ЎАЗЫЙПАЛАРДЫ БИРГЕЛИКТЕ ШЕШЕМИЗ
Ҳүрметли Президентимиздиң Олий Мажлиске Мүрәжатын тек депутатлар ғана емес, пүткил халқымыз шын ықлас пенен тыңлады. Елбасшымыз мәмлекетимизде үш жыл даўамында әмелге асырылған сиясий ҳәм социал-экономикалық тараўлардағы жетискенликлер ҳаққында сөз етти.
Әсиресе, Арал машқаласын шешиўде халықаралық бирге ислесиўди күшейтиў мақсетинде Бирлескен Миллетлер Шөлкеми менен дүзилген Арал теңизи аймағында инсан қәўипсизлиги бойынша көп тәреплеме шериклик Траст фондына үлкен исеним менен қараўымыз, сондай-ақ, Арал апатшылығы ақыбетлерин жумсартыў бойынша Арал теңизиниң қурыған түбиндеги тарийхымызда болмаған ислерди даўам еттирип, тоғайзарлықларды кеңейтиў, Нөкис, Хийўа ҳәм Үргениш қалалары әтирапында «Жасыл белбеў»лер жаратыўымыз зәрүрлигин атап өтти.
Президентимиздиң Қарақалпақстан халқы ушын экологиялық машқалаларды сапластырыўдағы басламаларынан нәтийжели пайдаланыўымыз тийис. Ҳәзир халқымыз гүўасы болып атырған экологиялық ықлым өзгерислериниң алдын алыў ҳәм тәбият нызамларына бойсыныў барлығымыз ушын қаншелли унамлы өзгерислерге ерисиўимиз ҳаққында дурыс түсиник бериў бул машқалаларды сапластырыўға үлкен нәтийже бериўи анық. Буннан тысқары, Журтбасшымыз ислеп шығарыўда экологиялық қадағалаў системасын жетилистириў, экологиялық аудит өткериў тәртибин қайта көрип шығыў, жеке аудиторлық жумысын жанландырыў, ҳүкимет санаат раўажының экологияға тәсириниң алдын алыў, 2025-жылға шекем мөлшерленген комплекс ис-илажларды ислеп шығыў, абырайлы халықаралық экспертлер менен бирге усы жылдың l-октябрине шекем Экология кодекси жойбарын ислеп шығыў бойынша бир қанша ўазыйпаларды белгилеп бериўи экология тараўында еле бир қатар жуўапкершиликли жумысларды объектив әмелге асырыў лазымлығынан дерек береди.
Президентимиз қарақалпақстанлы жаслардың көрсетип атырған басламалары, умтылысларынан пүткил Өзбекстан жаслары өрнек алыў кереклигин айрықша атап өтти. Мәмлекетимиз басшысы елимизде алып барылып атырған реформалар ҳәм ўазыйпаларға тоқталар екен, алдымызда узақ ҳәм машақатлы жолда бәршемиз бирлесип, тынымсыз оқып үйренсек, исимизди толық ҳәм үнемли етип бежерсек, заманагөй билимлерди ийелеп, өзимизди аямастан алдыға умтылып ҳәрекет етсек, әлбетте, турмысымыз ҳәм жәмийетимиз өзгереди, деди.
Келешегимиз болған жасларға жәҳән стандартлары талаплары тийкарында барлық шараятлар жаратылмақта. Жоқары билимлендириў стандартлары сырт ел тәжирийбеси тийкарында жетилистириледи, билимлендириў бағдарлары ҳәм оқытылатуғын пәнлер қайта көрип шығылады. Қәнигелигине байланысы болмаған пәнлер саны еки есе қысқартылады. Жоқары билимлендириў оқыў процесин кредит модел системасына өткериў талап етиледи. Президентимиз 2020-жылды «Илим-мәрипат ҳәм санлы экономиканы раўажландырыў жылы» деп белгилеўи менен елимиздиң раўажланыўында еле де жетискенликлер болыўы сөзсиз екенлигинен дерек береди. Себеби, экономикамызды ҳәр тәреплеме раўажландырмай турып, жаслардың, педагоглардың ҳәм улыўма жәмийеттиң келешеги ашық болыўы мүмкин емес. Бүгин халқымыздың дүньяқарасы, пикирлеўи, талап ҳәм зәрүрликлери пүткиллей өзгерди. Бир адам өзин-өзи бағыўы, өзине имкан жаратыў көнликпесин қәлиплестириў кереклиги, бул мүшкил, бирақ туўры жол екенлигин және де терең сезиндик. Ҳақыйқатында да, жасларға имканият жаратыў ҳәм қоллап-қуўатлаў арқалы жәмийетте көп өзгерислерди әмелге асырыўға болады. Билимли жасларымызға өзимиз шараят жаратып бериўимиз лазымлығын да айтып, усы жылдан педагогикалық билимлендириўдиң 6 бағдары бойынша оқыў мүддети 3 жыл деп белгиленеди.
Мәмлекетимиз ушын илим-пән тараўындағы тийкарғы бағдарларды анық белгилеп алыўымыз керек. Ҳеш бир мәмлекет илим-пәнниң барлық тараўларын бирден раўажландыра алмайды. Сол ушын, Елбасшымыз бизде ҳәр жылы илим-пәнниң бир нешше тийкарғы бағдарларын раўажландырыўда барлығымыз тәрепдары болыўымыз кереклигин уқтырды. Илим-пән жетискенликлериниң электрон платформасы, жергиликли ҳәм сырт ел илимий исленбелер билимлендириў ҳәм илимий әмелият орны абырайлы шет ел университетлери ҳәм илимий орайлары менен бирге ислесиўди жолға қойыў тийкарында тараўды раўажландырыў, билимли жасларды камал таптырыў ертеңги күнимиздиң жарқын болыўының бир көриниси деп билемиз. Алға қойылған ўазыйпаларды әмелге асырыўда белсендилик ҳәм пидайылық көрсетиўимиз тийис.
Турғанбай ХОЖАНАЗАРОВ,
Олий Мажлис Нызамшылық палатасы депутаты.