КЕЎЛИНДЕГИСИ ТИЛИНДЕ САЙРАП ТУР
Бүгинниң ҳаялларын қоя бериң сирә! Мейли ол үй жумыслары ма, мейли ол дала жумыслары ма, қайсы бирин болса да таңлап отырмастан ҳеш қандай кемшиликсиз орынлаўға өзинде күш таба биледи.
Биз сөз етпекши болған қаҳарманымыз Әнар Избасарова да ҳәр қандай жумыстан мойын таўламайтуғын ҳаяллардан. Ол ҳәзирги күнде Нөкис районындағы «Саманбай» аўыл пуқаралар жыйыны «Қатты ағар» хожалығы аймағында жайласқан көп тармақлы «Әнар» фермер хожалығын басқарып келмекте. Әнар апа «Қой, дала жумысларына араласып, өзиме артықша тәшўиш арттырғанша, енди балларым үп-үлкен жигит болып қалды, өзлери еплесин» деп отырмастан, қайтама және де шаққанласып, перзентлерине жол-жоба бериўден жалыққан емес. Олар менен биргелесип жумыс алып барып атырғанлығынан, Алла тала күш-қуўат бергенлигинен заўықланып, жумысларына басшылық етип жүргенлигинен өзин бахтияр сезинеди.
Ҳүрметли дем алысқа шығаман дегенше райондағы 17-санлы мектепте тарийх пәнинен жоқары категориялы оқытыўшы болып ислеген ол 1999-жылы усы фермер хожалығына тийкар салып, жигирма жылға шекем пахта ҳәм бийдай жетистириў бойынша шуғылланып келген. Өткен 2018-жылда ҳәм оған шекемги дәўирде 6 мәрте Өзбекстанда бириншилерден болып мәмлекетке пахта тапсырыў режесин артығы менен орынлап келген. Хожалықтың улыўма жер майданы 13,5 гектарды қурайды.
Өткен 2019-жылдан баслап фермер хожалық мийўе-палыз өнимлерин жетистириўге бағдарланып, бүгинги күнде интенсив технология тийкарында нәллерди жерге отырғызыў ислери менен бәнт. Хожалыққа тийисли 2 үлкен бағ болып, ҳәзирше 5 жумысшы мийнет етпекте. Мәўсимге байланыслы кеминде 40-50 адам усы фермер хожалығында жумыс пенен бәнт болады.
Фермер Әнар Избасарова алдағы ўақытта шарўашылықты да раўажландырыўды мақсет етпекте. Буның ушын нәсилли 30 бас қой алып, оларға күтим бермекте.
Өмирлик жолдасы Ерназар Сәрсенбаев 2002-жылы өмирден өткеннен кейин 2 ул, 2 қызына өзи ҳәм аналық ҳәм әкелик етип, және де тетиклесиўге бел байлады. Өзиниң мийнет сүйгишлиги, тынып-тыншымаслығы ҳәм меҳрийбаншылығының арқасында жақсы жерлерге қызларын узатып, келинлер алыўға миясар болды. Мен қәйин енемен деп отырмастан, келинлерине қарасып, ақыры сизлер болмағанда мениң ислерим жүрисер ме еди, деп мақтаўларын берип, марапатлап та отырады.
Усындай пидайы, мийнеткеш, ғайратлы, зәбердес ҳаялдың тынымсыз мийнетлери инабатқа алынып, өткен 2019-жылы «Муътабар аёл» көкирек нышаны менен сыйлықланды.
Ол ҳаялға тән берген бир мысалды пайыты келгенде айтып өтиўди орынлы деп билдим. Бизге әзелден ата-бабаларымыздан мийрас болып жетип келген үрп-әдетлеримизге бола мийман дастурхан әтирапына жайласып отырып болғаннан кейин мийманның өзинен пәтия айтылады. Апамыздың шаңарағына барғанымызда әдеттеги әмелден соң Әнар апа бәршениң итибарын қаратып, «Илайым пәтия-тилеклериңиз орынлансын, мениң 17 жасымнан баслап жанымда бирге жүрген қәдирдан достым Минайханның (ол шайыр, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының ағзасы, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген мәденият хызметкери Минайхан Жуманазарованы нәзерде тутты) өмири қысқа болды. Алла таалам жайын жәннеттен етсин, руўхы шад болып, бизден ырза болғай» деп еки қолын пәтияға жайды. Кейин және «Мен өзи сондайман-да, кеўлимде, қыялымда бар гәпимди тутып тура алмайман, жақынларым менен ортақласқым, пикирлеским келеди» деп өзиниң минез-қулқын да билдирип қойды.
Өмирлик жолдасым әжайып инсан еди. Әттең, өмирден ертелеў кетти. Ол бәрқулла мени түсинип, барлық қыйыншылықларды жеңип өтиўде қоллап-қуўатлайтуғын еди. Аллаға шүкир, перзентлеримиз бир-бирине мийирман, елимизге пайдасы тийетуғын инсанлар болып камалға келди. Илайым, елимиз тыныш, шаңарағымыз аўыз биршиликли, қырманларымыз қут-берекетли болсын, перзентлеримиз камалын көриў биз аналар ушын ең үлкен бахыт, деп кеўлиндеги ең қәдирли тилеклерин билдирип биз бенен хошласты.
Гүлнара ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: Әнар Избасарова.
М.ХАБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўрети.