Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 23:01:30, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҚАРАҚАЛПАҚСТАН БУРЫЛЫСЛЫ 1943-ЖЫЛДА

Екинши дүнья жүзилик урыстың барысында 1943-жыл шешиўши ҳәм бурылыслы жыл болды. Бул жыл тылдың жумысларында да бурылыслы болып келди.

Қарақалпақстан өз халық хожалығын урыс жағдайына бейимлестирип қайта қурыўға миясар болды, урыстың дәслепки еки жылындағы аўыр қыйыншылықларды жеңип шықты.

Фронтты ҳәм тылды баҳалы стратегиялық шийки зат пенен үзликсиз тәмийинлеў зәрүрлиги себепли ӨзКП обкомының биринши хаткери Сабир Камалов ҳәм Сов­наркомның баслығы Пиржан Сейтов 1943-жыл 4-июньде қоспа қарар қабыл етиўди мақул тапты ҳәм усы қарар менен райкомлардың биринши хаткерлерине, райисполкомлардың басшыларына, Наркомземниң жергиликли уйымларына ғалаба-сиясий жумыслар шөлкемлестириў арқалы колхозшыларды 100 процент пахта күтимине шығарыў, жоңышқаның түнги орыў жумысларын шөлкемлестириў ўазыйпалары жүкленди.

Урыс жылларында республикада оперативлик шешимди талап етиўши ҳәр қыйлы күтилмеген жағдайлар да ушырасып турды. Усындай мәселелерди өз ўақтында шешип барыў ҳәм тийисли директивалардың орынланыў барысын турақлы қадағалаў мақсетинде Қарақалпақстан басшылары өзлерине жуўапкершилик зоналарды бөлисип алды. Мысалы, районлардың Төрткүл топары биринши хаткер С.Камаловқа жүкленди, Шымбай топары Совнарком баслығы П.Сейтовтың жуўапкершилигинде болды, ал, Хожели топары Жоқарғы Советтиң Баслығы М.Жуманазаровтың қадағалаўында болды.

Мойнақ, Қоңырат, Қараөзек районларының балықшылары Фарҳад ГРЭСиниң қурылысшыларына 1100 тонна балық жиберди. Атап өтилген районлардың, сондай-ақ, Карпромсоюздың, Наркомместпромның, Коопинсоюздың басшылары 1943-жылы усы қурылыста бәнт болған ташкентли исшилер менен колхозшыларға көрсетилген 1100 тоннадан зыят көлемде, дузланған, қақлан­ған ҳәм ысланған түрде тапсырыўға миннетлеме алды, соннан Мойнақ бойынша ­ 1000 тонна, Промкооперация бойынша ­ 80 тонна, Наркомместпром бойынша ­ 10 тонна, Коопинсоюз бойынша ­ 10 тонна.

Әмиўдәрья арқалы суў жолының ашылыўы менен Арал теңизинен 200 тонна көлеминде биринши партия балық жөнетилди. Мойнақ балық консерва комбинаты баслығы Ерозиди П.Сейтовты комбинат тәрепинен «Фарҳадстрой» қурылысшылары ушын керекли муғдарда субпродуктлар ажыратылады, 40 мың қуты балық консервалары ислеп шығарылады, деп исендирди.

СССР Совнаркомының «О строительстве маслозаводов в Кунграде, Ходжейли и Чимбае» атлы қарарына муўапық, районлар ҳәм Наркомместпром басшылары бул қурылысларды жергиликли материаллар менен тәмийинлеў мақсетинде дәрҳал гербиш, ҳәк ислеп шығарыў, қамыс, ший таярлаў ҳәм тағы басқа да қурылыс мате­риалларын өндириў бойынша тапсырмалар алды.

1943-жылы Хожелиде 5 пресске ҳәм Қоңыратта 2 пресске арналған май заводларының қурылыслары басланды. Республика пайтахтында мотор оңлаў заводы иске түсирилди.

Сол 1943-жылы Нөкис қаласында қурылысы басланған 5300 уршыққа белгиленген текстиль фабрикасы жергиликли пахта шийки заты негизинде республикада пахта гезлемесин ислеп шығарыўға мөлшерленген еди.

Қарақалпақстанның ўәкиллери Свердловск ҳәм Пермь областьлары, Оренбург ҳәм басқа да қалалардың заводларында, фабрикаларында ҳәм шахталарында мийнет иследи. Тек бир ғана Пермь областының Кизель районында жайласқан «Коспатуголь» трестиниң шахталарында сол жылы l000нан аслам қарақалпақстанлылар жумыс иследи. 400ден аслам Қарақалпақстан тур­ғынлары Бекабад металлургия комбинатының қурылысына қатнасты. Ташкент жасларының шақырығына муўапық, көп санлы ҳаял-қызлар Ангрен шахталарында иследи.

Урыс дәўиринде Қарақалпақстаннан Өзбекстан ҳәм РСФСРда жайласқан ФЗО мектеплерине ҳәм өнерментшилик-техникалық училищелерге 3300ден аслам жаслар жиберилди.

Урыс жылларында өз пидәкерлик мийнетлери менен дәрья ҳәм автомобиль транспорты хызметкерлери де жақсы көзге түсти. Қарақалпақстан дәрья транспорты бойынша әскерий ҳәм хожалық тасыўлар көлеми 241,3 мың тоннаны қурады. Мәмлекетлик теңиз ҳәм дәрья флоты улыўма жүк көтериў қуўатлылығы 20,7 мың тоннаға ийе 79 механизацияласқан ҳәм 228 механизацияланбаған кемелерге ийе еди. l943-жылы Арал параходшылығының арқасында фронт ҳәм тыл үзликсиз түрде дуз, нан, пахта туқымы, нефть, балық ҳәм басқа да баҳалы жүклер менен тәмийинленип турды.

1943-жылдың егиси мапазына шекем республикада улыўма узынлығы 450 километр­лик 25 жаңа каналлар қурылды ҳәм 80 ирригациялық қурылмалардың жағдайлары жақсыланды. Нәтийжеде Хожели районына Тамды районынан 8 колхоз, ал, Шоманай массивине Хожели районынан 4 колхоз, Қоңыраттан 5 колхоз көшти. Қосымша 50 мың гектарлық жаңа майданлар өзлестирилди, 1940-жылға салыстырғанда егислик майданлардың көлеми 39 процентке артты. Төрткүл, Қыпшақ, Қоңырат, Хожели ҳәм Тахтакөпир районларында егислик майданлар 2,5 есеге, ал, дәнниң жалпы жыйымы 2 еседен асламға өсти.

l943-жылы нураныйлар арасында колхоз жерлерине қайтыў бойынша Ўатансүйиў­шилик ҳәрекет пайда болды. Қоңырат ра­йонында 64 жастан 80 жас аралығындағы 42 нураный жер-бақша бригадасын дүзди. Олар бир жылда 7655 трудодень өндирди. Сондай-ақ, 35 ветеран қурамында майдан бригадасы да дүзилди.

Урыс жылларында Энгельс атындағы, «Шоманай», «Қырық қыз», «Киров-Абат», «Ярмыш» каналлары ҳәм Киров атындағы каналдың Нөкис отводы қурылды, сондай-ақ, тәбийғый суў сақлағышы бар Назархан массивинде «Хожакөл» магистрал каналы қайта исленди. Ирригациялық системаларды тазалаў менен бир қатарда, урыс дәўиринде l09 объектте 6439,7 мың м3 лик жер жумыслары әмелге асырылды.

Б.ҚОЩАНОВ,

тарийх илимлериниң докторы, профессор, Қарақалпақстан Республикасы

халық билимлендириўи ағласы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF