Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 19:26:36, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ӘСКЕРИЙ ТЕХНИКАЛАР ТЕМИР ЖОЛ АРҚАЛЫ ТАСЫЛДЫ

Нөкис темир жол бәндиргиси, шақапшасы ҳәм аэропорты әскерий ҳәрекетлер қурам бөлеги тәрепинен жайласқан әскерий бөлим жеке қурамы ушын әскерий техника ҳәм әскерий жүклерди темир жол ҳәрекетшең қурамы (вагоны)на жүклеў-түсириў, қатырыў бойынша әмелий-көргизбели шынығыўлар өткерилди.

Шынығыўлар 3 оқыў орнында өткерилген болып, әскерлерди бир орыннан екинши орынға көширип өтиў, әскерий техника ҳәм жүклерди тасыў ушын пайдаланылатуғын темир жол вагонларына дурыс жайластырыў, сақлаў ҳәм алып жүриўди үйретиў мақсетинде шөлкемлестирилди.

Нөкис темир жол бәндиргиси, шақапшасы ҳәм аэропорты әскерий ҳәрекетлер қурам бөлеги баслығы подполковник Бахтияр Қудратов басшылығында өткерилген шынығыўларда әскерий техника ҳәм жүклерди тасыў процесинде тайынланған қараўыл жеке қурамының миннети, ҳәр қыйлы жағдайлардағы ҳәрекетлери ҳәм айрықша хызмет ат­қарыўдың басқа әҳмийетли тәреплери үлги ретинде көрсетилди.

Сондай-ақ, шынығыўларда «Өзбекстан темир жоллары» акционерлик компаниясы Қоңырат аймақлық темир жол узели, «Нөкис» ҳәм «Тақыркөл» бәндиргиси хызметкерлери қатнасып, жол ҳүжжетлерин толтырыў ҳәм темир жол станцияларында тоқтаў тәртиби ҳаққында мағлыўмат берди.

— Әскерлердиң жаўынгерлик таярлығын беккемлеў ҳәм бөлимлер ҳәм техникаларды бир орыннан екинши орынға алып өтиўди шөлкемлестириўде үзилислердиң алдын алыў мақсетинде шөлкемлестирилген бул шынығыўлар процесинде тийкарғы итибар техника қәўипсизлиги талапларына әмел етиў ҳәм техникаларды вагонларға жүклеўде қәўипсизлик илажларына итибар қаратыў керек екенлиги үйретилди,-дейди подполковник Б.Қудратов. — Шынығыўлар процесинде әскерий хызметкерлер тәрепинен берилген көплеген сораўлар өз жуўабын таўып, олардың тәжирийбесиниң артыўына ерисилди.

Көргизбели тәризде өткерилген шынығыўлар шеңберинде броньланған автомобиль техникаларын платформалар арқалы вагонларға жүклеў-түсириў, олардың жылжып кетиўиниң алдын алыў мақсетинде белгиленген тәртипте беккемлеў, техникаларды тасыўда нықаплаў жумысларын шөлкемлестириў сыяқлы мәселелер көрсетилди.

Арқа-Батыс әскерий округиниң  баспасөз хызмети.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF