Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:43:43, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘҲМИЙЕТЛИ ЎАЗЫЙПАЛАР ДОДАЛАНДЫ

Жақында Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Қарақалпақстан Республикалық Кеңесиниң гезектеги пленумы болып өтти.

Оған партия  Орайлық Кеңесиниң  ўәкиллери, Олий  Мажлис Нызамшылық палатасы, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси депутатлары, партияның Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси ағзалары, қалалық ҳәм районлық партия шөл­кемлериниң басшылары, партия  белсендилери, ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери қатнасты.

Пленумда Өзбекстан «Миллий тикланиш» демократиялық партиясы Орайлық  Кеңеси Атқарыў комитети аппаратының  жетекши қәнигеси  Б.Тураев, Қарақалпақстан Республикасы  Кеңесиниң баслығы Т.Романов ҳәм басқалар   сөзге шығып, 2019-жылдағы жумыслардың жуўмағы ҳәм  мәмлекетимизде өткен жылы «Жаңа Өзбекстан — жаңа сайлаўлар» сүрени астында өткерилген  сиясий мапаздың  жуўмағы ҳәм онда айырым жол қойылған  кемшиликлер менен бир қатарда жетискенликлерге де тоқтап өтти. Партиядан Қарақалпақстан Республикалық Кеңесинен  өткен  сайлаўларда  Олий Мажлистиң Нызамшылық палатасына 2, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесине 14, Халық депутатлары қалалық ҳәм районлық  кеңеслерге 96, жәми 112 депутат сайланды. Әлбетте, бул өткен  сайлаўларға салыстырғанда  Қарақалпастан Республикалық Кеңеси  нәтийжели қатнас­қаны ҳәм де ең қуўанышлысы, быйыл сайланған депутаттың 46сы, яғный, 41 процентин ҳаял-қызлар қурайтуғыны ҳаққында айтып өтти.

— Президентимиздиң Олий Мажлиске жоллаған   Мүрәжатында  «Биз жаңа Өзбекстанды  халқымыз бенен биргеликте қурамыз, деген уллы  мақсетти өз алдымызға қойғанбыз. Бул бағдарда «Жәмийет — реформалар басламашысы» деген жаңа  идея күнделикли жумысымызға барған сайын тереңнен кирип бармақта» деп атап өткениндей, бүгинги күнде сиясий партиялардың  өз электораты  менен ислесиў системасын және де жетилистириў, партиялардың  сиясий белсендилигин арттырыў алдымызда турған  ўазыйпалардың бири болып есапланады, - дейди ӨзМТДП Қарақалпақстан  Республикасы Кеңеси АК аппараты баслығы Л.Абдимуратов.

 «Миллий тиклениўден ­ миллий раўажланыўға» деген идея тийкарында, жасларды ана-Ўатанға  садықлық руўхында тәрбия­лаў ҳәм оларда  әдеп-икрамлық пазыйлетлерин қәлиплестириў ушын мәнаўий ҳәм билим дәрежесин раўажландырыў мақсетинде партия тәрепинен бир қанша жумыслар әмелге асырылмақта. Жәмлеспеген жаслардың бәнтлигин  тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, «Устаз-шәкирт» дәстүрин раўажландырыў мақсетинде мәҳәллелерде жасайтуғын жәмлеспеген жаслар, кем тәмийинленген шаңарақ перзент­лери, ма­йыплығы болған, ўақтынша жумыссыз ҳаял-қызларды қосымша бийпул кәсип-өнерге үйретиў ушын «Хызмет-бийминнет» жойбары шеңберинде өткен жыл даўамында республикамыз бойынша 76 бийпул оқыў курс­лары шөлкемлестирилди. Оларда 400 ге жақын  жәмлеспеген жаслар ҳәм ҳаял-қызларға қосымша бийпул билим ҳәм кәсип-өнер үйретилди. Бул курс быйылғы жылда да даўам етиўи белгиленген...

Пленум жуўмағында партияның Қарақалпақстан Республикасы  Кеңесиниң бы­йылғы жыл ушын ис-режеси ҳәм  әмелге асырылатуғын ўазыйпаларды атқарыў бойынша сөз етилген мәселелер бойынша тийисли қарар  қабыл етилди. 

З.ЖАҚСЫМУРАТОВА.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF