КОРОНАВИРУСТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ ИЛАЖЛАРЫ
Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеминиң мағлыўматы бойынша, Қытай Халық Республикасында коронавирустың жаңа түри эпидемиясы жүзеге келген.
2020-жылдың 25-февралында дүнья жүзинде 80149 адамда коронавирус кеселлиги анықланған. Олардан 2701 адам қайтыс болған. Оннан Қытайда 77 658 адамда кеселлик анықланған. 22663 адам дүньядан көз жумған ҳәм 4 235 адам саўалды.
Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөлкеми жаңа коронавирусқа рәсмий атама берди. Ол Covid-19 вирусы деп аталады. Бул ҳаққында Дүнья жүзилик Денсаўлықты сақлаў шөкеминиң баслығы Женевадағы форум алдынан өткерилген мәжилис ўақтында мәлим етти. Кеселлик Қубла Корея, Италия, Япония, Сингапур, Вьетнам, АҚШ, Таиланд, Австралия, Тайвань, Малайзия, Франция ҳәм басқа да мәмлекетлерде анықланған. Наўқаслардың көпшилигиниң дене ыссылығы жоқары болған ҳәм дем алыўында қыйыншылық пайда еткен, көкирек клеткасы рентгенографиясы өкпениң зыянланыўын (пневмония) көрсетти.
Коронавирус туқымласына көп вирус киреди. Бирақ, олардың тек жетеўи адамға жуғыўы мүмкин. Инфекция орташа шамаллаўдан өлимге шекем алып келиўи мүмкин болған аўыр өткир респираторлық синдромды шақырады. Тийкарғы инфекция дереги жабайы ҳәм үй ҳайўанлары, наўқас адам есапланады. Жуғыў жолы — ҳаўа, тамшы арқалы болады. Адамнан адамға жуғады. Наўқасларды емлеген оннан аслам медицина хызметкерлери өзлерине кеселлик жуқтырғанлығы анықланды.
Кеселлик өткир, дене ыссылығының көтерилиўи, күшли раўажланбаған улыўма зәҳәрлениў белгилери менен басланады. Сондай-ақ, балаларда дем алғанда көкирек клеткасында аўырыў, жөтел, үшпелек ысқырығындай қурғақ сырылды еситиледи. Коронавирус инфекциясы өткир пневмония менен асқыныўы мүмкин.
Кеселликтиң аўыр кешиўи бақлаўға алынатуғын қәўипли топарларға төмендегилер киреди:
- ҳәмиледар ҳаяллар, әсиресе, үшинши үш айлықта;
- Туўыўдан кейинги дәўирдеги ҳаяллар, балалар ҳәм үлкен жастағы адамлар (2 жастан киши, 65 жастан жоқары);
- Артықша салмақлы наўқаслар;
- Хроникалық кеселликлери бар наўқаслар (өкпе кеселликлери, бронх астмасы, хроникалық бронхит, жүрек-қан тамырлары кеселликлери, қантлы диабет ҳ.т.б.).
Вирустың даўасы: арнаўлы еми жоқ. Емлеў илажларының тийкарын дем алыў ҳәм басқа зыянланған ағзалардың хызметин тиклеў қурайды. Вирусқа қарсы препаратлар қолланылады. Симптоматикалық емлеў усылынан пайдаланылады. Кеселликтиң алдын алыў бойынша бүгинги күнде арнаўлы вакцина ислеп шығылған жоқ.
— Коронавируслы кеселликлер дизимге алынған мәмлекетлерге барыўдан алдын сақланыў илажлары менен толық танысыў.
— Тири ҳайўанлар базарларына барыўшылар, ҳайўанлар ямаса олардың өнимлери менен қатнаста болыўшы шахслар системалы түрде улыўма гигиена қағыйдаларына бойсыныўы талап етиледи. Әсиресе, ҳәр бир қарым-қатнастан соң қолды сабынлап жуўыў усыныс етиледи. Жуўмастан қол менен бетти, аўыз-мурынды услаў қадаған.
— Намәлим ҳәм кеселленген ҳайўанлар, сондай-ақ, олардың шийки затлары менен қатнаста болмаў керек.
— Базарлар, дүканлар имаратларында ҳәм ашық майданлардағы топырақтың ҳайўан шығындылары менен патасланбаўы талап етиледи.
— Писирилмеген ҳәм шала писирилген гөш өнимлерин жеў қадаған.
— Шийки гөш, сүт ҳәм ҳайўан ишки ағзаларынан пайдаланғанда қорғаныў илажларын көриў шәрт.
— Базар, малларды сойыў пунктлеринде ислеўшилер ҳәм ветеринария хызметкерлери жоқарыда көрсетилген талапларға әмел етиўи шәрт.
— Жумысшылар қорғаныў кийимлери, маска ҳәм қолғап пенен ислеўи талап етиледи. Пайдаланылған қорғаныў кийимлерди ҳәр күни зыянсызландырыў.
— Аўқатланыўдан алдын ҳәм көшеден келгенде қолларды сабынлап жуўыў.
— Тири ҳайўанларды сатыў орнында, гөш ҳәм гөш өнимлери менен саўда ислеўши орынларда, ығаллығы жоқары болған саўда орынларында системалы түрде дезинфекция жумыслары алып барылыўы.
— Жоқары дем алыў жоллары өткир кеселликлерге шалынған наўқаслар менен қатнаста болғанда кеселлик жуғыўының алдын алыў мақсетинде медициналық маскадан пайдаланыў шәрт.
Коронавирус инфекциясы дизимге алынған еллерден келген шахслар ушын:
- Егер коронавирус инфекциясы дизимге алынған еллерден келген соң 14 күн ишинде кеселликтиң белгилери бақланса, тезлик пенен шыпакерди үйге шақырыў;
- Кеселликти басқа шаңарақ ағзаларына жуқтырмаў ушын қатнасты шегаралаў, бөлек ыдыс-табақтан пайдаланыў (пайдаланған ыдыс-табақларды сабынлы, қайнаған суўда жуўыў);
- Наўқасқа күтим берип қарап атырған жақынлары медициналық маскадан пайдаланыўы ҳәм наўқас пенен ҳәр бир қатнастан соң қолларын сабынлап жуўыўы;
- Кеселликтен саўалғанға шекем зәрүрлик болмаса сыртқа шығыўды шегаралаў талап етиледи.
В.АБСАТТАРОВА,
Қарақалпақстан Республикасы Санитария-эпидемиологиялық
тынышлық орайы бас шыпакериниң орынбасары.