ЖЕДЕЛ ИНВЕСТИЦИЯЛЫҚ СИЯСАТ ЭКОНОМИКАМЫЗДЫҢ ӨСИЎИН ТӘМИЙИНЛЕЙДИ КЕГЕЙЛИ — ШАРЎАШЫЛЫҚ, БОЯН ТАМЫРДЫ ҚАЙТА ИСЛЕЎ ҲӘМ ҚАҒАЗ САНААТЫН РАЎАЖЛАНДЫРЫЎҒА БАҒДАРЛАНҒАН РАЙОН
Елимизде инвестициялық сиясатты түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм реформалаў, оны әмелге асырыў бойынша заманагөй, нәтийжели қатнас тийкарында механизмлерди енгизиў, сондай-ақ, инвестициялық процесслерди жеделлестириў ҳәм улыўмалық исбилерменлик орталығын жақсылаў бойынша избе-из илажлар әмелге асырылмақта.
Бул илажлар бәринен бурын экономика тармақларын, социаллық ҳәм өндирис инфраструктураларын жедел раўажландырыўға, санаатты комплексли диверсификациялаў ҳәм оның бәсекиге шыдамлылығын арттырыўды тәмийинлеўге хызмет етпекте.
Сырт ел инвестицияларын жедел тартыў ҳәм бар ресурслардан мақсетке муўапық пайдаланыў, сондай-ақ, оның тийкарында халықтың бәнтлигин, олардың турмыс дәрежесин көтериўди тәмийинлеў мақсетинде Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Өзбекстан Республикасының 2019-жылға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасы ислеп шығылған еди.
Усы қарар тийкарында Кегейли районында бүгинги күнде туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын тартыў бойынша кең көлемли жумыслар әмелге асырылмақта. Бул болса, халықтың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўге унамлы тәсирин көрсетпекте. Районда соңғы жыллары «Lanko miya» ЖШЖ, «Kegeyli qogoz» ЖШЖ ҳәм «CENTRAL ASIA INTERNATIONAL PAPER» ЖШЖ қоспа кәрханалары, «Кегейли текстиль» ЖШЖ, «Hapior Lyuks Stroy» ЖШЖ, «Туран мия» ЖШЖ кәрханалары иске түсип, халық ийгилиги ушын хызмет етпекте.
2019-жылы Кегейли районында 5 жойбар бойынша 3 миллион 766 мың АҚШ доллары муғдарындағы туўрыдан-туўры сырт ел инвестицияларын тартыў режелестирилген еди. Соннан биринши жойбар райондағы «Lanko miya» ЖШЖ тәрепинен 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестиция киргизилиўи белгиленген болса, әмелде 810 мың АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизилген. Екинши жойбар «CENTRAL ASIA INTERNATIONAL PAPER» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен 280 мың АҚШ доллары, үшинши жойбар «Кегейли текстиль» ЖШЖ тәрепинен l миллион 850 мың АҚШ доллары, төртинши жойбар «Hapior Lyuks Stroy» ЖШЖ тәрепинен 140 мың АҚШ доллары, бесинши жойбар «Туран мия» ЖШЖ тәрепинен 680 мың АҚШ доллары муғдарында инвестициялар киргизилген.
2020-2022-жылға мөлшерленген инвестиция бағдарламасы бойынша быйылғы жылы усы қоспа кәрхана тәрепинен целлюлозаны қайта ислеў арқалы жылына 3000 тонна қағаз ҳәм канцелярия буйымларын ислеп шығарыў жойбары усы жылдың биринши шерегинде иске түсириледи. Буннан тысқары, «Кегейли текстиль» ЖШЖ тәрепинен 8 миллион АҚШ доллары, «Lanko miya» ЖШЖ тәрепинен 4 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестиция киргизилиўи белгиленген. Сондай-ақ, «Агрокомплекс Қарақалпақстан» ЖШЖ тәрепинен мал шарўашылық ҳәм гөшти қайта ислеў жойбары бойынша 3 миллион АҚШ доллары муғдарында инвестиция киргизиў бойынша меморандум тастыйықланған.
«Lanko miya» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен 30,8 миллиард сумлық боян тамырын қайта ислеў жойбары ислеп шығылған болса, буның 10,8 миллиарды өз есабынан, 2,5 миллион доллар муғдарындағы қаржы болса туўрыдан-туўры инвестиция есабынан ажыратылды. Жойбар 2018-жылдың 27-июль күни әмелге асырылды. Нәтийжеде жаңадан 100 жумыс орынлары ашылып, бәнтликти тәмийинлеўге үлес қосты.
Ал, «Kegeyli qogoz» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен 2018-жылдың 23-декабринде жойбар баҳасы 3,9 миллион АҚШ долларлық целлюлоза ислеп шығарыў жойбарына өз есабынан 1,1 миллион АҚШ доллары, банк кредити есабынан 1 миллион АҚШ доллары ҳәм инвестиция есабынан 1,8 миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылды. Жойбардың иске түсиўи менен 75 жаңа жумыс орны ашылды.
Буннан тысқары, санаат тараўын диверсификациялаў бойынша Президентимиздиң өткен жылдың 20-21-август күнлери аралығында республикамызға сапары даўамындағы берилген тапсырмалар ҳәм кеңейттирилген түрде өткерилген мәжилис баянламасына муўапық тастыйықланған инвестиция бағдарламасы бойынша «Lanko miya» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен жойбар баҳасы 51 миллиард сумлық боян тамырын қайта ислеў жойбарына 6 миллион доллар муғдарындағы Қытайдың «Luoyang lanbing trade» CO.LTD компаниясының инвестициясы есабынан жойбарды усы жылдың төртинши шерегинде әмелге асырыў белгиленген. Жойбар бойынша жылына 15 мың тонна боян тамыры қайта исленип, 200 жаңа жумыс орны жаратылыўы режелестирилип отыр. Бүгинги күнге шекем 808 мың АҚШ доллары муғдарындағы жумыслар исленди.
«CENTRAL ASIA INTERNATIONAL PAPER» ЖШЖ қоспа кәрханасы тәрепинен жойбар баҳасы l миллион АҚШ долларлық целлюлозадан таяр қағаз өнимлерин ислеп шығарыў жойбары бойынша l миллион АҚШ доллары муғдарындағы Қытай инвесторы «Жинг Вен Пинг» компаниясының туўрыдан-туўры инвестиция қаржысы ажыратылып, жойбар усы жылдың биринши шерегинде әмелге асырылады. Буның нәтийжесинде жылына 18 мың тонна целлюлоза қайта ислеп шығарылады ҳәм 75 жаңа жумыс орны ашылады. Жойбарды әмелге асырыў ушын бүгинги күнге шекем 3,9 миллион АҚШ доллары муғдарындағы Қытайдың «Жинг Вен Пинг» компаниясының инвестиция қаржылары өзлестирилди.
Ал, усы қоспа кәрхана тәрепинен усы жылдың 30-март күни жойбар баҳасы 1 миллион АҚШ доллары муғдарындағы инвестиция қаржысы менен целлюлозадан қағаз өнимлерин ислеп шығарыў жойбарын әмелге асырыў белгиленген. Бул болса, жаңадан 20 жумыс орынларын ашыўға мүмкиншилик жаратады. Бул жойбар бойынша бүгинги күнге шекем 152 мың АҚШ доллары муғдарындағы Қытайдың «Луи Джэн Сцинг» компаниясы инвестиция қаржылары өзлестирилди.
«Туран мия» ЖШЖ тийкарынан боян тамырын қайта ислеп шығарыў менен шуғылланады. Кәрхана жылына 4 мың тонна боян тамырын қайта ислеў мүмкиншилигине ийе болып, өткен жылдың 30-декабринде иске түсирилди. Бул ушын l миллион АҚШ доллары муғдарында қаржы ажыратылып, оның 600 мың АҚШ доллары инвестиция қаржысы Қытайдың «Luoyang lanbing trade» СО. L5D компаниясы есабынан, ал, 400 мың АҚШ доллары муғдарындағы қаржы қоспа кәрхананың өз есабынан қапланды. Нәтийжеде 200 жаңа жумыс орны ашылды.
Өткен жылы районда 4 миллион 747,7 мың долларлық экспорт операциялары (соннан санаат өнимлери 4717,6 мың доллар, мийўе-палыз 30,1 мың доллар) әмелге асырылып, белгиленген болжаў көрсеткишлери 112,5 процентке орынланды. Сондай-ақ, 2020-жылы район бойынша экспортқа жәми 4 миллион 465 мың долларлық өним шығарыў режелестирилмекте. Соның 3 миллион 300 мың доллары «Lanko miya» ЖШЖ тәрепинен, 920 мың доллары «Туран мия» ЖШЖ тәрепинен ҳәм 245,5 мың доллары мийўе-палыз өнимлерин экспортқа шығарыў арқалы әмелге асырылады.
Өткен жылы район бойынша жәми 2 миллион 686 мың долларлық импорт операциялары әмелге асырылған болса, бул көрсеткиш алдынғы жылға салыстырғанда 38,3 процентке кемейген. Соннан 262,7 мың доллар химия ҳәм пластмасса өнимлери, 0,3 мың доллар реңли металлар, 76,8 мың доллар қара металл өнимлери, 9,0 мың доллар энергоносительлер, 1825,3 мың доллар әсбап-үскенелер, 78,7 мың доллар азық-аўқат өнимлери, 433,4 мың доллар басқа да өнимлер болып табылады. Ал, «Азамат Раманов» ҳәм «Арслан Шарўа» фермер хожалықлары тәрепинен 311,5 мың долларлық нәсилли қарамаллар алып келинген.
Улыўма алғанда, өткен жылы районда Президентимиздиң 2018-жыл 19-декабрьдеги «Өзбекстан Республикасының 20l9-жылға мөлшерленген инвестициялық бағдарламасын әмелге асырыў илажлары ҳаққында»ғы қарары бойынша тилге тийек еткендей жумыслар алып барылған ҳәм бул бағдардағы жумыслар быйылғы жылы да даўам еттирилмекте. Бул өз гезегинде халықтың бәнтлигин тәмийинлеўге, турмыс дәрежесиниң жақсыланыўына ҳәм елимиз экономикасының өсиўине тийкар болатуғыны сөзсиз. Өйткени, ҳәр қандай инвестиция халықтың пәраўан турмысына хызмет етеди.
С.ОРАЗЫМБЕТОВ,
өз хабаршымыз.
Кегейли районы.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: райондағы «Kegeyli qogoz» ЖШЖ ҳәм «Lanko miya» ЖШЖ қоспа кәрханалары жәмәәти жумысы барысынан көринислер.
Автордың түсирген сүўретлери.