ЖЫНАЯТШЫЛЫҚТЫҢ АЛДЫН АЛЫЎ — БАСЛЫ ЎАЗЫЙПА
Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант Полат Бабажанов басшылығындағы жумысшы топар республикамызда болып, жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың алдын алыў, халқымыздың абадан турмысын тәмийинлеў бойынша алып барылып атырған жумыслар менен жақыннан танысты.
Жумысшы топар ағзалары дәслеп бир қатар районларда әмелге асырылып атырған жумыслар, хызметкерлерге жаратылған шараятлар менен жақыннан танысты. Районлық ишки ислер бөлимлеринде ҳәкимшилик ҳуқықбузарлыққа жол қойғаны ушын жаза мүддетин өтеп атырған пуқаралар менен сәўбетлесип, келешекте оларды жумыс орынлары менен тәмийинлеў бойынша басшыларға тапсырмалар берилди. Ишки ислер министри барлық қала ҳәм районларда сектор басшыларының қатнасында жеке қурам менен сәўбетлесиўлер өткерип, пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымлары, ҳуқық қорғаў уйымлары, жәмийетшилик пенен байланысларды еле де беккемлеў бойынша анық көрсетпелер берди.
Қарақалпақстан Республикасы Ишки ислер министрлигинде көзден өткериўдиң жуўмағына бағышланған кеңейтилген мәжилис болып өтти. Оны Өзбекстан Республикасы Ишки ислер министри, генерал-лейтенант П.Бабажанов басқарып барды. Қала ҳәм районлық сектор басшылары, мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң жуўаплы хызметкерлери қатнасқан илажда Қарақалпақстан Республикасы аймағында жынаятшылық ҳәм ҳуқықбузарлықтың ерте алдын алыўға қаратылған жумыслардың жуўмағы ҳәм бул бойынша алда турған әҳмийетли ўазыйпалар көрип шығылды.
Атап өтилгениндей, өткен жыл даўамында республикамыз аймағында жүз берген жынаятлардың саны 4,98 процентке, жынаят излеў тараўында 18,12 процентке, соның ишинде, адам өлтириў, денеге аўыр жарақат жеткериў, тонаўшылық, урлық, намысқа тийиў, автотранспорт қуралларын алып қашыў жынаятлары азайған. Республикамыздағы 401 пуқаралардың өзин-өзи басқарыў уйымларынан 161 аўыл ҳәм мәкан пуқаралар жыйынында жынаят жүз бермеген. Жас өспиримлер, жаслар, ҳаял-қызлар, жумыссызлар, бурын судланғанлар тәрепинен жүз берген жынаятлар азайған. Усындай жетискенликлер менен бир қатарда республикамыз аймағында жынаятшылықты болдырмаў, пуқаралардың қәўипсизлигин тәмийинлеўде бир қатар кемшиликлердиң орын алып атырғанлығы сынға алынды. Атап айтқанда, өткен жылы 413 жынаяттан мәҳәллелерде жүз берген ҳәр жетинши жынаят «Халықлар дослығы», «Боз аўыл», «Қызыл қум», «Жаңа базар», «Саманбай», «Туран», «Таза базар» ҳәм «Марказий» пуқаралар жыйынының үлесине туўра келип атырғанлығы атап өтилди. Жынаятшылықтың ерте алдын алыўда «Жәмийетлик қадағалаў орайлары»ның жумысларын жақсы жолға қойыў, жүз берген жынаятларды сектор басшылары, ҳәкимликлер, басқа да ҳуқық қорғаў уйымлары ўәкиллериниң қатнасында додалаў, анық режеге тийкарланған «Жол картасы»н ислеп шығыў зәрүр.
Илажда хызмет ўазыйпасын атқарыўда кемшиликлерге жол қойған бир қатар хызметкерлер ийелеп турған лаўазымларынан босатылды. Бир қаншасына ҳәкимшилик жаза шаралары көрилди.
Мәжилисте Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң Баслығы Қ.Сариев шығып сөйлеп, республикамыз аймағында жынаятшылықтың алдын алыў, атап өтилген кемшиликлерди сапластырыў бойынша кешиктириўге болмайтуғын ўазыйпаларға тоқтап өтти.
Д.АБИБУЛЛАЕВ,
Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.