ҚАРАҚАЛПАҚСТАН РЕСПУБЛИКАСЫ ДЕНСАЎЛЫҚТЫ САҚЛАЎ МИНИСТРЛИГИНИҢ «COVID-19» КОРОНАВИРУС ИНФЕКЦИЯСЫ БОЙЫНША РӘСМИЙ БИЛДИРИЎИ
Ҳәммемизге белгили, 2019-жылдың декабрь айы орталарында Қытайда жабайы ҳайўан ҳәм теңиз ҳайўанлары сатыўшыларының бир топарында өткир дем алыў жоллары кеселликлери, гриппке уқсас белгилери менен кеселлер анықланып, раўажланыў нәтийжесинде бир неше мәмлекетлерге тарқалып кеткен еди.
«COVID-19» атлы усы кеселликтиң алдын алыў ушын Қытайда жүдә көп орынлы емлеўханалар қурылған еди, көплеген дүнья мәмлекетлери карантин жәриялады, яғный, шегараларды жабыў, ғалаба илажларды бийкар етиў, оқыў орынларын ўақтынша жабыў ҳәм басқа көплеген илажларды өткерген еди.
Карантинге әмел етиў, яғный, кеселликтиң тарқалыўына жол қоймаў ушын берилген барлық усынысларға әмел етилиўи нәтийжесинде 10-март күнине келип Қытайда коронавирусқа шалынған 13 мыңнан зыят адамларды емлеген 16 емлеўхана наўқаслар толық емленгенлиги ушын жабылды, вирус пенен кеселлениў дерлик жақсы тәрепке өзгермекте.
Тилекке қарсы, елимизде де усы кеселлик анықланды. Кеселлик анықланған ҳаял ҳәм оның менен байланыста болғанлардың ҳәммеси анықланып, айрықша бөлек арнаўлы орында, басқаларға кеселлик жуқпайтуғын орында емленбекте, бирақ, сақ болыў ҳеш кимге зыян етпейди.
Белгили болғанындай, ҳәзир дүнья бойлап коронавирус инфекциясының (COVID-19) тарқалыўы халқымызды да қәўетерге салмақта. Усы мүнәсибет пенен, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық тынышлықты сақлаў агентлигине бул бойынша исленип атырған карантин ҳәм профилактика илажлары бойынша қосымша ўазыйпалар да белгиленди.
Мәмлекетимизге коронавирус инфекциясы (COVID-19) ның кирип келиўи ҳәм алдын алыў бойынша Дүнья жүзилик денсаўлықты сақлаў шөлкеми усыныслары тийкарында қатаң илажлар көрилмекте.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги бир қатар министрлик ҳәм шөлкемлер менен биргеликте бул бойынша тийисли усыныслар ислеп шығылып, биргеликте жумыслар алып барылмақта. Емлеў-профилактика орынларында жоқары компетенцияға ийе, яғный, арнаўлы түрде қәнигелигин арттырған шыпакерлеримиз бар. Сондай-ақ, ҳәр бир емлеўханада дезинфекция, индивидуал қорғаныў қураллары ҳәм дәри-дәрмақлар қоры жаратылған ҳәм пуқта таярлықлар көрилген.
Коронавирус инфекциясы тарқалыўының алдын алыў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Бас министри Абдулла Ариповтың басшылығында айрықша мәжилис болып өтти. Онда бир қатар қатаң илажлар белгиленди.
Соның ишинде, мәмлекетимиздеги барлық мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери, улыўма билим бериў мектеплери ҳәм жоқары оқыў орынларына усы жыл 16-март күнинен баслап дем алыс бериледи. Наўрыз улыўмахалықлық сейиллери де бийкар етиледи. “алабалық мәресимлер, соның ишинде, көкпар-ылақ ойынлары, гүрес ҳәм басқа адамлар көп топланатуғын илажлар ўақытша тоқтатылады.
Буннан тысқары, Өзбекстанның сырт мәмлекетлер менен авиа ҳәм автомобиль қатнаўы тоқтатылады. Елимиз пуқараларының сырт еллерге шығыўы, сырт ел пуқараларының мәмлекетимизге кириўи қадаған етиледи.
Ҳүкимет карантин ўақтында өнимлердиң баҳаларын тийкарсыз көтериў жағдайларына қарсы кескин шаралар көрмекте. Буған Бас прокуратура жанындағы департамент ҳәм Мәмлекетлик салық комитети жуўапкер етип бекитилген. Азық-аўқат ҳәм басқа қорлар жетерли дәрежеде толықтырылған.
Сондай-ақ, карантин ўақтында жалған ҳәм тексерилмеген, адамларда ҳаўлықпа оятатуғын хабарлар тарқатқан шахсларға қарата әмелдеги нызамшылық шеңберинде жынайый жуўапкершиликке дейинги болған шаралар көриледи.
Еслетип өтемиз, усы жылдың 15-март күни Республика Вирусология институты лабораториясында Францияда болып қайтқан бир Өзбекстан пуқарасында «COVID-19» коронавирус инфекциясы анықланған еди. Ҳәзир де эпидемиологиялық сорастырыў ҳәм кеселликтиң тарқалып кетпеўи ушын барлық профилактикалық илажлар толық әмелге асырылмақта. Қадағалаў күшейтилмекте. Соның менен бирге, наўқас пенен бирге байланыста болған барлық шаңарақ ағзалары да республика Вирусология илимий тексериў институты клиникасына жатқарылды. Қәнигелеримиз тәрепинен оларға медициналық қадағалаў орнатылып, қәнигелескен лабораториялық анализден өткерилди. Анализ нәтийжелери наўқастың өмирлик жолдасы, улы, қызы ҳәм ақлығында коронавирус инфекциясы бар екенлигин көрсетти. Сондай-ақ, бул инфекция Стамбул — Ташкент жөнелисиндеги 274-рейс пенен келген Өзбекстан пуқарасында да анықланды.
Коронавирус инфекциясы кирип келиўи ҳәм тарқалыўының алдын алыў бойынша усыныслар:
- қолларыңызды сабын менен жақсылап тез-тезден жуўың;
- жүз ҳәм көзиңизди қол менен ысқыламаң;
- имканы барынша адам көп жыйналатуғын жәмийетлик орынларға барыўдан тыйылың;
- ҳайўанларға қол тийгизиўден сақланың;
- көпшилик пайдаланатуғын предметлерди услағаныңызда қолыңызды антисептик қураллар арқалы дезинфекция етиң;
- жөтелгенде, мурын аққанда ҳәм түшкиргенде аўыз бенен мурынды бүгилген шығанақ, жең яки салфетка менен жабың. Соң пайдаланылған салфетканы тасланды қутысына таслаң ҳәм қолыңызды жуўың;
- аязлаў ҳәм грипп белгилери бар адамлар менен байланыста болыўдан тыйылың;
- кеселликтиң дәслепки белгилери байқалғанда, үйде қалың ҳәм дәрҳал шыпакерге мүрәжат етиң.
- бөлмелериңизди турақлы самаллатып турың.
Усы орында Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги халықты ҳаўлықпаға түспеген ҳалда, жоқарыда келтирилген усынысларға толық әмел етип, өзиңиз ҳәм жақынларыңыздың денсаўлығына итибарлы болыўға шақырып қалады.
Д.Ходжиев,
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.