«ХАЛЫҚҚА ҚӘДИРИҢДИ ӨТКИЗИП КЕТТИҢ»
1900-жылы 28-февраль — қарақалпақ медицинасы тарийхында «Халмурат дуқтыр», «Қанатлы дуқтыр», «Қаҳарман шыпакер», «Қарақалпақтың ҳәким улықпаны» деген сый-ҳүрметке ерискен үлкемиздиң биринши шыпакери Оразымбет Халмуратов туўылған сәне.
Өзиниң айрықша шыпакерлик таланты, уқыбы менен халықтың ҳүрметине бөленип өткен Мийнет Қаҳарманы, Өзбекстан ҳәм Қарақалпақстан Республикаларына мийнети сиңген шыпакер Оразымбет Халмуратовтың 120 жыллығы мүнәсибети менен Оразымбет Халмуратов атындағы Республикалық көп тармақлы медицина орайында еске алыў кешеси өткерилди.
Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги, Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлими ҳәм басламасы менен шөлкемлестирилген бул илаж қатнасыўшылары ҳәм шыпакердиң шаңарақ ағзалары дәслеп қаламыздағы Шорша қойымшылығындағы О.Халмуратовтың қәбирин зыяратлап, гүл шеңберлер қойды.
Буннан соң кең жәмийетшиликтиң қатнасыўында республикалық көп тармақлы медицина орайының алдында О.Халмуратовтың бюсти Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығы орынбасары А.Ҳамраев тәрепинен салтанатлы жағдайда ашылды.
Шыпакерге деген айрықша ҳүрметтиң көриниси ретинде үлкен саўаплы иске баслама салынып, медициналық орайда Оразымбет Халмуратовтың ҳәм Республикалық көп тармақлы медицина орайының дәслепки жумыс баслаған дәўиринен баслап бүгинги күнине шекемги жылларды қамтыған тарийхый музей шөлкемлестирилди.
Мийманлар бул жерде нан-дуз бенен күтип алынды. Музей лентасы кесилип, салтанатлы жағдайда ашылды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси Баслығының орынбасары А.Ҳамраев, Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министри Д.Ходжиев, Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Мәмбеткәримов ҳәм О.Халмуратовтың заманласлары, шәкиртлери сөзге шығып, музей жумыслары менен жақыннан танысты. Музейдеги экспонатлар ҳаққында музей иси бойынша жетик қәниге Айгүл Пирназарова тәрепинен кең мағлыўматлар берилди.
Устаз шыпакердиң еске алыў кешеси медициналық орайдың мәжилислер залында даўам етип, оны Қарақалпақстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министриниң биринши орынбасары Қ.Қудайбергенов басқарып барды.
Онда О.Халмуратовтың өмири ҳәм мийнет жолы ҳаққында Өзбекстан Шыпакерлер Ассоциациясы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы А.Мәмбеткәримов, жәмийетлик-сиясий турмысымыздағы хызметлери ҳаққында академик Ж.Базарбаев, шыпакердиң заманласы, бирге кәсиплес болған, Қарақалпақстан Республикасына мийнети сиңген шыпакер Ә.Кәримовлар сөзге шығып, марҳум шыпакерди еске түсирди.
Қаҳарман шыпакердиң қуўлық қызы Шаҳризада Исмайылова «Мениң атам уллы инсан болған» деген жүрегинде мақтаныш сезимлери уялаған кеўил кеширмелерин ақ қағазға түсирип, жазған қосық қатарларын оқып берди.
Қатнасыўшылар дыққатына О.Халмуратов ҳаққында ҳүжжетли фильм қойып берилди. Соң марҳум юбилярдың шаңарағы атынан қызы Нәзира Халмуратова әкесине көрсетилип атырған сый-ҳүрмети, барлық шөлкемлестириў илажлары ушын миннетдаршылығын билдирди.
Биз бәршемиз жақсы билемиз, тарийхта «Тарийхый тулға» болып аты қалған бул инсан дөретиўшилер қәлемине де илинип, ол ҳаққында қосықлар дөретилген.
Күшиңди сарып етип емлеў исине,
Жеткенше асығып наўқас кисиге,
Машина жоқ жерде елдиң ишине,
Дәри-дәрмағыңды бөктерип кеттиң...
Қарақалпақстан халық шайыры Байнияз Қайыпназаровтың қәлемине тийисли бул қосық қатарлары аты аңызға айналған шыпакер Оразымбет Халмуратовтың жарқын естелигине арналған.
Еске алыў кешесиниң шөлкемлескенлик пенен өтиўинде шыпакерлер А.Нурниязов, А.Ещановтың атлары атап өтилди.
Еске алыў кешесиниң мийманлары дастурхан әтирапына жәмлесип, Оразымбет Халмуратовтың жарқын келбетин және бир мәрте айтысып, марҳумның руўхына қуран аяты оқылды. Елимизде халықтың ҳүрмет-иззетине, исенимине ылайық Оразымбет Халмуратовтың ҳақыйқый избасарлары жетилисип шыққай деген ийгиликли нийетлер билдирилди.
Г.ЖҮГИНИСОВА,
арнаўлы хабаршымыз.
СҮЎРЕТТЕ: Илаж барысынан көринис.