МҮЛК ҲӘМ ЖЕР САЛЫҚЛАРЫН ТӨЛЕЎ МҮДДЕТЛЕРИ ӨЗГЕРДИ
Хабарыңыз бар, жаңа редакциядағы Салық кодексине бола, салықты есаплап шығыў ҳәм төлеў тәртибине, физикалық тәреплерден алынатуғын мүлк ҳәм жер салықларын төлеў тәртибине өзгерислер киргизилди.
Ендигиден былай, физикалық тәреплерге және де қолайлық жаратыў мақсетинде Салық кодексиниң 423-440-статьяларына тийкарланып, салық дәўири ушын салықты төлеў тең үлеслерде 15-апрель ҳәм 15-октябрь сәнелерине шекем деп белгиленди. Атап айтқанда, Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық хызмети хызметкерлери усы өзгерислерди халықтың кең қатламларына жеткериў мақсетинде орынларда, үйме-үй жүрген ҳалда физикалық тәреплерге быйылғы жыл ушын есапланған мүлк ҳәм жер салықлары бойынша төлеў хабарнамаларын тарқатпақта.
Салықты төлеў ҳаққындағы төлеў хабарнамасы салық уйымлары тәрепинен салық төлеўшилердиң қолы қойылған ҳалда ямаса төлеў хабарнамасын алғаны, алған сәнеси ҳаққында мағлыўматлар менен ҳәр жылы 1-мартқа шекем тапсырылады.
Мәҳәллелерде алып барылып атырған үгит-нәсият илажлары даўамында темаға байланыслы тарқатпа материаллар менен төлеў хабарнамалары тарқатылды. Сондай-ақ, ушырасыўларда халыққа турақ жайлары, квартиралары, дала ҳәўлилери, гаражлары ҳәм басқа да имаратлары, сондай-ақ, мүлк ҳуқықы тийкарында жер участкаларына мүлк ҳәм жер салықларын төлеўи керек екенлиги түсиндирилди. Мағлыўмат орнында атап өтиў орынлы, Мәмлекетлик сыйлықларға ийе пуқаралар, урыс майыплары менен қатнасыўшылары, сондай-ақ, нызам ҳүжжетлери менен белгиленетуғын оларға теңлестирилген шахслар, мәмлекеттиң конституциялық структурасын қорғаў, әскерий хызмет ямаса ишки ислер уйымларындағы хызметтиң басқа да ўазыйпаларын орынлаў ўақтында жарақатланған ямаса фронтта кеселлик себепли қайтыс болған әскерий хызметкерлердиң ҳәм ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң ата-аналары ҳәм жесир ҳаялы, энергия ресурсларының әмелдеги тармақларынан толық ажыратып қойылған турақ жайларда қайта тикленетуғын энергия дәреклеринен пайдаланыўшы шахслар үш жыл мүддетке мүлкинде болған мүлк салығы төлеўден азат етиледи.
Қарақалпақстан Республикасы мәмлекетлик салық басқармасы Мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматларына қарағанда, Қарақалпақстан Республикасында 400 мыңға шамалас салық төлеўши физикалық шахслар болып, жаңа Салық кодексиниң 418-433-статьяларына муўапық, ийелигинде салық салынатуғын мүлк ҳәм жер участкалары болған бул физикалық шахслар ҳәм дийқан хожалықларынан дерлик 123 миллиард сумлық мүлк ҳәм жер салықлары өндирилиўи режелестирилмекте.
Қарақалпақстан хабар агентлиги.