Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 21:00:39, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ФИНАНСЛЫҚ  ЕСАБАТТЫҢ  ХАЛЫҚАРАЛЫҚ  СТАНДАРТЛАРЫНА ӨТИЎ  БОЙЫНША  ҚОСЫМША  ИЛАЖЛАР  ҲАҚҚЫНДА

Өзбекстан Республикасы Президентиниң қарары

Финанслық есабаттың халықаралық стандартларына (кейинги орынларда — ФЕХС) өтиўди жеделлестириў арқалы сырт ел инвесторларын зәрүр мәлимлеме орталығы менен тәмийинлеў ҳәм халықаралық қаржы базарларына кириў имканиятларын кеңейтиў, сондай-ақ, есап ҳәм аудит тараўларының қәнигелерин халықаралық стандартлар бо­йынша таярлаў системасын жетилис­тириў мақсетинде:

  1. Акционерлик жәмийетлер, коммерциялық банклер, қамсызландырыў шөлкемлери ҳәм ири салық төлеўшилер категориясына киргизилген юридикалық тәреплер;

2021-жыл 1-январьдан баслап, ФЕХС тийкарында бухгалтериялық есап жүргизилиўин шөлкемлес­тиретуғыны ҳәм 2021-жылдың ақырынан баслап финанслық есабатты ФЕХС тийкарында таярлайтуғыны, нызам ҳүжжетлеринде ФЕХСқа өтиўдиң ерте мүддетлери нәзерде тутылған юридикалық тәреплер буған кирмейтуғынлығы;

2021-жылдың ақырына шекем бухгалтерияларды халықаралық сертификатлаў шеңберинде «ФЕХС бойынша финанслық есабат» пәнин табыслы тапсырғанлығы ҳаққында ҳүжжетке ямаса «Сертификатлан­ған халықаралық профессионал бухгалтер (C8PA)», «Сертификатланған дипломлы бухгалтер (АССА)», «Сертификатланған жәмийетлик бухгалтер (СРА)» ҳәм «Халықаралық финанслық есабат бойынша диплом (DipIFR)» сертификатларынан (ке­йинги орынларда — халықаралық бухгалтер сертификаты) бирине ийе кеминде үш қәниге муғдарында ФЕХСты сапалы қолланыў ушын жетерли болған бухгалтерия хызметиниң хызметкерлери менен тәмийинлейтуғынлығы.

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги 2020-жылдан баслап, усы бәнтте көрсетилмеген мәмлекетлик үлеси болған хожалық жәми­йетлери ҳәм мәмлекетлик кәрханалардың ФЕХС тийкарында бухгалтериялық есапты жүргизиў ҳәм финанслық есабатты таярлаўға өтиў кестеси ҳәр жылы тастыйықланатуғыны ҳәм 1-июньға шекем рәсмий веб-сайтында жәрияланыўын тәми­йинлейтуғынлығы белгиленсин.

  1. Сондай тәртип орнатылсын, оған муўапық финанслық есабатты ықтыярлы түрде ФЕХСқа муўапық таярлайтуғын исбилерменлик субъектлери бухгалтериялық есаптың миллий стандартлары бойынша финанслық есабат усыныўдан азат етиледи.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги ФЕХСты енгизиў бойынша ўәкилликли уйым етип белгиленсин ҳәм оған төмендеги функциялар жүкленсинF

Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети, Капитал базарды раўажландырыў агентлиги, Мәмлекетлик активлерди басқарыў агентлиги менен биргеликте ФЕХС­тың енгизилиўин, соның ишинде, исбилерменлик субъектлери тәрепинен финанслық есабатлар ФЕХС тийкарында өз ўақтында жәрияланыўын мониторинг етиў;

ФЕХС тараўында қәнигелерди таярлаў бойынша дүньяның нәтийжели тәжирийбелерин ғалаба ен жайдырыў, соның ишинде, бухгалтерия­лық есап ҳәм аудит тараўында қайта таярлаў ҳәм тәжирийбе арттырыў бойынша мәмлекетлик билимлендириў шөлкемлерин (кейинги орынларда — аккредитациядан өткен оқыў орайлары) және тараўға байланыслы жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын басқышпа-басқыш халықаралық аккредитациядан өткериў бо­йынша бухгалтериялық есап тараўындағы халықаралық шөлкемлер (Сертификатланған дипломлы бухгалтерлер халықаралық ассоциа­циясы (Аssociationof Chartered Certified Accountants – АССА) ҳәм тағы басқалар) менен өз-ара бирге ислесиўди кеңейтиў;

