Еркин Қарақалпақстан Вести Каракалпакстана 17:38:02, 24.11.2024
Хош келипсиз! | RSS
Сайт мазмуны

Кириў усылы

КИТАП — МӘНАЎИЯТЫМЫЗДЫҢ САРҚЫЛМАС БУЛАҒЫ

Ҳәр бир күнимиз тарийх бетлерине айланбақта. Биз әййемги тарийхымызды, бабаларымыз қалдырған бай әдебий, мәнаўий ғәзийнелерди, тасларға ойып жазылған жазыўларды, ески қала тасларындағы түрли сүўретлер, ески қолжазбаларды үйренетуғын болсақ, бүгинги тарийхымыз мәнаўиятымыздың булақларына айланып, тарийх деп аталған салмақлы китаплардан орын алмақта.

Үш жылдан берли мәмлекетимиз басшысының Олий Мажлиске Мүрәжаты, онда атап өтилген ҳәр бир шақырық турмысымызда үлкен бурылыслар жасамақта. Ой-пикиримизди оятып, дөретиўшиликке, ел-журты­мызға хызмет етиўдей пидайылық пенен жоқары мийнетимизди әмелге асырыўға, Ўатанға садықлық ҳәм күш-ғайратқа шақырмақта.

Әсиресе, Президентимиздиң жақында Олий Мажлиске жоллаған Мүрәжатында тарийхты жаңалап атырған дәўиримиздиң шақырықлары бар. Атап айтқанда, Президентимиз «Халқымыз соны жақсы билиўи керек: алдымызда узақ ҳәм машақатлы жол тур. Бәршемиз биргелесип, тынымсыз оқып үйренсек, жумысымызды жетик ҳәм унамлы ат­қарсақ, заманагөй билимлер ийелеп, өзимизди аямастан алға умтылсақ, әлбетте, турмысымыз ҳәм жәмийетимиз өзгереди» деп атап өтти.

Ҳақыйқатында да, турмысымыз жаңаланбақта, ҳәр бир жаңа күн, жаңа бир тарийх болып жазылмақта. Бул тарийх дийқанлар мийнети менен бағларға айланып атырған далаларда, жер асты, жер үсти байлықлары, халық пәраўанлығы ушын хызмет етип атырған кәрхана ҳәм заводларда, қала ҳәм аўыллар көркине көрк қосылып, халқымызды қуўантып атырған имаратларда, кең ҳәм рәўан, гөззал көше ҳәм қыябанларда жазылмақта. Заманагөй жасларға дүньялық билимлерди үйретиўге барлық шараятлар жаратыл­ған мектеплерде жазылмақта.

Тарийх ҳаққында сөз етилер екен, әлбетте, мәнаўиятымыз, мәдениятымыз, әдебиятымыздың ғәзийнелерине көз жуўыртамыз. Өйткени, Президентимиздиң Мүрәжатында мынандай ҳикметлер бар: «Шығыс данышпанлары айтқанындай, ең үлкен байлық — ақыл-закаўат ҳәм илим, ең үлкен мийрас ­бул жақсы тәрбия, ең үлкен кәмбағаллық — бул саўат­сызлық! Усы себепли ҳәммемиз заманагөй билимлерди өзлестириў, ҳақый­қый мәрипат ҳәм жоқары мәденият ийеси болыў үзликсиз турмыслық зәрүрликке айланыўы керек».

Бул әйне ҳақыйқат! Билимге умтылыў, китапқа ықлас мәмлекетимиз басшысының ҳәр бир баянатында айрықша әҳмийетке ийе болмақта.

Жақында халқымыз уллы ой-пикир ийеси Әлийшер Наўайының туўылған күнин нышанлады. Және бир мәрте бабамыздың дөретиўшилигине, бизге қал­дырған бай мәнаўий ғәзийнелерге көз жуўырттық.

Әлийшер Наўайы бабамыз «Китап — бийминнет устаз, билим ҳәм мәнаўий раўажланыўға ерисиўдиң тийкарғы негизи» деп атап өткен. Бул сөзлер мектеп оқыўшылары тәрепинен жүдә көп тәкирарланды. Мен буны Қарақалпақстан Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети Кеңеси басшылығы басламасы менен мектеплерде шөлкемлестирилген Наўайыханлық әнжуманларында қатнасқан күнлери еситтим ҳәм жасларымыздың китап оқыўға умтылып атырғанына, китапқа болған меҳри артып атырғанына гүўа болдым.

Китап — таўсылмас ғәзийне, оннан алған билимлеримизди өмирдиң ақырына дейин де сарп­лай алмаймыз. Инсанның оннан жақын сырласы, досты, мәс­ләҳәтшиси жоқ. Себеби, ол ақыл-ойымызды өткирлеўши қайрақ тас. Китап ой-пикирдиң негизи болғаны ушын халқымыз оны нандай әзиз, муқаддес деп ҳүрметлеп, қәдирине жетеди, сүйип оқыйды.

Көп китап оқыйтуғын, мәнаўиятлы шаңарақтың перзентлери, гүмансыз, Ўатанымыздың келешеги, халқымыздың исеними ҳәм таянышы. Бул — бизиң бүгинги жуўмағымыз. Бирақ, буннан ярым әсир бурын әпиўайы жумысшы болған әкем шамның жарығында перзентлерине ертек ҳәм дәстанлар оқып бергенинде ядынан нелер өткен екен!   Итимал, китаптың мәнаўият ғәзийнеси екенин терең аңлағаны ушын да жумыстан шаршап келиўине қарамастан, китап оқыўды тоқтатпаған еди. Бәлким, әкем әўладтан-әўлад­ларға қәстерлеп жеткеретуғын ой-пикир кемелери болған китаплар күн келип перзентлерин кәмиллик жағысына жеткериўди әрман еткендур...

Мине, усы арзыўлардың әмелге асырыўын мен Мойнақ, Қоңырат, Шоманай, Қараөзек, Шымбай, Нөкис, Хожели, Та­қыя­тас районлары, Нөкис қаласы мектеплериндеги оқыўшылардың көзинде көрдим. Олар қолларына алған китапларында мәнаўият булақларының ағып атырғанын жақсы түсинеди. Бизлер мектеп китапханаларына саўға етип берген китапларды қолына алған жаслардың қуўа­нышын көрип, кеўлимиз толды.

Ҳақыйқатында да, халық мақалларында айтылғанындай: «Китапсыз ақыл — қанатсыз қус», «Бахыт белгиси ­ билим», «Билим — ақыл шырағы», «Илим бахыт келтирер, билим тахт келтирер», «Илим — ағар булақ, билим — жанар шырақ».

Бүгин Ўатанымыздың жедел раўажланып атырған бир дәўиринде бабаларымыз, даналар пикиринде өз көринисин тап­қан китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын қәлиплестириўге болған итибар мәмлекетлик сия­сат дәрежесине көтерилди. Өйткени, жас әўладтың ҳәр тәреплеме қәлиплесиўинде китап оқыўдың орны бийбаҳа екенлигин аңлай отырып, Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2017-жыл 12-январьда «Китап өнимлерин басып шығарыў ҳәм тарқатыў системасын раўажландырыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлық мәдениятын арттырыў ҳәм де үгит-нәсиятлаў бойынша комиссия дүзиў ҳаққында» Бийлиги қабылланды. Бул ҳүжжетте халқымыздың кең қатламын китап оқыўға тартыў, китап оқыў ҳәм китапқумарлықты үгит-нәсиятлаў, ержеткен перзентлеримизди бақша жасынан баслап китапқа меҳир оятып тәрбиялаў, китап өнимлериниң мазмунына итибар бериў, оларды басып шығарыў сапасын жақсылаў, түрли мазмундағы китаплар менен толтырылған китап дүканларын көбейтиў, китаплар қорын және де байытыў көзде тутылған.

Президентимиз Ш.Мир­зиёев: «Китапсыз раўажланыўға, жоқары мәнаўиятқа ерисип болмайды. Китап оқымаған адамның да, миллеттиң де келешеги жоқ» деп атап өтти. Сол ушын да, жасларды ҳәр тәреплеме пикирлейтуғын, руўхый жетик, ҳәрқандай мәлимлемелерди ақыл менен таллай алатуғын бәркамал инсан етип тәрбиялаў бизлердиң тийкарғы ўазыйпамыз.

Қарақалпақстан Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети бас­қарыўы хызметкерлери тәрепинен ҳәр мектепке 200-300ден аслам китаплар тапсырылды. Оқыўшылар менен әдебият, мәнаўият, китап ҳаққында сәўбетлер алып барылды. Оқыўшылардың пикирлерине қулақ түрдик. Олар өз арзыў-мақсетлерин толып-тасып айтып, мектеп машқалаларын да ортаға таслады.

Мине Шоманай районының ең шеттеги аўылында жайлас­қан 84-санлы мектептиң 11-класс оқыўшысы Дүрдана Аманованың сөзи:

— Наўайы бабамыз туўылған күнлеринде мектепке келип бизлерге китап саўға еткенлериңизге қуўанышлымыз. Мектебимизде 500ден аслам әдебий китап бар, лекин китапхана жоқ. Жақсы спортшыларымыз бар, спорт майданшасы яки спорт залымыз жоқ. Бүгин Наўайы бабамызды ядқа алып, ҳаўа райы суўық болса да байрамды сыртта өткерип атырмыз. Себеби, илажды өткериў ушын мәнаўият залымыз да жоқ! Усы мәселелерди шешиўде жәрдем бересизлер деп үмит етемиз.

Биз Дүрдана қызымыздың гәпинен жүдә тәсирлендик, алыс­тағы мектепке келгенимиз туўры болыпты, деп ойладық. Өйткени, бул машқаланы шешиў жүдә зәрүр екенлигин билемиз.

Мойнақ районындағы 11-мектеп оқыўшысы Бегим Қулмуратов, Нөкис районы 11-класс оқыўшысы Нурлан Мақсетбаев, Қоңырат районындағы 6-мектептиң 11-класс оқыўшысы Умида Қуўатбаевалардың мүрәжатларында олардың илимге қуштарлығы, китапқа меҳри, дөретиўшиликке ҳәўеси, Президентимиздиң жасларға жаратып берип атырған имканиятларынан олардың билим алыўға умтылыслары күшли екенлиги, көзлериндеги исеним ҳәм мақсетли арзыўлары анық жанып турғанлығын көрип қуўандық.

Жуўмақлап айтқанда, республика Мәмлекетлик Қәўипсизлик хызмети басшылығы басламасы ҳәм шөлкемлестириўшилиги менен өткерилген бул мәдений-мәнаўий илажлар жасларымыз ядында узақ сақланып қалады.

Өйткени, Президентимиз Мүрәжатында: «Биз Өзбекстанды раўажланған мәмлекетке айландырыўды мақсет етип қойған екенбиз, оған тек жедел реформалар, илим-мәрипат ҳәм инновация менен ерисе аламыз. Бул ушын, ең әўеле, инициатор реформатор болып майданға шығатуғын, стратегиялық пикир жүргизетуғын, билимли ҳәм жетик жаңа әўлад кадрларын тәрбиялаўымыз зәрүр. Соның ушын да, бақшадан баслап жоқары оқыў орнына дейин билимлендириўдиң барлық буўынларын реформалаўды басладық.

Тек ғана жаслар емес, ал, пүткил жәмийетимиз ағзаларының билимин, интеллектуал дәрежесин асырыў ушын ең дәслеп илим-мәрипат, жоқары мәнаўият керек. Илим жоқ жерде қалақлық,  наданлық ҳәм әлбетте, туўры жолдан адасыў болады» деп атап өткени жасларымыздың бәркамал, Ўатанды сүйетуғын, дөретиўши, пидайы, жигерли болып жетисиўи ушын ғамқорлық ҳәм әмелий ислер көриниси болып табылады.

 

Г.АННАҚЛЫЧЕВА,

Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты ағзасы. 

Излеў

Көп оқылған мақалалар

Сыбайлас сайтлар

Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси ҳәм Министрлер Кеңесиниң газеталары.
Қарақалпақстан баспасөз ҳәм хабар агентлигинде 2007-жыл 7-февральда дизимге алынған. Гүўалық № 01-001
Developed by TUIT NF