, баҳалы саўғалар ҳәм де кәсиплик хызметинде, перзентлери тәрбиясында керекли болатуғын китаплар менен сыйлықланды.
С.ТИЛЛАЕВ,
әскерий хызметкер.
СҮЎРЕТТЕ: жеңимпазларды сыйлықлаў пайытынан көринис.