Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:50:34, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

НЫЗАМЛАРҒА КИРГИЗИЛГЕН ӨЗГЕРИСЛЕР

Нотариал хызметлер көрсетиўдиң тезлигин асырыў, пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде тийкарынан, жеке мүлк ийелери өз мүлкинен пайдаланыўда артықша бюрократиялық тосықларды алып таслаў ҳәм де тараўды раўажландырыў ең баслысы, пуқараларға қолайлылық жаратыў тий­карғы ўазыйпамыз саналады.

Өзбекстан Республикасы Әдиллик министрлиги тәрепинен нотариат тараўын тәртипке салыў мақсетинде «Нотариус» автоматластырылған мәлимлеме системасы жаратылғанлығы, яғный, барлық нотариал ҳәрекетлерди бул система арқалы онлайн тәризде мониторинг етиў, сондай-ақ, пуқаралардың шахсын анықлаўда заманагөй тексериў усылларынан пайдаланыў тәртиби енгизилгенлиги нызамсыз ҳәрекетлерди тоқтатыўға тийкар болары анық.

Хабарыңыз бар, 2020-жыл 14-январь күни Өзбекстан Республикасының «Нотариат системасын түптен реформалаў мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында» ғы  Нызамға Президент тәрепинен қол қо­йылды.

Усы Нызамға муўапық Өзбекстан Республикасы «Гиреў ҳаққында», «Нотариат ҳаққында», «Лизинг ҳаққында», «Ипотека ҳаққында», «Риэлторлық искерлиги ҳаққында», «Кредит хабар алмасыўы ҳаққында», «Қәўендерлик ҳәм әменгерлик ҳаққында», «Медиация ҳаққында» ғы Нызам­ларға Пуқаралық ҳәм Пуқаралық процессуал кодекслери, сондай-ақ, лицензиялар талап етилетуғын искерлик түрлери дизимине өзгерис ҳәм қосымшалар киргизилди.

Соның ишинде «Нотариат ҳаққында»ғы Нызамға киргизилген өзгерис ҳәм қосымшаларды айрықша атап өтиўимиз лазым.

  Бул нызамға тийкар мәмлекетлик нотариал кеңселерин мәмлекетлик емес нотариал кеңселер етип қайта шөлкемлестириў ҳәм әдиллик уйымларында мәмлекетлик емес нотариал кеңселерин дизимнен өткериў, сондай-ақ, ислеп атырған нотариусларға олардың арзаларына тийкар нотариал искерлик пенен шуғылланыў ҳуқықын бериўши лицензия бериў ар­қалы әмелге асырылады.

  Көпшиликте тәбийғый сораў пайда болады, яғный мәмлекетлик нотариал кеңселери өз жумысларын қашанға шекем даўам еттиреди!

Демек, тийисли нотариал округта нызам ҳүжжетлерине муўапық жетерли муғдардағы мәмлекетлик емес нотариал кеңселер шөлкемлестирилгенге шекем мәмлекетлик кеңселери өз жумысын даўам еттиреди.

Сондай-ақ, қандай жаңа нотариал ҳәрекетлерди енгизилгенлиги ҳаққында атап өтсек, «Гиреў ҳаққында» ғы Нызамға киргизилген өзгерислерге муўапық, бирлемши базардан көшпес мүлк ҳәм транспорт қуралларын сатып алыў ўақтындағы ҳәм гиреў ҳаққындағы шәртнамаларды мәжбүрий нотариал тастыйықланыў талабы бийкар етиледи.

Усы Нызамға тийкар қурылысы тамамланбаған үй-жайларды басқа шахсқа өткериўде жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымының рухсатын алыў, қәўендерликтеги шахс атынан мал-мүлклерди ижара (аренда) ға бериўде қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйым­ларының рухсатын алыў (бул ҳаққында қәўендерлик ҳәм әменгерлик уйым­ларын хабардар етиў шәрти менен) талаплары бийкар етилди.

Соның менен бир қатарда пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерди судқа шекем болған процесслерде дәлиллерди тәмийинлеў (гүўалардың көрсетпелерин жазып алыў, жазба ҳәм ай­ғақлық дәлиллерди көзден кешириў ҳәм гүўа болыў, экспертиза тайынлаў, Интернет тармағындағы фактлерди тастыйықлаў), пуқаралық-ҳуқықый мүнәсибетлерде, сондай-ақ, мүлкий ҳәм мийрас мәселесинде медиатор ўазыйпасын атқарыў, жаратылған авторлық ҳуқық объектиниң усынылған ўақтын тастыйықлаў сыяқлы жаңа нотариал ҳәрекетлер енгизилди.

  Кимлер нотариус болыўы мүмкин?

«Нотариат ҳаққында» ғы Нызамның 2-статьясына киргизилген өзгериске муўапық «жигирма бес жастан киши ҳәм алпыс бес жастан үлкен болмаған, жоқары юридикалық мағлыўматқа, юридикалық қәнигелиги бойынша кеминде үш жыллық ис стажына ийе бол­ған, сондай-ақ, нотариал кеңседе кеминде бир жыл стажировка өтеген маманлық имтиханын тапсырған Өзбекстан Республикасы пуқарасы нотариус болыўы мүмкин.

Судьялық лаўазымында кеминде бес жыл ислеген яки нотариус жәрдемшиси ямаса әдиллик уйымларының нотариал искерликте басшылық етиўши ҳәм усы искерликти қадағалаў менен байланыслы лаўазымларда кеминде үш жыл ислеген шахслар ушын стажировкадан өтиў талап етилмейди.

Сорастырыўшы, тергеўши, прокурор, әдиллик уйым­ларының жумысы нотариат искерлиги менен байланыслы болмаған басқарыў хызметкерлери яки адвокат ретинде кеминде үш жыл ислеген шахслар, егер, олардың ўәкилликлери тамамланған ўақыттан бес жыл өтпеген болса, алты ай мүддет стажировка өтиўи белгиленди.

Нотариат тараўындағы бир қатар нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилиўи, сондай-ақ, жеке әмелият пенен шуғылланыўшы нотариуслар искерлигиниң ҳуқықый тийкарларының жаратылыўы мәмлекетимиз нотариат сис­темасында түп бурылыс болды деп атасақ болады.

Нотариал хызметлерден пайдаланыў бойынша пуқараларымызға қосымша қолайлылықлар жаратылады. Бул әлбетте, ҳәм исенимли, ҳәм кепилленген болыўы сөзсиз.

Э.Турсунов.

ҚР Әдиллик министри орынбасары.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF