Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:39:54, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҲУҚЫҚБУЗАРЛЫҚЛАР КЕМЕЙМЕКТЕ

Суд системасының басқышпа-бас­қыш демократияластырылыўы, судлардың және де тараўларға бөлиниўи, инсанның ҳуқық ҳәм еркинликлерин, нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған норматив-ҳуқықый ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи Өзбекстанда суд-ҳуқық тараўында әмелге асырылып атырған реформалардың тийкары болып табылады.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2016-жыл 21-октябрь күнги «Суд-ҳуқық системасын буннан былай да реформалаў, пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерин исенимли қорғаў кепилликлерин күшейтиў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2017-жыл 21-февраль күнги «Өзбекстан Республикасы суд системасы структурасын түп-тийкарынан жетилистириў ҳәм жумысларының өнимдарлығын арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманлары тийкарында 2017-жыл 1-июньнен баслап Өзбекстан Республикасының суд сис­темасында Ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилип, олардың юрисдикциясына ғалабалық-ҳуқықый мүнәсибетлерден келип шығатуғын даўлар, сондай-ақ, ҳәкимшилик ҳукықбузарлық ҳаққындағы ислерди көрип шығыў ўәкиллиги берилди, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамында Ҳәкимшилик ислери бойынша судлаў коллегиясы дүзилди.

Ҳәзирги күнде Өзбекстан Республикасының дерлик ҳәр бир аймағында, қала ҳәм районларда Ҳәкимшилик судлары шөлкемлестирилип, жумыс алып бармақта.

Өзбекстан Республикасы Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы кодексиниң айрықша бөлими V бабына пуқаралардың ҳуқық ҳәм еркинликлерине қарсы қаратылған ҳуқықбузарлықлар киргизилген болып, соның ишинде, кодекстиң 41-статьясы «Ақыретлеў» деп аталады.

Ақыретлеў шахстың абырайы ҳәм қәдирин кемситиўди аңлатып, ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа базалық есаплаў муғдарының жигирма есесинен қырық есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады.

Қарақалпақстан Республикасының Ҳәкимшилик судлары тәрепинен  2018-жыл даўамында шахстың абырайы ҳәм қәдирин кемситиў менен байланыслы 2256 ис, 2019-жыл даўамында 1604 ис көрилип, ҳуқықбузарлықлары тастыйықланған шахсларға тийисли тәсир шаралары белгиленген.

Кодекстиң VI бабы денсаўлыққа қарсы қаратылған ҳуқықбузарлықлар болып, соның ишинде, кодекстиң 52-статьясы «Жеңил дене жарақатын жеткизиў» деп аталады.

Статья еки бөлимнен ибарат болып, биринши бөлим абайсыздан дене жарақатын жеткизиў, ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа базалық есаплаў муғдарының бир есесинен еки есесине шекем жәрийма салыў­ға, екинши бөлими, қастан жеңил дене жарақатын жеткизиў, бул ҳәрекет денсаўлығының қысқа мүддетке төменлеўине яки мийнет қәбилетин онша көп даўам етпейтуғын тәризде жоғалтыўға алып келмеген болса, ҳуқықбузарлықты ислеген шахсқа базалық есаплаў муғдарының еки есесинен төрт есесине шекем жәрийма салыўға себеп болады деп белгиленген.

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судлары тәрепинен 2018-жыл даўамында жеңил дене жарақатын жеткизиў менен байланыслы 1686 ис, 2019-жыл даўамында 1145 ис көрилип, ҳуқықбузарлықлары тас­тыйықланған шахсларға тийисли тәсир шаралары белгиленген.

Суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған реформалар ҳәм Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судлары тәрепинен бир қатар унамлы ислердиң әмелге асырылыўы нәтийжесинде ақыретлеў ҳәм денеге жеңил дәрежеде жарақат жеткизиў менен байланыслы ҳуқықбузарлықлар 2018-жылдағыға қарағанда 2019-жылы кескин кемейгенлигиниң гүўасы болмақтамыз.   

Буған себеп Ҳәкимшилик судлары тәрепинен ҳуқықбузарлықларды ислеген шахслардың бәрқулла жасап турған яки олардың дизимде турған жерлериндеги пуқаралар жыйынлары белсендилери, ақсақаллары, көше бийлери ҳәм жаслар қатнасында көшпели судлардың шөлкемлестирилиўи, оқыў орынларында, мәкемелерде ҳәм кең халық қатламы арасында, ғалаба хабар қуралларында үгит-нәсият жумысларының алып барылып атыр­ғанлығы болып табылады.

Судлар тәрепинен бул түрдеги ҳуқықбузарлықларды биринши мәрте ислеген шахсларға жазалаў шараларын қолланып емес, ал, олардың ҳуқықбузарлықларды ислеўге түртки болған жағдайларын үйренип, келип шығыўшы себеплерин анықлап, пуқаралар жыйынларындағы ҳаял-қызлар менен ислесиўши қәнигелерди, Жаслар аўқамы ўәкиллерин, сондай-ақ, пуқаралар жыйынлары ақсақалларын суд мәжилислерине қатнастырып, олар, әлбетте, кепиллик берген жағдайларда тәрбиялық характерге ийе болған тәсир илажларды белгилеп, ҳуқықбузарларға ескертиўлер берилип, ҳәкимшилик ҳуқықбузарлық ҳаққындағы ислер ҳәрекеттен қысқартылыў менен тамамланбақта.

Әлбетте, биз тек суд-ҳуқық тараўында алып барылып атырған реформаларды ғана айтып өтиў менен шекленбестен, Өзбекстан халқын Тийкарғы нызамымыз болған Конституцияда белгилеп қойылған ҳуқықларымызды ғана емес, ал, миннетлеримизди де булжытпай орынлаўға шақырамыз, сонда ғана күшли ҳуқықый демократиялық жәмийет қура аламыз.

 

А.НУРЛИПЕСОВ,

Қарақалпақстан Республикасы Ҳәкимшилик судының судья­сы.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF