Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:07:10, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

ЖУМЫС УСЫЛЫМЫЗ ЖАҢАЛАНБАҚТА

Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатында баян етилген Ўатанымыздың раўажланыўы, жасларымыздың бәркамаллығы, халықтың абаданлығына байланыслы барлық бағдарлар ҳәм ўазыйпалар бүгинги күнде ҳәр бир депутатқа үлкен бағдарлама ҳәм күшли қанат болмақта.

Елимиз басшысының «Барлық депутат ҳәм сенаторларға, олардың тымсалында пүткил Өзбекстан халқына мү­рәжат етип айт­пақ­шыман: демократиялық реформалар жолы — биз ушын бирден-бир ҳәм ең дурыс жол болып есапланады. Бул бағдарда биз ҳәр күни излениўдемиз, сырт елдеги алдынғы тәжирийбелерди үйренип, турмысымызды, жумыс усылымызды жаңалаўға ҳәрекет етпектемиз», деп билдирген исеними халықтың ҳүрмет-иззетине ылайық болған ҳәр бир депутаттан жумыс усылын жаңалаўды талап етпекте.

Бүгин өз сайлаўшыларымызды исендирип айтаман, бизиң жумыс орнымыз адамлардың арасына көшти. Мәҳәллелерге кирип барыў, шаңарақларда болыў, мектеп оқыўшылары, ата-аналар менен пикирлесиўлер бүгинги күнде турмысымыздың жаңаланғанлығынан, халықтың сана-сезиминиң өскенлигинен, жасларымыздың дүньяға көзқарасының кеңейип атырғанынан дерек бермекте.

Жақында Нөкистеги маған исеним билдирип, депутат етип сайлаған «Әмиў­дәрья» мәкан пуқаралар жыйынындағы пуқаралар менен ушырастым. Ушырасыўда «Тахтакөпир» көшесинде жасаўшы пуқара Ж.Медетова, «Айтекебий» көшесинде жасаўшы пуқаралар Д.Әметов, Т.Исмайыловлар көшелерге түнги жақтыртқышлардың қойылмағаны, нешше жыллардан бери асфальттың жаңаланбағанлығы сыяқлы машқалаларды көтерди. «Композитор» көшесиниң турғыны Ж.Пирниязова мәҳәллеге нураныйлар ушын дем алыў орны, жаслар ушын спорт майданшасы, китапхана қурыў бүгинги күнниң талабы деп орынлы талап қойды. 20 дан аслам пуқаралар турақ жай, жумыс пенен тәмийинлеў, перзентлерин балалар бақшасына орналастырыў сыяқлы машқалаларды ортаға таслады.

Бул машқалалар әлбетте, Нөкис қаласының бас архитекторы Ж.Жексенбаев, кадастр бөлими баслығы А.Худайбергенов, «Нураный» қорының баслығы К.Қаландаров, мектепке шекемги билимлендириў бөлими (К.Сейдуллаев), мәмлекетлик хызметлер бөлими (А.Жолдасбаев) тәрепинен үйренип шығылыўы жыйналыс қарарында белгиленип, тийисли шөлкемлер тәрепинен қадағалаўға алынды.

Қуўанарлысы сонда, пуқараларымыздың сөзи, усыныс ҳәм талаплары Президентимиздиң Мүрәжатындағы «Реформалардың әмелий нәтийжелилигин арттырыўда, орынларда жаңа басламаларды алға қойыўда халқымыздың және де белсендирек, және де интакер болыўына ерисиўмиз лазым», деген сөзлерине жуўап береди. Буның ушын болса, бизиң жаңаша жумысларымызды мәҳәллелерге көшириўимиз әйне мақсетке муўапық.

Президентимиз жақында мәҳәлле системасын жетилистириў, мәҳәллелерде тынышлық-турақлылықты беккемлеў, жынаятшылықтың алдын алыў мәселелерине бағышланған видеоселектор жыйналысын өткерип, онда «Шаңарақ ­ муқаддес деген әзелий ҳәм ийгиликли идея қәдирсизленип, мың жыллық миллий қәдириятларымыз заўал табар екен, бул сыяқлы аўыр жағдайларды азайтып болмайды. Буның ушын мәҳәлле үлкен жәмийетлик күш сыпатында майданға кирип келиўи керек. Себеби, белсендилер, көпти көрген ақсақаллар, тәжирийбели нураныйларымыз, егер қәлесе, жәмийетшилик пенен биргеликте ҳәр қандай машқаланы шешиўге, қәтелескен жасларды дурыс жолға салыўға уқыплы», деп атап өтти.

Мәмлекетимиз басшысының атап өткениндей, әзелден ҳақыйқый миллий қәдириятлар мәсканы болып келген, өз-ара меҳир-мүриўбет, аўызбиршилик ҳәм татыўлық, кем тәмийинленген, жәрдемге мүтәж адамлардың аўҳалынан хабар алыў, жетим-жесирлердиң басынан сыйпаў, той-тамаша, мерекелерди көпшилик пенен кеңесип өткериў, жақсы күнде де, жаман күнде де бирге болыў сыяқлы хал­қымызға тән үрп-әдет ҳәм дәстүрлер ең дәслеп мәҳәлле орталығында қәлиплесип, раўажланған ҳәм Ҳәзирети Наўайының «Ҳайрат ул-аброр» шығармасында мәҳәл­ле «қала ишиндеги қалаша» деп тәрийпленген.

Соны атап өтиў керек, мәҳәлле ең дәслеп турмыс тәризин, миллий үрп-әдетлер ҳәм дәстүрлерди жәмлес­тирген дүзилме сыпатында шөлкемлестирилген. Ҳәтте, ең қыйын, ең қәўетерли демлерде де жәмийетлик абырайын сақлап қалып, ел-журттың таянышы ҳәм сүйенишине, халықтың ҳүжданына, жәмийетшиликтиң көзқарасын сәўлелендириўши өзин-өзи басқарыў системасына айланған.

Биз билемиз, ғәрезсизлик жылларында миллий дәс­түрлүр менен суўғарылған, ғәрезсизлик және де терең мазмун бағышлаған өзин-өзи басқарыў уйымларының материаллық базасын жаратыўға тийкар салынды. «Пуқаралардың өзин-өзи бас­қарыў уйымлары ҳаққында»ғы, кейинирек «Пуқаралар жыйыны баслығын (ақсақалын) ҳәм оның кеңесгөйлерин сайлаў ҳаққында»ғы нызамлар қабыл етилди. Бүгинги күнде мәҳәлле туңғыш мәрте конститу­циялық институт дәрежесине көтерилди.

Шөлкемниң бас мақсети ­ пуқаралар жыйынларын анық бағдарлаған тийкарда халықты социаллық қоллап-қуўатлаў, жеке исбилерменлик ҳәм шаңарақлық бизнести раўажландырыў орайына айландырыў, сондай-ақ, олардың мәмлекетлик басқарыў уйымларының жумыслары үстинен жәми­йетлик қадағалаўды алып барыў системасындағы ўазыйпаларын және де кеңейтиўге, мәдений-ағартыўшылық жумысларды кең әмелге асырыў, миллий ҳәм мәнаўий қәдириятларды избе-из үгит-нәсиятлаў, жумысларын жетилистириў арқалы социаллық ҳәм мәнаўий турақлылықты тәмийинлеўге мәдеткар болыўдан ибарат етип белгиленди.

Буларды атап өтиўден гөзленген мақсет ­ биз депутатлар Президентимиздиң Мүрәжаты тийкарында өз жумысларымызды мәҳәллелерде де даўам еттириўимиз керек. Себеби, шаңарақлардың тыныш-татыўлығы, перзентлердиң бәркамаллығы, жынаятлардың кемейиўи, исбилерменликтиң раўажланыўы, аналық ҳәм балалықты қорғаў, қызларымызды турмысқа таярлаў сыяқлы барлық ўазыйпаларымыз мәҳәллелердиң турмысына кирип барыўымыз бенен шешиле баслайды.

Демек, биз жумыс усылымызды әлбетте, жаңалаўымыз зәрүр.

Г.АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының ағзасы.  

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF