ҲӘР ТАМШЫ СУЎДЫҢ ҚӘДИРИНЕ ЖЕТЕЙИК!
Суў сондай ресурс, өмиримиздиң бир күни де олсыз өтпейди. Инсан аўқатсыз 7-10 күн жасаўы мүмкин, лекин, суўсыз 2-3 күн жасай алады. Базыбир болжаўларға қарағанда, инсан 60 жыл өмири даўамында 40-50 тонна суў сарплайды екен.
Бул пүткил бир цистерна дегени. Дүнья жүзинде бар болған суўлардың тек 3 проценти ғана ишиўге жарамлы есапланып, мине усы 3 проценттиң де ярымынан көби патасланыўы ақыбетинде жарамсыз ҳалға келип қалмақта. Ҳәзирги күнге келип, дүнья халқының 1 млрд. 400 млн. адамы таза ишимлик суўы менен тәмийинленген. Тәбияттың бизге берген бул бийбаҳа инамының қәдирине жетип, оны ысырап етпеў ҳәр биримиздиң ўазыйпамызға айланыўы тийис.
Европа Аўқамы Өзбекстан Республикасы Суў хожалығы министрлиги Европа Аўқамының Орайлық Азия регионаллық экология орайы ҳәм оның Өзбекстандағы филиалы ҳәм «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен Европа Аўқамының «Өзбекстанның аўыл-аймақларында суў ресурсларын турақлы басқарыў» бағдарламасынан орын алған «Өзбекстанда суў ҳәм қоршаған орталық мәселелери бойынша хабардарлықты арттырыў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыў» жойбары тийкарында «Мәмлекетимиздиң бес ўәлаяты ҳәм Қарақалпақстан Республикасында ғалаба хабар қураллары ушын инфо-компания инструментлери» атамасында Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлими менен биргеликте семинар-тренинг шөлкемлестирилди. Ташкент мәмлекетлик Аграр университети Нөкис филиалында өткерилген бул семинарға ғалаба хабар қураллары хызметкерлери, суў хожалығы, экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәселелери бойынша қәнигелер, «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси ўәкиллери қатнасты.
Илажда Өзбекстан Республикасы «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Директорлар Кеңеси баслығы Т.Мажидов, усы бирлеспениң Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы Р.Кошековлар сөзге шығып, аўыл хожалығында суўды үнемлеў технологиялары, пәс басымлы тамшылатып суўғарыў системасы ҳәм оның әҳмийети ҳаққында тоқтап өтти. Соның менен бирге, «Регионымызда ҳәм мәмлекетимизде суў ресурслары ҳәм суў хожалығы тараўында әмелге асырылып атырған реформалар», «Аралдың қурыўы ҳәм оны жумсартыў» атамаларындағы презентацияларында суўдың инсан турмысындағы әҳмийети, жер шарындағы суўдың муғдары, Арал машқаласы бойынша алып барылып атырған жумыслар ҳаққында мағлыўматлар берди. Буннан соң тамшылатып суўғарыў технологияларынан утымлы пайдаланып, нәтийжелерге ерисип атырған фермерлер турмысынан алынған ҳәм «Тоғайзарлыққа айланып атырған Арал» атамасындағы видеокөринислер қатнасыўшыларға қойып берилди.
Жойбар даўамында «Суўшы» жәмийетлик бирлеспеси тәрепинен таярланған «Суў ресурсларынан пайдаланыў ҳәм қоршаған орталықты қорғаў мәденияты» атлы қолланба ҳаққында да айтып өтилди. Сондай-ақ, жойбар қәнигелери республикамыздың суў, экология қәнигелери атап өтилген темалар бойынша журналистлердиң қызықтырған сораўларына жуўаплар берип, өз-ара унамлы пикирлерин билдирди.
Қатнасыўшылардың суў ҳәм экология мәселелери бойынша бизге билдирген пикир-усынысларын алдағы ўақытлары инабатқа алып, әмелге асырыўға ҳәрекет етемиз, - дейди Өзбекстан Республикасы «Суўшы» жәмийетлик бирлеспесиниң Экология мәселелери бойынша қәнигеси А.Хужақулов.
Жуўмағында тренинг қатнасыўшылары мәмлекетимизде суўдан үнемли ҳәм нәтийжели пайдаланыў, оның патасланыўына ҳәм ысырап болыўына қарсы гүресиў, берилген мағлыўматлардан пайдаланған ҳалда өзлериниң кейинги жумыс барысында бул мәселелерди халыққа жеткериўде итибарды күшейтиў кереклигине әҳмийет қаратыў кереклиги ҳаққында айтып өтти.
Г.САПАРОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: семинар-тренингтен көринис.