«ЕҢ КИТАПҚУМАР»ЛАРҒА ЖАҢА САЎҒАЛАР
Жақында пайтахтымыздағы «Жаслар орайы» мәжилислер залында «Беруний китап дүньясы» ЖШЖ баслығы Ш.Ахунджанов, Қарақалпақстан Республикасы халық билимлендириў министри А.Аяпов, Қарақалпақстан Республикасы ишки ислер министриниң орынбасары И.Ахметов, қала ҳәм районлық билимлендириў мәкемелери басшылары, ғалаба хабар қураллары ўәкиллери қатнасыўында «Ең китапқумар мектеп» таңлаўының жаңаланыўы ҳаққында өз-ара кеңесип алысты.
Алдымыздағы айларда баслаўыш класслардан тысқары, республикамыздағы мектеп оқыўшылары арасында «Ең китапқумар мектеп» жойбары тийкарында өткерилетуғын «Ең китапқумар район», «Ең белсенди китапханашы», «Ең китапқумар мектеп», «Ең китапқумар шаңарақ», «Ең китапқумар оқыўшы» номинациялары бойынша беллесиў ҳәм «Китаплар ярмарка»сы өзгеше тәризде өткерилиўи ҳаққында жыйналыс қатнасыўшыларын хабарлады. Беллесиўлер шәртлери бойынша «Ең китапқумар район», «Ең китапқумар шаңарақ» номинацияларына «Нексия-3», «Спарк» автомобильлери қойылыўы күтилмекте. Сондай-ақ, белсенди қатнасқан мектеп жәмәәти ҳәм оқыўшылар ноутбук, велосипед ҳәм тағы басқа да саўғалар менен сыйлықланады. Ең узақ районлардан, әсиресе, Мойнақ районынан қатнасатуғын кем тәмийинленген шаңарақ ҳәм имканияты шекленген оқыўшылар белгиленген сумма муғдарында хошаметленеди. Ең итибарлысы, «Ең китапқумар шаңарақ» номинациясы бойынша беллесиўде оқыўшы менен биргеликте оның ата-анасы да қатнасыў ҳуқықына ийе болады.
— Ҳәр бир шаңарақта китап текшеси болыўы шәрт, себеби, перзент биринши гезекте тәрбияны үйден алады, - дейди «Китаплар дүньясы» қоры Ш.Ахунджанов. — Ҳәр бир баланың китап текшесинде Өзбек ҳәм Қарақалпақ халқының классик шайыр-жазыўшыларының дүрдана дөретпелери орын алыўы керек. Өткен жылларда шөлкемлестирилген «Китап ярмарка»ларынан белгили болғанындай, «Балалар энциклопедиясы» ең өтимли китаплар қатарында болды. Бул китап баҳасы 45000 сум еди, ата-аналар ушын еле де қолайлы етиў мақсетинде, Санкт-Петербург қаласынан арзан баҳадағы қағазларды арнаўлы түрде китап ушын алып келдик. Сонлықтан, усы жылы бул китап баҳасы 15000 сум болыўы ҳәм 30 атамада басып шығарылыўы күтилмекте, - дейди ол.
Жыйналыс соңында республикамыздағы 727 мектеп оқыўшыларының белсенди қатнасыўын тәмийинлеў мақсетинде тийисли тапсырмалар берилди ҳәм усы мәселени ғалаба хабар қуралларында халыққа нәтийжели үгит-нәсиятлаған журналистлерге де арнаўлы саўғалар берилетуғыны ҳаққында айтып өтилди.
Т.ЖӘРИМБЕТОВА.
СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.