Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:24:25, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

«КЕЛЕШЕККЕ INTELLEKT ПЕНЕН ҚӘДЕМ ТАСЛАЙМЫЗ»

Республикамызда мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлерди шөлкемлестириў, олардың еркин жумыс алып барыўы ушын шараят жаратыў ҳәм мәмлекетимизде әмелге асырылып атырған демократиялық өзгерислердиң және де раўажланыўына белсенди қатнасыў ушын жол ашып бериў мақсетинде 200 ден артық норматив-ҳуқықый ҳүжжетлер қабыл етилген.

Олардан «Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлер ҳаққында»ғы, «Жәмийетлик фондлар ҳаққында»ғы, «Мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң кепилликлери ҳаққында»ғы Нызамлар ҳәм басқа да норматив-ҳуқықый ҳүжжетлерди атап өтиў мүмкин. Қалаберсе, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылы 4-май күнги «Мәмлекетте демократиялық жаңалаўда пуқаралық жәмийети  институтларының ролин түп-тийкарынан арттырыў илажлары ҳаққында»ғы Пәрманына муўапық, елимизде алып барылып атырған усы бағдардағы илажлар сын көзқарастан талқыланып, қәте-кемшиликлер атап өтилди ҳәм алдағы ўазыйпалар белгилеп берилди. Ендигиден былай мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң жумысларын муўапықластырып барыў мақсетинде Президент жанында Пуқаралық институтларын раўажландырыў бойынша Мәсләҳәт кеңеси шөлкемлестирилди. Буны мәмлекетлик емес, коммерциялық емес шөлкемлердиң жумыслары мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди, деп түсиниўге болады.

Әдиллик министрлиги тәрепинен МКШларды мәмлекетлик дизимнен өткериў бойынша www.ngo.minjust.uz сайты арқалы интерактив хызметлер жолға қойылды. Сондай-ақ, ҳәзир республикамызда жумыс алып барып атырған усындай жәмийетлик шөлкемлердиң жыллық есабатларын электрон көринисте тапсырыў бойынша да қолайлы шараят жаратылды. Атап айт­қанда, Әдиллик министрлигине тапсырылатуғын есабатлар жылына бир мәрте белгиленди ҳәм www.e-ngo.uz сайты арқалы «электрон санлы имза» менен ямаса «One ID» коды арқалы есабатларды усыныў жолға қойылды. Буннан тысқары, МКШларға тийисли хызметлерден шөлкем кабинети арқалы пайдаланыў мүмкин. Сондай-ақ, мәмлекетлик емес, коммерциялық шөлкемлер салық есабатларын www.my. soliq.uz сайты арқалы электрон көринис­те тапсырып барыўы белгиленген. Демек, МКШлардың жумыс алып барыў тәртибиндеги жеңилликлери, жумыс өнимдарлығын арттырыўға, артықша ўақыттың ҳәм қәрежеттиң жумсалмаўына алып келмекте. Бул өз гезегинде мәмлекетимизде санлы экономиканың раўажланыўының бир көриниси деп түсинсек болады.

«Intellekt» жаслар шөлкеми мәмлекетимиздиң ең шетки аймақларында жасаўшы ҳаял-қызлардың, жаслардың саламат турмыс тәризин тәмийинлеў, оларды кәсип-өнерге үйретиў, социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде 2007-жылдан берли жумыс алып бармақта. Шөлкем усы күнге шекем республикамыздың шетки аймақларында жәмийетлик, социаллық бағдарлардағы әҳмийетли ўазыйпаларды әмелге асырыў бо­йынша бир қанша жойбарларды әмелге асырыўға еристи.

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси жанындағы мәмлекетлик емес коммерциялық емес шөлкемлерди ҳәм пуқаралық жәмийетиниң басқа да институтларын қоллап-қуўатлаў Жәмийетлик фондының 2018-жылы «Өсип киятырған жас әўладты руўхый жетик, саламат етип тәрбиялаўға, оларда исбилерменлик, илимий, дөретиўшилик ҳәм интеллектуал қәбилетлерин қәлиплестириўге көмеклесиў» атамасындағы мәмлекетлик грант таңлаўында «Intellekt» жаслар шөлкеми «Келешекке интеллект пенен қәдем таслаймыз» атамасындағы жойбары менен жеңимпаз болды. Жойбардың мақсети — Шоманай ра­йонындағы жәмлеспеген жасларды, кем тәмийинленген шанарақ ағзаларын ҳәм жумыссыз пуқараларды бийпул компьютер дөгерегинде билим бериў курсына қамтыў ҳәм олардың арасынан исбилерменлик пенен шуғылланыў нийетиндеги жаслардың бизнес жойбарларын қоллап-қуўатлаўдан ибарат ҳәм келешекте олардың бәнтлигин тәмийинлеўге қаратылған еди. Парламент жанындағы Жәмийетлик фонд комиссиясы тәрепинен шөлкемниң мақсетли жойбарын турмыс­қа енгизиў бойынша, яғный, жойбар мақсетине муўапық, хызметкерлердиң ис ҳақысы ҳәм компьютер оқытыў дөгерегин шөлкемлестириў ушын компьютер үскенелерин сатып алыўға қаржы ажыратылды. Жойбар бойынша Шоманай районындағы колледж питкериўшилери, кем тәмийинленген шанарақ ағзаларының перзентлери ҳәм жумыссыз пуқаралардың компьютер саўатлылығын арттырыў бойынша оқыў бағдарламасы ислеп шығылып, 2019-жылдың январь айынан баслап усы күнге шекем 370 тен аслам пуқаралар бийпул курсларда оқытылды. Сондай-ақ, оларды келешекте жумысқа орналастырыў бойынша ҳәр бир питкериўшиге оқыў курсын тамамлағанлығы ҳаққында сертификатлар тапсырылды.

Шөлкем келешекте шетки аймақлардағы жаслардың бәнт­лигин тәмийинлеў, имканияты шекленген жасларды өнерге үйретиў, бүгинги заман технологияларынан ақылға уғрас пайдаланыў көнликпелерин берип барыўда әҳмийетли жойбарларды турмыс­қа енгизиў бойынша жумыс алып барыўды режелестирмекте.

 

Қ.БЕКНАЗАРОВ,

«Intellekt» жаслар шөлкеминиң директоры.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF