МАШҚАЛАЛАР БИРГЕЛИКТЕ ТАЛҚЫЛАНДЫ
Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Мәлимлеме хызмети тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги басшылары қатнасыўында халықтың саламатлығын қорғаў, атап айтқанда, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасы, бүгинги жағдайы ҳәм тараўдағы басқа да мәселелерге бағышланған баспасөз әнжуманы болып өтти.
Онда Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев ҳәм оның орынбасарлары, Нөкис қаласындағы медициналық мәкемелердиң басшылары менен жергиликли ғалаба хабар қуралларында хызмет етип атырған журналистлер ҳәм блогерлер қатнасты.
Тараў басшысының айтып өткениндей, соңғы жылларда ҳүрметли Президентимиз тәрепинен тараўды раўажландырыў, атап айтқанда, халықтың саламатлығын арттырыў, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылаў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта.
Мәселен, өткен 2019-жылдың өзинде республикамыздағы 238 емлеў-профилактикалық мәкемелерине сырт мәмлекетлерден 19 миллиард сумға жақын 4955 дана медициналық әсбап-үскенелер алып келинди. Республикамыздағы тез медициналық жәрдем автотранспорт машиналары нормативке бола 155ке жеткизилди.
Инвестиция бағдарламасы шеңберинде 16 объектте, «Абат аўыл» бағдарламасына муўапық 16 объектте, ҳәм «Абат мәҳәлле» бағдарламасы бойынша 1 объектте жәми 69 миллиард сумнан аслам қурылыс-оңлаў жумыслары алып барылды. Сондай-ақ, жергиликли бюджет есабынан 53 объектте 17 миллиард сумнан артық реконструкция жумыслары әмелге асырылды...
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри тәрепинен усы сыяқлы тараўда бир қатар әмелге асырылған жумыслар ҳаққында толық мағлыўматлар берилди.
Атап өтилгениндей, тараўдағы қәнигелердиң жетиспеўшилиги машқаласы, әсиресе, районлардағы аўыллық шыпакерлик пунктлерин қәнигели шыпакерлер менен тәмийинлеў мәселеси елеге шекем шешилмей атыр. Айырым медицина мәкемелери хызметкерлериниң пуқараларға медициналық хызмет көрсетиўдеги процесслерде коррупция жағдайлары ҳәм усы процессте узақ нәўбет күтиў жағдайлары ушыраспақта. Жеке меншик дәриханаларда дәри-дәрмақ баҳаларының тийкарсыз қымбатлаўы да машқалаларды келтирип шығармақта. Әсиресе, ең аянышлы тәрепи, туўыў үйлеринде аналар ҳәм нәрестелер өлимшилиги менен байланыслы жағдайлар да ушырасып атыр.
— Денсаўлықты сақлаў тараўы ендигиден былай медициналық қамсызландырыў системасына өткерилиўи күтилмекте,-деди министр. — Бул өз гезегинде хызмет көрсетиўдиң сапасын жақсылап, коррупция жағдайларына шек қояды. Бәршеңиздиң хабарыңыз бар, быйыл 14-февралда Өзбекстан Республикасы Президентиниң «Қарақалпақстан медицина институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы қарары қабыл етилди. Бул өз гезегинде жоқарыда тилге алынған тийкарғы машқалалардан бири — аўыллық шыпакерлик пунктлерин қәнигели шыпакерлер менен тәмийинлеўде әҳмийетли қәдем болатуғынлығына исенемиз...
Пикир-таласлар тәризинде өткен баспасөз әнжуманында ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери тәрепинен медициналық тексериўлерден өтиў, қыстаўлы медициналық жәрдем көрсетиў, тез жәрдем машиналарының қыстаўлы шақырықларға кешигип келиў жағдайлары, машиналардың басқа мақсетлерде жумсалыўы, 18 жасқа шекемги балалар ҳәм жас өспиримлерге көрсетилип атырған мәмлекет тәрепинен кепилленген бийпул медициналық хызмет сапасының төменлиги, бул бағдарда әсиресе республикалық көз кеселликлери емлеўханасында кемшиликлерге жол қойылып атырғанлығы, шыпакерлер тәрепинен қосымша көплеген дәрилердиң жазып берилиўи, емлеўханалардағы төлемли хызметке болған пуқаралардың наразылығы, жеңилликли тайпадағы пуқаралар ушын ордер алыўдағы сергизданлықлар, гематологиялық кеселликлер менен наўқасланғанларға бийпул медициналық хызметлердиң зәрүрлиги, жәмийетимизде өзлерин тәўип деп адамларды исендирип, ҳәр қыйлы емлеў усылларын қолланып атырған пуқаралардың ис-ҳәрекетлери, айырым емлеў мәкемелериндеги санитариялық жағдайлардың төменлиги, елеге шекем базыбир шыпакерлердиң, әсиресе туўыў үйиндеги айырым медицина хызметкерлериниң «шашыўыңды берип кет» деп дәмегөйлик етиўи қатаң сынға алынып, сораўлар турмыслық мысаллар менен берилди.
Баспасөз әнжуманында ҳәзирги күнде пүткил дүньяға қәўип туўдырып атырған коронавирус кеселлиги ҳаққында да мағлыўматлар келтирип өтилди. Министрликтиң айтыўынша, бул бойынша республикамызда ҳеш қандай қәўип-қәтерге орын жоқ. Вирустың кирип келиўиниң алдын алыў бойынша қәўипсизлик илажлары көрилген.
Денсаўлықты сақлаў министри тараўдағы усы сыяқлы басқа да машқалаларды тиккелей өзи қадағалаўға алыўын айтып, ғалаба хабар қураллары хызметкерлерин бул бағдарда бирге ислесиўге шақырды.
Министр тәрепинен берилген жуўаплардың ең тийкарғысы негизинде ҳәр бир адамның өзи биринши гезекте медициналық мәдениятқа ийе болыўы, өзиниң пуқаралық ҳуқықын талап ете билиўи, ҳәр қандай кеселликти емлегеннен оның алдын алыў әмеллерине қатаң бойсыныўы тийис екенлиги атап өтилди.
Медицина тараўы басшыларына блогерлер тәрепинен социаллық тармақ арқалы жәмийетлик пикир тийкарында шөлкемлестирилген канал арқалы да онлайн түринде жүзден аслам сораўлар келип түсти.
Еркин пикирлесиў түринде өткен баспасөз әнжуманында журналист ҳәм блогерлер өзлерин қызықтырған сораўларына қанаатланарлы жуўапларын алып, медициналық хызмет көрсетиўдиң сапасын еле де жақсылаў бойынша билдирилген пикир ҳәм усыныслар алдағы ўақытта өз шешимин табатуғынлығына исеним пайда етти.
Г.ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.