ҲУҚЫҚБУЗАРДЫҢ ҲӘРЕКЕТИНЕ ШЕК ҚОЙЫЛДЫ
Бүгинги күни ҳақыйқый раўажланыў жолында нық қәдем атып, дүнья жәмийетшилигиниң итибарын қаратып атырған елимиздеги қайсы бир газета-журналды оқымайық, қайсы радио яки телеканалына жүз бурып, қулақ түрмейик, бир темаға, бир мәселеге айрықша орын ажыратылмақта.
Ол да болса, жаслар тәрбиясы, ертеңги келешеги, олардың ҳәр қыйлы диний ағымларға қосылып кетиўиниң алдын алыў, жәмийетимиздиң раўажланыўына мүнәсип үлес қосатуғын азаматлар етип камал таптырыў.
«Теңгениң еки тәрепи» болғанындай, ҳәр қандай нәрсениң унамлы-унамсыз тәреплери болады. Сол айтқандай, бүгин пүткил дүньяны «жаўлап алған» интернет тармағының да ҳәм пайдалы, ҳәм зыянлы тәреплериниң барлығын ҳеш ким бийкарламаса керек.
Қолымыздағы ҳәкимшилик ҳуқықбузыўшылық иси бойынша суд уйымының шығарған қарарына нәзер аўдарар екенбиз, 1992-жылы Төрткүл районында туўылған, «Гөне Төрткүл» аўыл пуқаралар жыйынында жасаўшы Муминов Нурали Илхамбаевич қол телефоны себепли ҳуқықбузарлық ҳәрекетине жол қойған.
Өткен жыл 15-ноябрь күни Төрткүл районы аймағында алып барылған «Комплекс» қоспа оператив илажы даўамында ҳуқық қорғаў уйымлары хызметкерлери тәрепинен Н.Муминов пенен алып барылған фильтр-сораў илажлары пайытында оған тийисли болған «Redmi Note 5 Pro» маркалы қол телефоны көзден кеширилгенде «04Fil vogeasi», «gobiljon qori qiyomat alomatlari», «Sigaret haqida Abdullox domla» ҳәм усы сыяқлы диний мазмундағы аудио, видеофайллар барлығы анықланған. Бул файлларды Россия Федерациясында ислеткен номеринде ашылған Телеграмм профилиндеги «Абдуллох домла маърузалары» деген каналдан алып, оларды Телеграмм мессенжеринен таныс-билис, жора-жолдасларына жиберип келген.
Оның ислеген бул ҳуқықбузыўшылық ҳәрекетлери суд уйымы тәрепинен көрип шығылып, базалық есаплаў муғдарының үш есеси муғдарында жәрийма жазасы тайынланды.
Б.ҚУРБАНОВ.