ИСБИЛЕРМЕНЛИККЕ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР
Өзбекстан Республикасы Президенти ҳәм ҳүкимети тәрепинен исбилерменлик ҳәрекетиниң жедел раўажланыўын тәмийинлеўге, жеке мүлкти ҳәр тәреплеме қорғаўға, исбилерменлик орталығын сапа жағынан жақсылаўға қаратылған жаңа нызам ҳәм пәрманлар қабыл етилмекте.
Онда киши бизнес ҳәм жеке исбилерменликке кең еркинликлер бериў, олардың жумысына мәмлекетлик уйымлардың араласыўын түптен қысқартыў, ҳуқықбузарлықлардың ерте алдын алыў, артықша қағазпазлық ҳәм коррупцияны сапластырыў, исбилерменлик ҳәрекетин және де раўажландырыў мәмлекетлик сиясаттың ең әҳмийетли жөнелиси ҳәм мәмлекетлик уйымлардың биринши дәрежели ўазыйпасы етип белгиленген.
Өзбекстан Республикасының 2019-жыл 11-декабрьде қабылланған «Исбилерменлик субъектлерин сапластырыў тәртибиниң жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы Нызамы менен нызам ҳүжжетлеринде белгиленген мүддетлерде финанс-хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырмаған исбилерменлик субъектлерин сапластырыў процесин әпиўайыластырыў мақсетинде бир қанша өзгерислер киргизилди. Нызам 2020-жыл 1-январьдан күшке енди.
Финанс-хожалық ҳәрекетлерин әмелге асырмағанлығы себепли белгиленген тәртипте ҳәрекетсиз режимге өткерилген ўақыттан баслап үш жыл даўамында искерлиги тикленбеген субъектлерди дизимге алыўшы уйымның қарары менен сапластырыў белгиленген. Сапластырыўшы юридикалық шахсты сапластырыў ҳаққында ғалаба хабар қуралларында дағаза жәриялайды. Дағазада юридикалық шахстың кредиторларының талапларын билдириў тәртиби ҳәм мүддетлери көрсетиледи. Бул мүддет дағаза берилген күннен баслап еки айдан кем болмаўы керек.
Киши бизнес субъектлери жеке исбилерменлеримиз Президентимиз ҳәм ҳүкиметимиз тәрепинен жаратылып атырған қолайлылықлардан өнимли пайдаланып, республикамызда реформаларды тереңлестириў, экономиканы либералластырыў, мәмлекетимиздиң экспорт имканиятларын арттырыў, бәсекиликти раўажландырыў, халқымыздың бәнтлигин ҳәм базарларымыздың молшылығын тәмийинлеў жолында алып барылып атырған ислерде өзлериниң мүнәсип үлеслерин қосады, деп исенемиз.
З.САЛИЕВА,
Нөкис қалалық статистика бөлими жетекши қәнигеси.