Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:36:55, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ҮЛГИЛИ ТАЯНЫШ ПУНКТЛЕРИ АНЫҚЛАНДЫ

Ҳәр қандай тараўда бирге ислесиў жоқары нәтийжени көрсетеди. Әсиресе, ишки ислер уйымлары жынаятшылықтың, ҳуқықбузарлықтың, жәмийет тәртипсизликлериниң өз ўақтында алдын алыўда мәҳәлле пуқара жы­йынлары, Ҳаял-қызлар комитети, мектеп жетекшилери менен тығыз байланыста болыўы утымлы нәтийжени береди.

Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик академиялық музыкалы театрында «Ишки ислер уйымларының үлгили таяныш пунктлери» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы бас­қышының болып өтиўи гәпимизди тастыйықлайды. Онда Қарақалпақстан Республикасы  Ишки ислер министри А.Темирханов,   Мәҳәлле ҳәм шаңарақты қоллап-қуўатлаў министри С.Турмановлар сөзге шығып, өткерилип атыр­ған таңлаўдың әҳмийети, мәнис-мазмуны ҳәм бирге ислесиўде инспектор таяныш пункт­лериниң белсендилиги ҳаққында айтып өтти.

­  Республикамызда 411 мәҳәлле бар болса, соннан 2019-жылы 161 мәҳәлледе бирге ислесиў нәтийжесинде ҳеш қандай жынаят жүз бермеди, ал, керисинше, айырым мәҳәллелерде жынаят еки есе артты, сонлықтан да ишки ислер уйымларының таяныш пунктлериниң белсендилигин арттырыў оғада зәрүр, - деди Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер минис­три А.Темирханов. 

2019-жыл жуўмағы бойынша өткерилген таңлаўда жәмийетте нызам үстинлигин тәмийинлеў, шахс, шаңарақ, жәмийет ҳәм мәмлекеттиң ҳуқықый мәплерин қорғаўды күшейтиў, халықтың ҳуқықый мәдениятын жетилистириў, пуқараларды нызамға ҳүрмет руўхында тәрбиялаў, ҳуқықбузарлықлардың алдын алыў, диний экстремизмге қарсы гүресиўде ишки ислер уйымлары менен халықтың бирге ислесиўин тәмийинлеў, сондай-ақ, мәҳәллеге таяныш, халық ишине кеңирек кирип барыўда ең үлгили хызмет көрсетип атыр­ған профилактика инспекторлары, мәҳәлле ақсақаллары, ҳаял-қызлар менен ислесиў ҳәм шаңарақларда руўхый ағартыўшылық қәдириятларын беккемлеў бойынша қәнигелери, ҳаял-қызлар кеңеси баслықларын анықлап, оларды мүнәсип руўхландырыў мақсетинде таңлаў номинациялары бойынша жеңимпазлар анықланып, биринши орынды Нөкис қаласы «Сәрбиназ» МПЖ да хызмет көрсетиўши 5-санлы, екинши орынды Беруний районы «Бийбазар» АПЖның 51-санлы, үшинши орынды Хожели районы «Саманкөл» АПЖның 150-санлы ишки ислер уйымларының таяныш пунктлери ийеледи. 

Сондай-ақ, «Ең пидайы сектор баслығы», «Ибратлы ҳаял-қызлар комитети баслығы», «Ең белсенди профилактика инспекторы», «Әдалатлы жарастырыў комиссиясы», «Ең белсенди жаслар жетекшиси», «Профилактика инспекторының ең белсенди жәрдемшиси» ҳәм тағы да басқа номинациялар бойынша жеңимпазлар анықланды. Таңлаў соңында театр жәмәәти тәрепинен концерт бағдарламасы ҳәм қызықлы интермедиялар  қойып берилди.

Т.ЖӘРИМБЕТОВА.

СҮЎРЕТТЕ: илаждан көринис.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF