Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 20:00:59, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КОМПЛЕКСЛИ ТӘБИЯТТЫ ҚОРҒАЎ БАҒДАРЛАМАСЫ ӘМЕЛГЕ АСЫРЫЛЫЎЫ ТИЙИС

Президентимиз Ш.Мирзиёевтиң тиккелей басшылығында алып барылып атырған республикамыздың социал-экономикалық тараўларын раўажландырыўға бағдарланған кең кө­лемли илажлар хал­қымыздың турмыс жағдайларының жақсыланыўына тийкар жаратпақта.

Елбасшымыздың 2017-жыл 1-майдағы «Балықшылық тармағын басқарыў сис­темасын жетилистириў илажлары ҳаққында»ғы қарары усы тараўды раўажландырыўға бағдарланған болып, усы қарар тийкарында «Өзбекбалықсанаат» ассоциациясы ҳәм «Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ дүзилди. Бул жаңадан шөлкемлестирилген жәми­йетлердиң жумысларын нәтийжели жүргизиўге бағдарланған Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси тәрепинен исши топар дүзилип, балық аўлаў муғдарының көбейиўине ерисилмекте. Ҳәзир үлкемизде тәбийғый ҳәм суў сақлағышлардың майданы 900 мың гектарды қурайды.

«Аралбойы ­ экологиялық инновациялар ҳәм технологиялар зонасы» деп жәрияланды. БМШниң инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик «Траст фонды»ның шөл­кемлестирилиўи регионымызда экологиялық жағдайларды жақсылаўға бағдар­ланған теңиздиң қуўрап қалған бөлегинде тоғайзарлықлар жаратыў жумыслары дәслепки нәтийжелерин бермекте. 2015-жылы Арал регионындағы ишки көллерди суўландырыў арқалы балықшылық ҳәм шарўашылықты раўажландырыў мақсетинде «Мойнақ аквасанаат» мәмлекетлик унитар кәрханасы дүзилип, Президентимиздиң 2018-жылғы Мойнаққа сапарында бул мәселеге баслы дыққат қаратылды ҳәм Россия менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўлер жолға қойылып, киши қуўатлылықтағы балық консерва заводы ушын үскенелер алып келинди. Мойнақ балық консерва комбинаты толық қуўатлылығында ислегенде бир жумыс күнинде 5 мың, жылына 9 млн. дана қуты балық консервасын ислеп шығарады. Комбинат жыл даўамында үзликсиз жумыс ислеўи ушын 360 тонна балық зәрүр болады. Консерваға қосымша ярым фабрикатлар ислеп шығарыў ҳәм балықты ыслаў жол­ға қойылады. Россиядан алып келинген 4,5 тонна «Килька» балық консервалары үлги ретинде ислеп шығарылды.

Республикамызда ишки мүмкиншиликлерди есапқа алып, Қазақдәрьяда балықлардың уўылдырықларынан шабақ өршитетуғын инкубация цехы қурылып, 3,5 млн. дана шабақлар өсириў ушын ишки көллерге жиберилди. «Шеге» аўылындағы ески балық өсиретуғын тәбийғый прудты жөнлеп, иске қосыў режелестирилмекте. Деген менен, үлкемизде балық аўлаўды интенсив методлар тийкарында әмелге асырыў ҳәзирги заман талапларына толық жуўап бермейди. Сонлықтан, Президентимиз 2018-жыл 6-ноябрьде балықшылықты жетилистириў, аўлаў, оған ти­йисли қурылыс жайлары, қурылмалары, балық хожалықларын минерал төгинлер, аралас жемлер таярлаў, репродуктив бассейнлер қурыў, майда балық шабақларын өсириў ҳәм балық өнимлерин қайта ислеў, сақлаў бойынша параметрлерин қабыл етип, ҳәзирги ўақытта бул бағдарда жумыслар баслап жиберилди.

Усы қарар тийкарында Қарақалпақстанда 2019-жылы 15 мың тонна, соннан жасалма ҳәўизлерден 5250, тәбийғый көллерден 8000, басқа қурылмалардан 300, майда суў сақлағышлардан интенсив усыл менен 850 ҳәм басқа қурылмалардан 600 тонна балық жетистириў белгиленген болса, өткен жыл даўамында жасалма ҳәўизлерден 5015, тәбийғый көллерден 9524, интенсив усылда 418, басқа қурылмалардан 255, барлығы болып 15228 тонна балық аўланды. Усы өткен жылда ислеп тур­ған 434 жасалма ҳәўизлердиң 19ы, 95 тәбийғый көллердиң 13и, интенсив усылда ислеп турған 20 субъектлердиң төртеўи  1 килограмм да балық аўламады. Сондай-ақ, Беруний районындағы 61 субъекттиң 4, Қараөзектеги 14тиң 7, Тақыятастағы 11диң 2, Елликқаладағы 72ниң 2, Тахтакөпирдеги 39дың 8и, Шоманайдағы 6ның 2, Хожелидеги 30дың 5, Кегейлидеги 51диң 2, Қоңыраттағы 41диң 5 бир килограмм да балық аўламады.

Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети тәрепинен тийисли министрлик, жәмийетлер менен биргеликте жыл даўамында жүргизилген тексериўлер даўамында браконьерлерден 25 дана мылтық ҳәм 101 аў қураллары алып қойылды. Өсимликлер, ҳайўанатлар дүньясына келтирген зыянлары ушын 561 пуқараға 1432,0 млн. сум жәрийма салынды, 501 пуқарадан 591,5 млн. сум зыян өндирилди.

«Қарақалпақбалықсанаат» ЖШЖ, Қарақалпақстан Республикасы Экология ҳәм қоршаған орталықты қорғаў комитети, басқа тийисли минис­трлик, шөлкемлер, жергиликли ҳәкимият уйымлары, балық аўлаўшы субъектлер менен биргеликте балықшылықты, аўыл хожалығының басқа тараўларын раўажландырыў ушын Әмиў­дәрьяның қуярлығын турақлы түрде тийисли дәрья суўлары менен тәмийинлеў, көллерге түскен суўларды сақлаўға бағдарланған Қубла Арал жағалаўында жайласқан көллер системасын басқарыў бойынша комплексли тәбиятты қорғаў бағдарламасын турақлы түрде әмелге асырыўы тийис.

 

 

Қайыпберген ЮСУПОВ,

Қарақалпақстан Республикасына хызмет көрсеткен аўыл хожалығы хызметкери.

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF