Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:33:53, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

МОЙНАҚ — БАҒ-БАҚШАСЫ МЕНЕН КӨРКЕМ

Жердиң жарасығы бол­ған мийўели, саяманлы терек, бағ-бақшалы Мойнақтың қунарлы жерине кесеў шанышсаң да көгереди. Арал жағалаўларына бәҳәр паслы сәл кешигип келгени менен мойнақшылар көк­лемзарластырыў жумысларына әллеқашан кирисип, 290 мың түп нәл егиўди жоба­ластырып отыр.

— Мойнақтың шараятында бул жумысларды жүргизиў ушын пуқта таярлық көриў талап етиледи. Ҳәр түп ушын жерди бир метр тереңге қазған соң суўға қандырып, таза топырақты дәриске  араластырып бөктиремиз. Арал қоры есабынан быйылдың өзинде көше бойлары ҳәм орайлық майданшаларға егилген жас нәллерге l4 километр узынлықта суў тармақлары тартылды. Түрли декоратив ҳәм мийўе, сондай-ақ, жергиликли қаратал, ақтал, жийде, тораңғылларымыздың қәлемше нәллерин таярладық, - дейди район ҳәкиминиң орынбасары Батыр Үббиниязов.

— Бул ийгиликли исте ҳәммеге өрнек көрсеткен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси сенаторлары l гектар жерге «Мойнақтағы мениң бағым», республикамыздан, Ташкент қаласы ҳәм Наўайы ўәлаяты, нефтегаз тармақларында ислеўши исбилермен жаслар топары узақлардан келип, еки-үш күн даўамында бизлер менен бир сапта әжайып бағ жаратты.

Және бир жаңалық, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының басламасы менен районымыздағы китапқумар оқыўшылар арасында «Жетискенлик китабы» атамасында таңлаў өткерилип, жеңимпазларды сыйлықлаў ҳәм Амфитеатр алдында Жазыўшылар қыябанына өзбек, қарақалпақ, басқа да халықлардың жазыўшы-шайырларының бюст­лери қойылатуғын орынларға дәслепки тырнағын қалаў мәресимлерине Қарақалпақстан Республикасы Жазыўшылар аўқамының баслығы, Қарақалпақстан халық шайыры К.Каримов, Өзбекстан Республикасы Бас прокуратурасының Мойнақ районын раўажландырыўда нызамшылықтың орынланыўы үстинен қадағалаў басқармасы прокуроры М.Қосназаров ҳәм ра­йонның кең жәмийетшилик ўәкиллери қатнасты.

 

Ө.ӨТЕЎЛИЕВ,

өз хабаршымыз.

Мойнақ районы.

СҮЎРЕТЛЕРДЕ: Китапқумар оқыўшылардың таңлаў жеңимпазларын сыйлықлаў ҳәм Жазыўшылар қыябанына қойылатуғын бюстлердиң тырнағы қаланыўындағы жумыслардан улыўма көринислер.

Автордың түсирген сүўретлери. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF