ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫНДАҒЫ ЖАҢАЛЫЎЛАР
Күн сайын жедел пәт пенен раўажланып атырған турмысымыздың барлық тараўлары сыяқлы илим, билимлендириў системасында да жаңалықлар жүз бермекте.
Республикамызда жоқары билимлендириўди системалы реформалаўдың баслы бағдарларын белгилеў, заманагөй билим ҳәм жоқары руўхый пазыйлетке ийе, еркин пикирлей алатуғын жетик кадрларды таярлаў процесин сапа жағынан жаңа басқышқа көтериў мақсетинде көплеген жаңалықлар енгизилип атыр. Усы жаңалықлардың бири жоқары оқыў орынларына студентлерди қабыллаў системасын әпиўайыластырыў ҳәм абитуриентлер ушын қолайлы мүмкиншиликлерди жаратыўдан ибарат.
ТЕСТ СЫНАҚЛАРЫ ҚАНДАЙ БАҒДАРДА ӨТЕДИ?
Ҳәр жылы жоқары оқыў орынларына оқыўға студентлерди қабыл етиўде тест сынақларының илажы болғанынша әдил өтиўине итибар қаратылып атыр. Тәжирийбелерге бола тест сынақларының өтиў процесслери жетилистирилип, ең билимли, қәбилетли жасларды таңлап алыўға қолайлы усыллар енгизилмекте.
Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 14-майда «Жоқары оқыў орынларына тест сынақлары арқалы қабыллаў системасын жетилистириў бойынша қосымша ис-илажлар ҳаққында» қарары қабыл етилди. Онда 2020-2021-оқыў жылынан баслап тест сынақлары еки бөлимге бөлинип, мәжбүрий 3 пән ана тили (өзбек тили, рус тили, қарақалпақ тили), математика, Өзбекстан тарийхы пәнлеринен ҳәм бакалавр бағдарына сәйкес еки кәсиплик пәнлерден тест сынақлары өткерилиўи тастыйықланды. Жәмийетшилик тәрепинен билдирилген усыныслар инабатқа алынып, Өзбекстан Республикасы оқыў орынларына қабыл етиў бойынша Мәмлекетлик комиссияның 2019-жыл 19-декабрьдеги 11-санлы мәжилис қарары менен 2020-2021-оқыў жылының қабыллаўынан баслап бакалавр тәлим бағдарларына сәйкес тест сынақлары тапсырылатуғын пәнлер бирикпеси, тест тапсырмалары саны ҳәм баҳалаў критериялары тастыйықланды.
Өткен жылы тәлим бағдарлары бойынша үш пәннен 30 сораўдан, пәнлер избе-излигине қарай баллар белгиленетуғын болса, быйылғы оқыўға қабыллаўда тест сынақларына өзгерислер киргизилди. Мәжбүрий пәнлер ана тили, математика, Өзбекстан тарийхы пәнлериниң ҳәр биринен 15 сораўдан улыўма 45 сораўды шешиў ушын 1 саат 30 минут ўақыт бериледи. Ҳәр бир сораўға 2,1 баллдан, егер абитуриент 45 сораўдың барлығына дурыс жуўап берсе 94,5 балл топлаў мүмкиншилигине ийе болады. Және де қәнигеликке тийисли 2 пәннен ҳәр биринен 30 сораўдан бериледи. Ҳәр бир дурыс жуўап 3,1 балл менен баҳаланып, еки пәнге тийисли 60 сораўды шешиў ушын 2 саат ўақыт бериледи. 60 сораўдың барлығына дурыс жуўап берген абитуриент 186 балл топлайды. Улыўма бес пәндеги 105 сораўдың дурыс шешими 280,5 балл менен баҳаланады.
Оқыўға қабыл етиўде мәжбүрий тест сынақларының алыныўы арқалы оқыўға қабыл етилетуғын жаслардың көзқарасын, ойлаў қәбилетин кеңейтиў нәзерде тутылады. Бул мәжбүрий үш пәннен тест тапсырыў көпшилик абитуриентлерге қыйындай көринеди. Лекин, бул пәнлердеги тест тапсырмалары биринши гезекте оқыў бағдарламалары бойынша әпиўайы, абитуриенттиң улыўма саўаты, логикалық ойлаўы, пикирлеўи ҳәм таяныш билимлерин баҳалаўға бағдарланған.
АБИТУРИЕНТЛЕР УШЫН ХЫЗМЕТЛЕР
Усы жылы Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен абитуриентлер ушын бир неше хызмет түрлери көрсетилетуғын болды. e-Sinov системасы арқалы Telegram мессенжеринде @dtmxizmatbot телеграмм боты иске түсирилди. Бунда абитуриент усы система арқалы өзлери қәлеген пән бойынша буйыртпа бериўине болады.
Мәмлекетлик тест орайы DAVR PRESS баспаханасы менен биргеликте «Тест топламы 2019» китапшаларын сатыўға шығарды. Онда өткен жылғы тест сынақларында пайдаланылған тест сораўлары орын алған.
Мәмлекетлик тест орайының http://onlinetestdtm.uz/newtest/ сайты арқалы мәжбүрий пәнлерден ашық тестлер («ONLINE TEST») менен ислесиў системасы иске түсирилди. Бул система арқалы билимлерин сынап көриўине болады. Мәжбүрий пәнлерден тийисли тест тапсырмалары бойынша түсиникке ҳәм ашық тестлер менен ислесиў көнликпелери пайда болады.
Абитуриентлер ушын және бир жаңалық, Мәмлекетлик тест орайы мектеп, академиялық лицей ҳәм колледж питкериўшилери, абитуриентлер ушын диагностикалық тест сынақларын өткериўди баслады. Бул диагностикалық тест усы жылдың 24-январь сәнесинен басланды. Бурынғы жыллардан өзгешелиги, ҳәр бир пуқара Мәмлекетлик тест орайының төлемли хызметлеринен пайдаланыўына болады. Бул ушын орайдың рәсмий веб-сайты арқалы регистрациядан өтип, өзине керекли болған репетициялық тест китаплары бойынша буйыртпа бериў имканиятына ийе. Бул абитуриентлер ушын оғада әҳмийетли. Себеби, абитуриент тест сораўларының дүзилиси, қыйыншылық дәрежеси, тест сораўларын шешиўде ўақыттан тез ҳәм үнемли пайдаланыўды үйренеди. Және бир тәрепи, таярлық тест сораўларының нәтийжелери бойынша темаларды өзиниң қай дәрежеде өзлестиргенлигин, қайсы темалар бойынша тереңирек үйрениў кереклигин билиўине болады.
Бул диагностикалық тест сынақларында абитуриент ҳәр тәреплеме тест сынақларына таяр болады, сораўлар китапшасы, жуўаплар қағазы менен ислесиў көнликпеси пайда болып, өзин-өзи тест сынақларына психологиялық ҳәм руўхый жақтан таярлап барады.
Ҳәзирги күнде бундай диагностикалық тест сынақлары ҳәптениң үшинши күни Ташкент хабар технологиялары университети Нөкис филиалы жанындағы академиялық лицей имаратында болып өтпекте. Барлық қызығыўшы пуқаралар бул тест сынақларына қатнасыўға болады.
АБИТУРИЕНТЛЕРГЕ ҚОЛАЙЛЫЛЫҚЛАР
Және де тест сынақлары системасына быйылғы 2020-2021-оқыў жылына студентлерди қабыллаўда абитуриентлердиң ўақтын тежеў ҳәм қолайлы шараятлар жаратыў бойынша да өзгерислер енгизилмекте.
Бириншиден, бурын абитуриентлерден жоқары оқыў орнына ҳүжжетлер Мәмлекетлик хызметлер агентлиги, Қабыллаў комиссиялары, Айрықша интерактив порталы арқалы қабылланатуғын болса, быйылғы жылдан баслап «онлайн» тәризде қабыллаў нәзерде тутылмақта.
Сондай-ақ, өткен оқыў жылында абитуриент бир ўақыттың өзинде үш қәнигеликке ҳүжжет тапсырыў мүмкиншилигине ийе болса, быйылғы жылы бес яки алты қәнигеликке ҳүжжет тапсырыў усыныс етилип отыр. Әлбетте, бул билимли, зийрек жасларды таңлап алыўда утымлы усыл деп баҳалаўға болады.
Жоқары оқыў орынларына студентлерди тест сынақлары арқалы қабыллаўда енгизилип атырған өзгерис ҳәм жаңалықлар менен халықтың кең қатламын хабардар етиў мақсетинде жақында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңеси Баспасөз хызмети ҳәм Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими тәрепинен баспасөз конференциясы шөлкемлестирилди. Конференцияға журналистлер, блогерлер ҳәм билимлендириў мәкемелериниң питкериўшилери қатнасты.
Конференцияда оқыўға қабыллаўда тест сынақларының өтиў процесслериндеги өзгерислер, абитуриентлер ушын Мәмлекетлик тест орайы тәрепинен усынылып атырған хызметлер ҳәм қәбилетли жаслар ушын мәмлекетимиз тәрепинен жаратылып атырған имканиятлар ҳаққында Қарақалпақстан Республикасы Министрлер Кеңесиниң мәлимлеме хызмети баслығы Ч.Елмуратов, Мәмлекетлик тест орайы Қарақалпақстан Республикасы бөлими баслығы М.Абдуллаев, орайдың бас қәнигеси Д.Кошкинбаев, Өзбекстан Жаслар аўқамы Қарақалпақстан Республикалық Кеңеси бөлими баслығы М.Әлжановлар мағлыўмат берди.
Конференция қатнасыўшылары тест сынақлары өтиў барысындағы айырым мәселелер дөгерегинде пикирлер алысты.
Б.КАРАМАТДИНОВА.