ИБРАТЛЫ ӨМИР
Қарақалпақ әдебиятының раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосқан белгили жазыўшы, әдиўли устаз, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Гүлайша Есемуратова быйыл 90 жасқа толды.
Усы мүнәсибет пенен 18-февраль күни Бердақ атындағы Қарақалпақ мәмлекетлик университети мәденият сарайында «Ибратлы өмир» атамасында әдебий кеше шөлкемлестирилди.
Илажды Қарақалпақстан Жазыўшылар аўқамының баслығы К.Каримов басқарып барды.
Кешеде Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Д.Қурбаниязов сөзге шығып, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң юбилярға арналған қутлықлаўын оқып еситтирди ҳәм Г.Есемуратоваға «Ардақлы нураный» көкирек белгисин тапсырды.
Сондай-ақ, кешеде ҚМУдың оқыў ислери бойынша проректоры А.Дүйсенбаев, академик Ж.Базарбаев, Олий Мажлис Сенаты ағзалары Г.Аннақлычева, Ш.Уснатдиновлар, филология илимлериниң кандидаты, доцент Ж.Сагидуллаева, Өзбекстан Қаҳарманы Ғ.Хожаниязов, Қарақалпақстан халық жазыўшысы М.Нызанов, Өзбекстан Журналистлери дөретиўшилик аўқамы Қарақалпақстан бөлиминиң баслығы К.Реймов ҳәм басқалар жазыўшы Г.Есемуратованың халқымыздың әдебий ҳәм мәдений турмысының раўажланыўына қосқан үлеси, оның мийнетлери жөнинде айтып өтти.
Ҳақыйқатында да, Қарақалпақстан халық жазыўшысы Г.Есемуратованың пүткил саналы өмири халқымыздың мәдений, руўхый дүньясы менен тығыз байланыста кешти. Ол узақ жыллар даўамында республикамыздың бир қатар абырайлы басылымларында түрли лаўазымларда пидайы хызмет иследи. Халқымыздың әдебий-мәдений турмысында айрықша орны бар инсанлардың бири сыпатында Г.Есемуратова өзиниң өткир дөретиўшилик қәбилети менен қарақалпақ әдебияттаныў илиминиң де раўажланыўына салмақлы үлес қосты. Оның терең мазмунға ийе бир қанша гүрриңлери, повестьлери ҳәм романлары студент-жаслар ушын сабақлық ҳәм оқыў қолланбаларынан орын алды.
Усындай машақатлы жолдың барлық қыйыншылықларын мәрдана басып өтип, қарақалпақ әдебиятында үлкен мектеп жаратқан жазыўшының дөретиўшилиги, әлбетте, әдебияттаныў илиминиң теориялық мәселелерин шешиўде, бул бағдарда жасларға тәлим-тәрбия бериўде, маман қәнигелер таярлаўда қосқан үлкен үлеси есапланады.
Әлбетте, уллы мәртебеге ерисиў инсанға аңсатлық пенен келмейди. Гүлайша Есемуратованың халқымыз алдындағы бийминнет хызмети, жоқары адамгершилик пазыйлетлери ҳәм ибратлы өмир жолы, әлбетте, бәршеге үлги болады.
Биз де усындай теберик апамызға, мүбәрек 90 жасқа толыў тойыңыз қутлы болсын, әдебият, илим ҳәм билимлендириўдей саўаплы исте бәрқулла жол баслаўшы болып жүре бериң, жақынларыңыз ҳәм пүткил халқымыз бахтына ҳәмийше аман болың, деп қаламыз.
Р.АРЗИЕВ,
ҚМУ, Баспасөз хаткери.
СҮЎРЕТЛЕРДЕ: кешеден көринислер.
М.ҲӘБИБУЛЛАЕВтың түсирген сүўретлери.