АҚТӨБЕ ЎӘЛАЯТЫ МЕНЕН БИРГЕ ИСЛЕСИЎ МӘСЕЛЕЛЕРИ ДОДАЛАНДЫ
Қазақстан Республикасы Ақтөбе ўәлаятының ҳәкими Оңдасын Оразалин басшылығындағы делегация еки күнлик сапар менен республикамызға келди.
Нөкис халықаралық аэропортында мийманлар салтанатлы жағдайда күтип алынды.
Усы күни Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесинде делегация ағзаларын қабыллаў мәресими болды. Қабыллаў мәресиминде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы М.Ерниязов мийманларды республикамызға сапары менен қутлықлап, еки ел арасында түрли тараўлардағы байланысларға тоқтап өтти. Соның ишинде, Ақтөбе ўәлаяты менен бирге ислесиў жылдан-жылға раўажланып баратырғанлығы айрықша атап өтилди.
Өз гезегинде Ақтөбе ўәлаятының ҳәкими О.Оразалин қызғын күтип алғаны ушын миннетдаршылық билдирди. Сапардан гөзленген мақсет, Қарақалпақстан Республикасының социаллық-экономикалық жақтан раўажландырыў потенциалы менен жақыннан танысыў, келешекте бирге ислесиў бойынша келисимлерге ерисиў болып табылады.
Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң киши мәжилислер залында республикамыз ҳәм Ақтөбе ўәлаяты рәсмий делегациясының ушырасыўы болды. Онда Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси ҳәм Ақтөбе ўәлаяты ҳәкимлиги арасында бирге ислесиў Меморандумына қол қойылды.
Мийманлар И.В.Савицкий атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик көркем өнер музейинде болды.
Делегация ағзаларының Кегейли районына сапары, қазақ халқының шайыры Төлеген Айбергеновтың қәбирине зыярат етиўи режелестирилген.
Қарақалпақстан
хабар агентлиги.