Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 22:57:46, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖАСЛАР ӘСКЕРИЙ ХЫЗМЕТКЕ АТЛАНДЫ

Усы жыл 26-февраль сәнесинде Президентимиздиң «Өзбекстан Республикасы пуқараларын мүддетли әскерий хызметке гезектеги шақырыў ҳәм белгиленген хызмет мүддетин өтеп болған әскерий хызметкерлерди Қураллы Күшлердиң резервине босатыў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилген еди.

Онда 2020-жылдың март-апрель айларында пуқараларды мүддетли әскерий хызметке шақырыў белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы қорғаныў ислери басқармасында жасларды  мүддетли әскерий хызметке узатып салыў салтанаты болып өтти. Оған ата-аналар ҳәм жәмийетлик шөлкем ўәкиллери қатнасты. Онда Арқа-Батыс әскерий округи сәркардасының биринши орынбасары, полковник К.Заидов, Нөкис қалалық мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў бөлими баслығының кекселер бойынша орынбасары К.Қалендеров ҳәм басқалар шығып сөйлеп, Қураллы Күшлер тараўында жүргизилип атырған жумыслар, сондай-ақ, әмелге асырылып атырған түпкиликли реформалардың нәтийжесинде миллий армиямыз оператив ҳәм ҳәр қандай қәўип-қәтерлерге мүнәсип соққы бере алатуғын қүдиретли күшке айланғанлығын мақтаныш пенен тилге алды.

  Атап өтилгениндей, елимиздиң тыныш ҳәм пәраўан турмысын, шегараларымыздың қол қатылмаслығын тәмийинлеўде, миллий армиямыз соңғы заманагөй техникалар менен тәмийинленген болып, оның  қатарлары саламат ҳәм жүрегинде оты бар наўқыран азаматлар менен толмақта. 

­ Нөкис транспорт қурылыс кәсип-өнер колледжин питкерип, әскерий хызметти атқарыўдағы шегим Жиззақ ўәлаятына  түсти, - деди Хожалепес Бердибаев. ­ Әскер болыў несип етип, Ўатан алдындағы азаматлық ўазыйпамды атқарыўда армия қатарына қабыл етилгенимнен  қуўанышлыман. Ол жердеги командирлердиң тапсырмаларын сөзсиз орынлап, теориялық билим ҳәм әмелий шынығыўларды пуқта өзлестирип, 27 процентлик усыныснаманы қолға киргизиўге ҳәрекет етемен...

Илаж соңында әскерий оркестр ҳәм көркем өнер шеберлериниң атқарыўында концерт бағдарламасы қойып берилди.

 

А.ОРАЗОВ,

Қарақалпақстан

хабар агентлиги.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF