Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:17:49, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ГИЯБЕНТЛИК ДӘРИЛЕРИ  ИРКИЛДИ

Елимизде бажыхана қәнигелери тәрепинен гиябентлик затлар ҳәм олардың нызамсыз түрде айланыўына қарсы гүресиў бойынша системалы тийкарда жумыслар алып барылып атыр.

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы Контрабанда ҳәм бажыхана нызамбузыўшылығына қарсы гүресиў бөлими тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы Мәмлекетлик қәўипсизлик хызмети басқармасы ҳәм Ишки ислер министрлигиниң қәнигелери менен биргеликте нәшебентлик затлардың нызамсыз айланысының алдын алыў мақсетинде алдын-ала алынған мағлыўматлар тийкарында Қарақалпақстан Республикасының Еллик­қала районында оператив илаж өткерилди.

Илаж даўамында пуқара Ю.А.«шәртли қарыйдарға» 398 конвалютада жәми 3980 дана таблетка «Трамадол Ланнахер 50 мг» атлы нәшебент­лик дәри затларын 20 000 000 сумға сатып атырған ўақытта илаж қатнасыўшылары тәрепинен тоқтатып қалынды. Сол пуқарадан гиябентлик дәрилер ҳәм де 20 000 000 сум тийисли тәртипте рәсмийлестирилип, ай­ғақлы зат ретинде алып қойылды.

Усы жағдайға байланысы болған Қарақалпақстан Республикасы Беруний районында жасаўшы пуқара А.А.ның үйи гүўалар қатнасыўында тексерилгенинде, үйи сыртындағы қумлық жерде таслар астына жасырып көмип қойылған 400 дана «Трамадол Ланнахер 50мг.» гиябентлик дәрилик затлары бар екенлиги анықланды.

Жоқарыда анықланған жағдайлар бойынша ҳәзирги ўақытта сорастырыў жумыслары алып барылып атыр.

***

Сондай-ақ, Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасы «Даўыт ата» шегара бажыхана посты арқалы Қазақстан Республикасынан елимизге пияда кирип келген пуқара А.Б. бажыхана хызметкерлери тәрепинен тексериўден өткерилди.

Бажыхана тексериўи нәтийжесинде пуқара менен өткерилген сораў-жуўапта айтылмаған ҳәм жолаўшының бажыхана декларациясында көрсетилмеген улыўма 100 дана «Баклосан» психотроп заты, сондай-ақ, ҳәр бир таблетка қурамында 20 мг «Фенобарбитал» психотроп заты болған 120 дана «Андипал» дәрилик заты нызамсыз түрде Россия Федерациясынан елимизге алып киятырғанлығы анықланды.

Ҳәзирги ўақытта бажыхана уйымлары тәрепинен усы жағдай бойынша да сорастырыў ҳәрекетлери даўам етпекте.

 

Ю.ҚУДИЯРОВА,

Қарақалпақстан Республикасы Бажыхана басқармасының

мәлимлеме хызмети инспекторы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF