НЕКЕНИҢ ӘҲМИЙЕТИ
Елимиздиң раўажланыўында, белгили инсанлардың жетилисип шығыўында дәслеп шаңарақтың роли ҳәм ўазыйпасы биринши орында турады.
Шаңарақ беккем болса жәмийеттиң утысы. Егер шаңарақ бузылса оның зыяны жәмийетке тәсир етип турады. Ата-бабаларымыз барлық ислерде шаңарақты биринши орынға қойып келген.
Данышпан аталарымыздың инсаныйлық қағыйдасына айланған бир ўәсияты қәлиплескен. Инсанда үш тилек болыўы керек дейди. Бириншиси, Алласы, екиншиси шаңарағы, үшиншиси Ўатаны. Усы үш қағыйдаға ҳәр дайым жақсы тилек тилеп, олар менен жоқары қарым-қатнаста болыў керек, дейди. Яғный, көрип турғанымыздай, шаңарақтың орны жоқары дәрежеде. Енди шаңарақ қурыўда оның үстини болған некениң орнын көпшилик сезинбейди. Шаңарақ қурып атырған көпшилик жаслар некеден өтиўге итибар бермейди. Негизинде дәслеп некеси қыйылғаннан кейин барып турмыс қурыў лазым. Ал, бизде арадан бир неше жыл өткерип ямаса перзентли болып, соның ҳүжжетине керек болғаннан кейин ғана ПҲАЖ бөлимине келип некеден өтеди. Бул некениң әҳмийетине түсинбегенликтен келип шығады. Жас шаңарақлардың тәрбиялы ҳәм жуўапкершиликли болып қәлиплесиўи ушын турмыс қурған биринши күннен баслап некеден өтиў үлгисин олардың санасына сиңдириўимиз керек. Ал, оларға ким тәрепинен түсиндириледи? Ким нәсиятлайды! Буны сол шаңарақта басшы болып отырған әкеси, үлги болып отырған анасы үйретиўи, айтыўы керек. Себеби, турмыс деген гүзар жолға жаңа қәдем басып атырған ҳәм шаңарақ деген муқаддес отаўға кириў алдында турған жасларымыз еле көп нәрселерди түсине бермейди.
Жасларға үлги болатуғын ата-аналардың саны көбейсе, бул бизиң жетискенлигимиз. Себеби, солар арқалы жас шаңарақлар беккемленип барады. «Қус уяда не көрсе ушқанда соны ислейди» дегениндей, шаңарақта ата-ана балаларына тәрбия бериў менен бирге, некеден өтиўдиң де әҳмийетин түсиндирип барса мақсетке муўапық болар еди.
Жоқарыда атап өтилген илажлар Тахтакөпир районы ПҲАЖ бөлими хызметкерлери тәрепинен де турақлы түрде әмелге асырылып келинбекте. Мәселен, районда ашылған «Жас шаңарақлар» инновациялық мектебинде шаңарақ ҳәм некениң әҳмийети бойынша ҳәр қыйлы темаларда сабақлар өтиў жолға қойылған.
Жуўмақластырып айтқанда, жаңа турмыс қурған жас шаңарақларға некеден өтиўдиң әҳмийетин терең түсиндирип барсақ деймиз. Неке тек қағаз жүзиндеги ҳүжжет сыпатында ғана керек, деп түсинбей, оның руўхый дүньямызға тәсири бар екенлигин де үгит-нәсиятлаўымыз керек.
Айнагүл САҒЫНДЫҚОВА,
Тахтакөпир районы ПҲАЖ бөлими баслығы.