раўажланған мәмлекетлердиң алдынғы тәжирийбеси тийкарында оқыў процесиниң сапасын, имтиханларды өткериў ҳәм нәтийжелерин баҳалаўдың ашық-айдынлығын тәмийинлейтуғын ФЕХС бойынша сертификатлаўдың нәтийжели системасын енгизиў, сондай-ақ, ФЕХС тараўында талап жоқары болған қәнигелерди аккредитациядан өткен оқыў орайларында оқытыў бойынша шөлкемлестириўшилик илажларды әмелге асырыўда ҳәр тәреплеме жәрдем бериў;

бухгалтериялық есаптың миллий стандартларын ФЕХСқа муўапық үйлестириў.

Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлигиниң Бухгалтериялық есап ҳәм аудит методикасы басқармасы структурасында министрликтиң басқарыў хызметкерлериниң шекленген саны шеңберинде үш штат бирлигинен ибарат финанслық есабаттың халықаралық стандартларын енгизиўди муўапықластырыў ҳәм жәрияланатуғын финанслық есабатлар сапасының сыртқы қадағалаў бөлими шөлкемлестирилсин.

  1. Алдынғы халықаралық тәжирийбени есапқа алған ҳалда финанслық есабаттың халықаралық стандартларын ҳәм усы тараўда кадрларды таярлаўдың заманагөй усылларын басқышпа-басқыш енгизиў бойынша «Жолкартасы» 1-қосымшаға муўапық тастыйықлансын.
  2. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

а) бухгалтерлер ҳәм аудиторлардың республикалық жәмийетлик бирлеспелери менен биргеликте, бухгалтериялық есап тараўындағы халықаралық шөлкемлерди тартқан ҳалда, Министрлер Кабинетине төмендегилерди киргизсинF

2020-жыл 1-июньге шекем Финанслық есабаттың халықаралық стандартларын ҳәм оларға түсиник бериўши текстин тән алыў тәртиби ҳаққындағы реже;

2021-жыл 31-январьға шекем ФЕХСты енгизиўдиң тийкарғы бағдарларынан келип шыққан ҳалда ҳәм ФЕХС бойынша бар кадрлардың потенциалын үйрениў нәтийжелерине бола таярланған бухгалтерлерди сертификатлаў миллий системасын енгизиў мақсетке муўапықлығы бойынша талланған мағлыўматнама;

б) мәпдар министрликлер ҳәм уйым­лар менен биргеликте Өзбекстан Республикасы Қаржы минис­трлиги, Мәмлекетлик салық комитети, Мәмлекетлик активлерди бас­қарыў агентлиги, Капитал базарды раўажландырыў агентлиги ҳәм бас­қа да мәпдар мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлерин (кейинги орынларда — мәмлекетлик уйымлардың хызметкерлери) аккредитациядан өткен оқыў орайларында ФЕХС бойынша оқытыў кестеси ҳәр жылы тастыйықланыўын тәмийинлесин;

в) Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги менен биргеликте:

Ташкент мәмлекетлик экономика университети, Ташкент финанс институты, Самарқанд экономика ҳәм сервис институты, Ферғана политехника институтының (кейинги орынларда — тәжирийбе-сынаў жоқары билимлендириў мәкемелери) «Бухгалтериялық есап» ҳәм «Аудит» пәнлери бойынша педагог хызметкерлерин аккредитациядан өткен оқыў орайларында ФЕХС бойынша тезлестирилген тәризде оқытыў кестесин тастыйықласын;

2020-жыл 31-декабрьге шекем бухгалтериялық есап ҳәм аудит тараўындағы қәнигелерди таярлаў бойынша халықаралық тәжирийбени үйрениў нәтийжелери тийкарында «Бухгалтериялық есап ҳәм аудит» бакалавриат билимлендириў бағдарында оқытыўдың күндизги түриниң мүддетин қысқартыў имка­нияты ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныс киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министрлиги:

2020-жыл 1-августқа шекем бакалавриат тәлим бағдарлары ҳәм магистратура қәнигелигиндеги «Бухгалтериялық есап» ҳәм «Аудит» пәнлери бойынша ФЕХСты терең үйрениўди нәзерде тутатуғын жаңаланған оқыў бағдарламаларын тастыйықласын ҳәм белгиленген тәртипте билимлендириў процесине енгизсин;

2020-жылдан баслап тәжирийбе-сынаў жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын бухгалтериялық есап тараўындағы халықаралық аккредитациядан өткериў ҳәм соңын ала усы тәжирийбе-сынаў жойбарын басқышпа-басқыш республикадағы тараўға байланыслы басқа да жоқары билимлендириў мәкемелеринде енгизиў илажларын көрсин;

2021-жыл 1-январьға шекем «Бухгалтериялық есап» ҳәм «Аудит» пәнлери бойынша педагог кадрлардың аккредитациядан өткен оқыў орайларында ФЕХС бойынша оқытылыўын тәмийинлесин, сондай-ақ, жоқары билимлендириў мәкемелериниң бухгалтерлерди халықаралық сертификатлаў шеңберинде аккредитациядан өткен оқыў орайларында билим алған педагог кадрлар ҳаққындағы мағлыўматлар базасын рәсмий веб-сайтында жәрия­ласын ҳәм турақлы түрде оларды жаңалап барсын.

  1. 2021-жылдан баслап, ФЕХС ҳәм аудиттиң халықаралық стандарт­лары (кейинги орынларда — АХС) бойынша оқытыў тек бухгалтериялық есап тараўындағы халықаралық шөлкемниң аккредитациядан өткен оқыў орайлары тәрепинен әмелге асырылатуғыны. Аккредитациядан өткен оқыў орайлары лицензияланатуғын жумыс түрлерин әмелге асырыў бойынша нызамшылықта нәзерде тутылған талапларға бойсыныў шәрти менен, тийисли лицензия алмастан ФЕХС ҳәм АХС бойынша оқытыў ҳәм тәжирийбе арттырыў бойынша лицензияланған жумыс түрлерин әмелге асырыў ҳуқықына ийе екенлиги;

2021-2022-оқыў жылынан баслап тәжирийбе-сынаў жоқары билимлендириў мәкемелеринде бухгалтериялық есап ҳәм аудит есабы бо­йынша пәнлер тек халықаралық сертификатлаў шеңберинде «ФЕХС бо­йынша финанслық есабат» ямаса «АХС бойынша аудит» пәнин табыслы тапсырылғанлығы ҳаққында ҳүжжетке ямаса халықаралық бухгалтер сертификатына ийе болған оқытыўшылар тәрепинен оқытылатуғынлығы;

халықаралық бухгалтер сертификатына ийе болған талапкерлер жоқары билимлендириў мәкемелери магистратурасының «Бухгалтериялық есап» ҳәм «Аудит» қәнигеликлерге кириў имтиханларын тапсырмастан төлем-контракт тийкарында кириў ҳуқықына ийе екенлиги белгиленсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик салық комитети Қаржы министрлиги менен биргеликте 2020-жыл 1-октябрьге шекем салық есабатының түрин қайта көрип шықсын ҳәм оның ФЕХС бойынша таярланған финанслық есабатқа сәйкеслендирилген түрин ислеп шықсын.
  2. 2020-2025-жыллар даўамында аккредитациядан өткен оқыў орайларында ФЕХС бойынша оқытыў, тәжирийбе арттырыў, интерактив усылларын қолланған ҳалда оқытыў, сондай-ақ, бухгалтерлерди халықаралық сертификатлаў шеңберинде Өзбекстан Республикасында дәслепки дизимнен өткериў ҳәм имтихан тапсырыў ушын дизимнен өткериў ҳүжжетлери Өзбекстан Республикасының республикалық бюджет ҳәм нызам ҳүжжетлеринде қадаған етилмеген басқа да дәреклер есабынан қапланатуғыны ҳәм төмендеги тәртипте әмелге асырылатуғыны белгиленсин:

а) жоқары билимлендириў мәкемелериниң буйыртпаларына тийкарланыпF

жоқары билимлендириў мәкемелериниң «Бухгалтериялық есап» ҳәм «Аудит» пәнлери бойынша педагог кадрлары имтихан тапсырыў ушын биринши мәрте — толық көлемде, екинши мәрте — имтихан тапсырыў ушын дизимнен өтиў суммасының 50 проценти муғдарында қапланады;

жоқары билимлендириў мәкемелериниң студентлери ҳәм питкериўшилери (оқыўды питкергеннен соң алты ай ишинде) имтиханды табыслы тапсырған жағдайда, биринши мәрте — толық көлемде, екинши мәрте — имтихан тапсырыў ушын дизимнен өтиў суммасының 50 проценти муғдарында қапланады;

б) мәмлекетлик уйымлардың бу­йыртпаларына тийкарланып өз хызметкерлери имтихан тапсырыўы ушын биринши мәрте — толық көлемде, екинши мәрте — имтихан тапсырыў ушын дизимнен өтиў суммасының 50 проценти муғдарында қапланады.

  1. Өзбекстан Республикасы Қаржы министрлиги:

финанслық есабаттың бирден-бир стандартларын ислеп шығатуғын ҳәм тастыйықлайтуғын бий­ғәрез халықаралық шөлкем есаплан­ған Финанслық есабаттың халық­аралық стандартлар фонды (кейинги орынларда — ФЕХС фонды) менен келисим дүзсин;

2020-жылда ФЕХС ҳәм оған түсиник бериўши текстти мәмлекетлик тилге аўдарыў, басқа тиллерде ФЕХСты қолланыў менен байланыслы және ФЕХС фонды жыллық төлем төлеў қәрежетлерин Өзбекстан Республикасының республикалық бюджети қосымша дәраматлары есабынан қаплансын, 2021-жылдан баслап болса зәрүр қаржылар ажыратылыўын Өзбекстан Республикасының республикалық бюджетинде нәзерде тутсын;

еки ай мүддетте мәпдар минис­трликлер ҳәм уйымлар менен биргеликте нызам ҳүжжетлерине усы қарардан келип шығатуғын өзгерислер ҳәм қосымшалар ҳаққында Министрлер Кабинетине усыныслар киргизсин.

  1. Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жыл 19-сентябрьдеги «Өзбекстан Республикасында аудиторлық жумысты буннан былай да раўажландырыў илажлары ҳаққында»ғы ПҚ-3946-санлы қарардың 5-бәнтиндеги 2-қосымшаға муўапық өзгерислер киргизилсин.
  2. Усы қарардың орынланыўын шөлкемлестириўдиң төмендеги тәртиби орнатылсын:

Өзбекстан Республикасы Бас министриниң орынбасары    Ж.А.Қўчқоров — усы қарардың өз ўақтында, сапалы ҳәм толық орынланыўын тәмийинлесин, белгиленген илажларды орынлаўға жуўапкер болған министрликлер, уйым­лар ҳәм шөлкемлердиң жумысын нәтийжели муўапықластырсын, ҳәр шеректе олардың басшыларының орынлаған жумыслары ҳаққындағы есабатларын тыңласын және анықланған кемшиликлерди өз ўақтында сапластырыў бойынша илажларды көрсин;

Өзбекстан Республикасы қаржы министри — ФЕХС  енгизилиўи мониторингин тәмийинлесин, бухгалтериялық есаптың миллий стандартларын ФЕХС пенен үйлестириў, бухгалтериялық есап тараўында халықаралық шөлкемлер менен бирге ислесиўди кеңейтиў ҳәм тәжирийбели және жоқары билимли қәнигелерди ФЕХСты енгизиў процесине тартыў бойынша илажларды көрсин;

Өзбекстан Республикасы жоқары ҳәм орта арнаўлы билимлендириў министри И.У.Мажидов — билимлендириў процесслерине ФЕХСты терең оқытыўды табыслы ҳәм нәтийжели енгизиў, педагог кадрларды ФЕХС бойынша сертификатлаў ҳәм жоқары билимлендириў мәкемелериниң оқыў бағдарламаларын аккредитациялаў бо­йынша барлық зәрүр илажларды көрсин, сондай-ақ, усы қарар менен белгиленген ўазыйпалардың орынланыўын тәмийинлесин;

жуўапкер министрликлер, уйым­лар ҳәм шөлкемлердиң басшылары — усы қарар менен тас­тыйықланған «Жол картасын»да нәзерде тутылған илажларды өз ўақтында ҳәм сапалы әмелге асырсын;

Өзбекстан Миллий мәлимлеме агентлиги бас директоры  А.К.Кўчимов ҳәм Өзбекстан Миллий телерадиокомпаниясы баслығының ўазыйпасын атқарыўшы А.Д.Хаджаев — усы қарардың мазмун-мәнисин ҳәм әмелий әҳмийетин сәўлелендириўге байланыслы мақалалар, брифинглер, баспасөз әнжуманлары, темаға байланыслы телекөрсетиўлер шөлкемлестирсин.

Өзбекстан Республикасы Президенти  Ш.МИРЗИЁЕВ.

Ташкент қаласы, 2020-жыл 24-февраль.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF